Егер дүньяда инсанның мийнет искерлиги бир майданға тоқтап қалса, бул ҳәрекетсизлик аўыр ақыбетлерге, ҳәттеки адамзаттың жоқ болып кетиўине де алып келиўи мүмкин.

Буннан төмендеги жуўмаққа келемиз: егер мийнет инсан ушын ҳуқық, миннет, дәрамат дәреги болса, әлбетте, инсанның кәсип таңлаўы ҳәм мийнет искерлиги еркин болыўы керек.

Дүньяның ҳеш бир раўажланған мәмлекети конституциясында пуқаралардың мийнетине мүнәсибет бундай анық ҳәм мақсетли жазылмаған. Усы конституциялық талаплардан келип шығып, Мийнет кодексинде жеке тәртиптеги мийнетке байланыслы қатнасықларды ҳәм олар менен тиккелей байланыслы болған жәмийетлик қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыўдың тийкарғы принциплери белгиленген.

Пуқаралардың мийнет етиў еркинлиги мазмунына қарай, ең дәслеп, социаллық ҳуқық болып есапланады. Себеби тек еркин жәмийетте бар мийнет әмелде бул жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы ушын мийнетке қатнасықлардан келип шығатуғын бир қатар өз ара ҳуқық ҳәм миннетлердиң бирлигин жүзеге келтиреди. Бул ҳуқық ҳәм миннетлер социаллық характерге ийе, инсан оларды орынлаў ушын тек өз ҳүжданы ҳәм нызамлар, өзи ислеп атырған жәмәәт басшысы ҳәм жәмәәти алдында емес, ал жәмийет алдында да жуўапкер есапланады.

Мәмлекет ҳәр бир пуқараның мийнет процесинде өз ҳуқықларынан еркин пайдаланыў орталығын жаратады ҳәм ҳәр кимди басқа пуқараларға салыстырғанда миннетлемелерин орынлаўға ийтермелейди.

Мийнет инсан ушын басқаларға салыстырғанда ҳуқық ҳәм миннетлемелердиң тийкарғы дереги, мәмлекет бул ҳуқық ҳәм миннетлемелерди турақлы нызамлы күште сақлап турыўы шәрт. Сондай-ақ, олардың әмелде орынланыўын қатаң қадағалап барыў ҳуқықына ийе. Бул бағдарда жәмийетшилик, әсиресе, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы мийнет инспекциясының жумысы әҳмийетли роль атқарады.

Әмелде ҳеш ким мәмлекеттиң бул ҳуқықын бийкарламайды. Бирақ бул ҳуқықтың көлеми, мийнет еркинлиги кепиллик берилгени ҳәм мәмлекет ҳәм жәмийет жумысы қандай шегаралар шеңберинде әмел етиўи бойынша жәмийетимизде еле айрықша түсинбеўшиликлер бар.

Мәмлекеттиң мийнет процесине кең араласыўы мийнеттиң жанландырыўшы күши болған еркинлигиниң белгили дәрежеде шеклениўине алып келиўи мүмкин. Солай екен, тийисли шөлкемлер ортасында қол қойылған бас жәмийетлик келисим тийкарында ҳәрбир мийнет жәмәәти көлеминде кәрханада, мәкемеде, шөлкемде, фирмада мийнетти шөлкемлестириўде нызамлар бузылыўына жол қойылмаўы лазым. Мәмлекеттиң араласыўы инсанның мийнет ҳуқықы еркинлигин шеклесе, пуқаралардың мийнет ҳуқықынан пайдаланыўына тосқынлық етсе, бул белгили мәнисте инсанның ислеў ҳәм жасаў ҳуқықын бийкарлаў менен тең болып есапланады.

Дурыс, мәмлекет инсанды өз алдына қойған мақсетине ерисиўине тиккелей мәжбүрлей алмайды. Оған бул жолда зәрүр барлық шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм экономикалық шараятларды тәмийинлеп, жәрдем бериўи мүмкин. Сол себепли, ҳәзирги инновациялық экономикаға өтиў дәўиринде мәмлекеттиң ўазыйпасы инсанның физикалық ҳәм руўхый қүдирети менен потенциалын раўажландырыўда ушырасыўы мүмкин болған тосқынлықларды, атап айтқанда, ол өзи шеше алмаған тосықларды сапластырыўдан ибарат болыўы шәрт.

Әмелде бул тосықлар еки категорияға бөлинеди. Бириншиси, гейде басқарыў системасындағы жуўапкерлер компетенция дәрежеси жетиспеўи себепли қол астындағы хызметкер ҳәм жумысшылардың қәбилетин раўажландырыўға билмей тосқынлық етип қойыўы мүмкин. Бундай жағдайда кәсиплик аўқамлары мийнет инспекциялары араласып, айырым басшыларды хызметкерлердиң ҳуқықларын ҳүрмет етиўге ҳәм өз-ара қатнасықларда нызам талапларына әмел етиўге мәжбүр етиўи керек. Әдиллик қағыйдалары белгиленип, өз-ара ҳуқық ҳәм миннетлемелер анықланғаннан соң, мәмлекет оларды қорғаў илажларын да умытпаўы керек.

Екиншиден, тараў ҳәм кәрханаларда ҳуқықбузарлық ақыбетинде жеткерилиўи мүмкин болған зыян гейде соншелли арзымаған болады, мәмлекет ҳәм жәмийет ўәкиллери бул менен шуғылланыўды өз ўәкиллигине мүнәсип емес деп есаплайды. Жуўапкерлердиң пикиринше, ҳақыйқатында орынларда әдалатсыз ис-ҳәрекетлерден гөре, майда жөнсиз ҳәрекетлер көбирек ушырасады. Егер мәмлекет ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери нызамнан азғана болса да шетке шыққан бундай ис-ҳәрекетлерди итибар менен көрип шығыўға мәжбүр болса, олардың жумысы шегарадан шықпайды.

Айырым ўақытлары бул тосқынлықлар соншелли күшли болады, хызметкер өз күшине сүйенип қанша ҳәрекет қылса да, оларды жеңе алмайды. Нәтийжеде ол мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымларға мүрәжат етиўге мәжбүр болады, өзиниң раўажланыў имканиятына ўақты ҳәм нервлерин сарыплап, өзине өзи тосқынлық ете баслайды. Ақырында тосқынлық етип атырған күшлерди сапластырыўға жәмийетлик шөлкемлер емес, ал тек мәмлекеттиң араласыўы керек екенине исенип қалады. Әлбетте, бундай жағдайда мәмлекет шахсқа жәрдемге келеди.

Мәмлекеттиң бул миннетлемеси әдетте ҳәкимшилик араласыў, деп жүритиледи.

Өзбекстанда әмелдеги мийнет нызамшылығын және де терең раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў әмелдеги мийнет қатнасықлары ҳәм мийнет нызамшылығын реформалаўдың тийкарғы машқалаларын шешиўге қаратылған көзқарасларды белгилеў болып есапланады. Оларды улиўмаластырыў ҳәм анықластырыў дәрежеси социаллық, сиясий ҳәм ҳуқиқий дәрежелерде түрлише көринеди.

Социаллық дәрежеде ҳәр қыйлы социаллық топарлардың мийнет нызамшылығы ҳәм оны және де раўажландырыўдан улыўма мәпдарлығын билдиретуғын тийкарғы қағыйдалар стратегиялық әҳмийетке ийе талаплардан ибарат. Сиясий дәрежедеги бундай машқалалар:

- мийнет нызамшылығын реформалаў себеплери, мийнет қатнасықларындағы тарийхый мийрас ҳәм олардың ҳәзирги жағдайын сиясий баҳалаў;

- мийнет қатнасықларын реформалаўдың мақсетлери, ўазыйпалары ҳәм тийкарғы бағдарлары, келешектеги мийнет нызамшылығының мазмуны ҳәм оны әмелге асырыў механизмин белгилеў;

- сырт ел ҳуқықый системалары, халықаралық тәжирийбе ҳәм үлги ҳуқықый ҳүжжетлерден кеңнен пайдаланыў; мийнет нызамшылығын реформалаўдағы түпкиликли өзгерислер дәрежесин терең үйренип, аналитикалық анықлық киргизиў;

- жәмийетте мийнет тараўындағы социаллық бирге ислесиў келисимлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў;

- инновациялық шараятларда да нәтийжели мийнет етпекши болған шахс ушын мийнет нызамшылығын және де жетилистириў мақсетинде турақлы өзгерислерди енгизиў механизмин жаратыўдан ибарат.

Жоқарыдағы бағдарлар бойынша мийнет нызамшылығы экономикалық ҳәм социаллық сиясатты өз-ара бирге ислесиў тийкарында күшейтиў, кең көлемли ҳәм турақлы раўажланыў ушын шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм экономикалық шараят жаратыўға жәрдемлесиўи зәрүр.

Ҳәзирги дәўирде мәмлекеттиң мийнет қатнасықларына араласыўының тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат болыўы лазым:

- мийнет тараўына тән, илимий тийкарланған мүнәсип мәмлекетлик стандартларды ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў;

- барлық басқарыў системаларындағы мийнет қатнасықларында нызамға әмел етилиўин қадағалаў ҳәм шөлкемлестирилетуғын тексериўлердиң бирден-бир мәмлекетлик тәртиплерин ислеп шығыў;

- жәмийетимизде әмелдеги мийнет қатнасықлары тәреплери ҳәм олардың ўәкиллери, егер бас келисимлер менен қамтып алынбаған болса, әмел етиўи шәрт болған нормалар, механизм ҳәм тәртип-қағыйдаларды белгилеў.

Усы мүнәсибет пенен мийнет тараўындағы мәмлекеттиң толық ўәкиллигине төмендегилер киргизилиўи лазым:

- мийнет қатнасықларын белгилейтуғын тийкарғы тәртип ҳәм принциплерди белгилеў;

- мийнет процесинде ҳуқықый қатнасықлардағы субъектлердиң тийкарғы ҳуқық ҳәм миннетлемелериниң орынланыў жағдайын бақлаў;

- мийнеттиң мүнәсип шараятлары бойынша тийкарғы кепилликлер ҳәм нормаларды белгилеў;

- мийнет нызамшылығын бузған жуўапкер шахсларды материаллық, ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке тартыў талапларын кеңнен үгит-нәсиятлаў;

- кәсиплик аўқамларының мийнет қатнасықлары тараўындағы ҳуқықларын жетилистириў.

***

Мийнет экономикасы пәниндеги илимий анықлама бойынша мийнет бул ҳәр бир инсанның саналы ҳәм мақсетли түрде материаллық ҳәм мәдений байлықлар жаратыўға қаратылған хызмети. Инсан мийнетти талапларына бейимлестирип, тек турмыслық зәрүрликлери емес, ал жәмийеттиң раўажланыўы ушын шараят жаратады. Солай екен, ҳәр бир басшы жәмәәт ағзаларының нәтийжели мийнетин шөлкемлестириў процесинде, бәринен бурын, жәмәәт алдында турған стратегиялық ҳәм оператив басқарыў усылларын билиўи ҳәм оларды анық мәнзилли шөлкемлестириўи шәрт.

Буның ушын, бириншиден, жәмәәт мийнетин шөлкемлестириўде усы кәрхана басшысы ҳәм орынбасарларының анық лаўазым ўазыйпалары, жуўапкершилиги ҳәм атқарыў тәртибине жуўапкершилиги белгилениўи керек. Екиншиден, кәрханадағы ҳәр бир басқарыў буўыны - бөлим баслығы, цех баслығы, бригадирлер лаўазым ўазыйпалары, жуўапкершилик талаплары басшылар тәрепинен анық белгиленип, жазба түрде тастыйықланған болыўы керек.

Жумысшылардың бир-бири менен горизонталь (бир мийнет процесинде бирге ислесиў қатнасы) ҳәм вертикал (басшы ҳәм бойсыныўшы ортасындағы қатнасықлар) бағдарларда өндиристеги өз ара байланысы мийнет искерлигиниң шөлкемлестириўшилик-экономикалық тәрепин белгилейди. Бул мийнет бөлистирилиўи ҳәм кооперациясы дәрежесине, мийнетти шөлкемлестириў формасына жеке тәртипте ямаса жәмәәтлик, ислеўшилер санына, кәрхана яки мәкемениң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасына байланыслы болады.

Жоқарыдағылардан келип шығып, ўатанласларымыздың пидәкерлик мийнети раўажланыўдың тийкарғы факторы сыпатында кескин өсип атыр, деген жуўмаққа келиў мүмкин. Инновациялық шараяттағы мийнет процесинде пуқаралардың билим ҳәм маманлық дәрежеси артқан сайын олардың түсиник ҳәм көзқарас шеңбери кеңеймекте. Мәмлекет ҳәм жәмиет алдындағы миннети ҳәм анық ўазыйпалары жаңа талапларға муўапық өзгере баслады.

Жаңа инновациялық шараятта жәмиетимизде "мийнет" түсиниги тек экономикалық, демографиялық ҳәм технологиялық емес, ал ҳуқықый ҳәм социологиялық категория болып, жәмийетти ҳәм оның айырым ағзаларын тәрийиплеўде шешиўши әҳмийетке ийе болып бармақта.

Баҳадыр УМУРЗОҚОВ,

экономика илимлериниң докторы,

профессор