Бул ҳаққында Өзбекстан футбол ассоциациясы хабар берди.
Ушырасыў 8-июнь күни Нью-Йорк қаласындағы «Icahn Stadium» стадионында болып өтеди. Ойын Ташкент ўақты менен саат 23:45 те басланыўы режелестирилген.
Фабио Каннаваро басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы жәҳән чемпионатына таярлық жумысларын даўам еттирмекте.
Буннан алдын өзбекстанлы футболшылар 1-июнь күни және бир қадағалаў ойынын - Канада сайланды командасына қарсы өткериўи ҳаққында хабар берилген еди.