– Ислам цивилизациясы орайы жанында жумыс баслаған Каллиграфия мектеби бүгин жәмийетшилик ҳәм жасларды қай дәрежеде қызықтыра алады?

– Ислам цивилизациясы орайы тек ғана мәмлекетимиз емес, ал дүнья жәмийетшилигиниң итибарындағы үлкен мегажойбар. Оның жанында ашылған Каллиграфия мектеби болса ата-бабаларымыздан мийрас болып келген жазыў көркем өнерин қайта тиклеў, қәстерлеп сақлаў ҳәм жас әўладқа жеткериўге хызмет етпекте. Президентимиздиң атап өткениндей, каллиграфия көркем өнери жоғалып кетпеўи, ал раўажланыўы ҳәм кең жәмийетшиликке үйретилиўи шәрт. Мине, усы ийгиликли идея тийкарында усы мектептиң жумысы жолға қойылды.

Бүгин мектепке қызығыўшылық үлкен. Рәсмий жумыс баслағанына көп ўақыт болмаған болса да, дизимнен өткенлердиң саны әллеқашан мыңнан асты. Олардың арасында жаслар, орта жастағылар, сондай-ақ, жасы үлкенлер де бар. Бул каллиграфия өнерине қызығыўшылық жәмийеттиң ҳәр қыйлы қатламларын қамтып алғанын көрсетеди.

– Әййемги көркем өнерге тийкарланған мектеп қандай тарийхый мийрас ҳәм руўхый қәдириятларға сүйенеди?

– Елимизден жетисип шыққан уллы каллиграф ҳәм ойшыллар жәҳән мәдениятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан. Олар жаратқан қолжазба ҳәм жазыў үлгилери бүгин де өз әҳмийетин сақлап келмекте. Усы көзқарастан, каллиграфия көркем өнерин қайта тиклеў тек ғана мәдений баслама болып қалмастан, тарийхый яд ҳәм миллий өзликти аңлаў менен байланыслы әҳмийетли процесс болып табылады. Мектеп мине усы бай мийрасты қайта тиклеў ҳәм системалы түрде әўладларға жеткериўге хызмет етеди.

– Билимлендириў процеси қандай мазмун ҳәм методларга тийкарланады? Оның оқыўшылар өмирине тәсири ҳаққында нелер айтыў мүмкин?

— Әлбетте, мектептеги билимлендириў процеси дәстүрий ҳәм заманагөй қатнаслардың үйлесимлилигине тийкарланған. Бул жерде тек ғана хат жазыў техникасы емес, ал сулыў жазыў мәденияты, эстетикалық талғам ҳәм сабыр-тақат сыяқлы пазыйлетлер де қәлиплестириледи. Билимлендириўдиң бийпул екенлиги де кең жәмийетшилик ушын үлкен имканият болып есапланады. Түрли кәсип ийелери, әсиресе, алдын бул өнерди үйрениў имканиятына ийе болмағанлар бүгин бул сабақларда белсене қатнаспақта.

Айырым жағдайлар болса мектептиң терең руўхый тәсирин айқын көрсетеди. Мәселен, нураныйлардан бири узақ жыллық әрманын әмелге асырыў мақсетинде мектепке келип, үлкен толқынланыў менен билимлендириў процесине қосылды. Бундай мысаллар каллиграфия мектебиниң инсан өмиринде руўхый ояныў ҳәм руўхый қәнәәт дәреги болып атырғанын көрсетеди.

– Мектептиң халықаралық майдандағы орны ҳәм абырайы ҳаққында қандай пикирдесиз?

Мектептиң жумысы халықаралық көлемде де үлкен қызығыўшылық оятпақта. Ол халықаралық каллиграфия мектеби сыпатында тән алынып, оқыў процесин сырт елли қәнигелер де жоқары баҳалады. Әсиресе, халықаралық шөлкемлер тәрепинен қоллап-қуўатланыўы басламаның әҳмийетин және де арттырды. Бул болса Өзбекстанда мәдений мийрасты сақлаў ҳәм дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин көрсетеди.

Мектептиң ашылыў мәресиминде қатнасқан халықаралық экспертлер де мәмлекетимиз басшысының басламаларын жоқары баҳалады. Соның ишинде, Ислам тарийхы, мәденияты ҳәм көркем өнерин изертлеў орайы - IRCICA директоры Маҳмуд Эрол Қилич ислам каллиграфиясының жәҳән мәдениятындағы орны, жоқары эстетикалық ҳәм руўхый қәдирин айрықша атап өтти. Түркия қолжазбалар басқармасының директоры Жошқун Йилмаз болса Сулаймония китапханасында сақланып атырған сийрек ушырасатуғын қолжазбалар ҳаққында мағлыўмат берип, олардың үлкен бөлеги Өзбекстан тарийхы менен байланыслы екенин атап өтти. Уллы Британиядағы “Ал-Фурқон” Ислам мийрасы қорының директоры Сали Шаҳсуворий де темурийлер дәўирин ҳақыйқый интеллектуаллық ҳәм мәдений ояныў дәўири сыпатында баҳалады.

Жумысты буннан былай да раўажландырыў бойынша қандай перспективалы режелер нәзерде тутылған?

Келешекте жумыс көлемин және де кеңейтиў, заманагөй ҳәм инновациялық билимлендириў бағдарламаларын енгизиў режелестирилген. Атап айтқанда, онлайн билимлендириў платформаларын иске қосыў арқалы сырт елли оқыўшыларды тартыў мақсет етилген. Бул арқалы каллиграфия көркем өнерин тек ғана мәмлекетимизде емес, ал халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаў имканияты да және де артады.

– Қызығыўшы жасларға қандай мәсләҳәт бересиз?

– "Әмеллер нийетке байланыслы" деген ҳикметте терең мәни жәмленген: инсанның келешеги оның нийети, кәмалы болса әмеллери менен белгиленеди. Бүгин елимиздеги үлкен реформалар, руўхый ояныў ҳәм раўажланыў процесслери де мине усындай ийгиликли нийетлердиң жемиси екенин аңлаў қыйын емес.

Ата-бабаларымыз, әзиз әўлийелеримиз қалдырған бай руўхый мийрас, олардың арзыў-нийетлери ҳәм мийнетлери бүгинги абадан турмысымызға беккем тийкар жаратты. Соның ушын, ҳәр биримиз өз тараўымызда шын кеўилден мийнет етип, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўымыз зәрүр.

Дурдона РАСУЛОВА сәўбетлести.