Усындай илаж Қараөзек районында да шөлкемлестирилип, сейил шеңберинде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы, жаслардың дөретиўшилик потенциалын қоллап-қуўатлаў бағдарында болса “Реңли сүўрет” жойбары ҳәм мектеп оқыўшыларының қол мийнети ҳәм өнерментшилик көргизбелери шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ пуқаралардың машқалаларын тыңлаў ҳәм оларға әмелий жәрдем бериў мақсетинде көшпели суд ҳәм көшпели қабыллаўлар, халық ушын бийпул медициналық тексериў өткерилди.

Жаслардың билим ҳәм интеллектуаллық потенциалын сынақтан өткериў мақсетинде шөлкемлестирилген “Ең жақсы ҳуқықтаныўшы” таңлаўы болса илажға өзгеше көтериңки руўх бағышлады.

Әлбетте, бундай илажлар биринши гезекте жасларды ҳуқықый билимин арттырып, оларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға хызмет етеди.

Соның менен бирге, сейил даўамында “Теңлесиме ҳуқықый жәрдем,” “Мениң мәҳәллемде жынаят болмайды” ҳәм “Мәмлекетимиз келешеги – нызамға бойсынатуғын ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы жаслар менен” идеясы тийкарында да илажлар да өткерилди.

Илаж соңында белсене қатнасқан жаслар шөлкемлестириўшилер тәрепинен миннетдаршылық ҳәм естелик саўғалары менен хошаметленип, мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.