Жәҳән экономикасында терең структуралық өзгерислер болып атырған ҳәзирги шараятта Петербург халықаралық экономикалық форумы тек ғана исбилерменлик қарым-қатнасы майданы емес, ал саўда, инвестициялар, санаат кооперациясы, санластырыў, кадрлар таярлаў ҳәм инсан капиталын раўажландырыў тараўларында әмелий шешимлер ислеп шығылатуғын әҳмийетли платформа болып есапланады.

Форумның "Прагматикалық сөйлесиў - турақлы келешекке қарай жол" сүрени астында өткени де рәмзий мәниге ийе. Бул идея жаңа Өзбекстанның сыртқы экономикалық сиясаты мазмунына толық сәйкес келеди. Прагматикалық сөйлесиў декларациялық баянатларды емес, ал исеним, өз-ара мәпдарлық ҳәм әмелий нәтийжеге тийкарланған анық шешимлерди аңлатады. Бүгин Өзбекстанның Россия ҳәм басқа да стратегиялық шериклер менен қатнасықларын мине усындай көзқарас белгилеп бермекте.

Мәмлекетимиз жетекшиси заманагөй дүнья терең қайта қурыў дәўирине киргенин атап өтти. Ҳақыйқатында да, транспорт коридорлары өзгермекте, жаңа өндирис шынжырлары қәлиплеспекте, санлы платформалар, жасалма интеллект, логистика, энергетика қәўипсизлиги ҳәм технологиялық суверенитеттиң әҳмийети артып бармақта. Бәсеки барған сайын технологиялар, инженерлик шешимлер, маман кадрлар ҳәм мийнет өнимдарлығы тараўына көшпекте. Демек, экономика келешегин инсан капиталының сапасы, илим дәрежеси, инновациялар ҳәм профессионал таярлық белгилейди.

Өзбекстан ушын Петербург халықаралық экономикалық форумында қатнасыў айрықша әҳмийетке ийе. Себеби мәмлекет турақлы экономикалық динамиканы көрсетпекте. Дәслепки мағлыўматларға бола, 2025-жылы Өзбекстан Республикасының жалпы ишки өними 1 849,7 триллион сумды қурады ҳәм 2024-жылға салыстырғанда 7,7 процентке өсти. Сыртқы саўда айланысы 81,2 миллиард АҚШ долларына жетип, 20,7 процентке артты. Экспорт көлеми 33,8 миллиард доллар, импорт болса 47,4 миллиард долларды қурады. Бул көрсеткишлер экономиканың ашық-айдынлығы артып атырғаны ҳәм Өзбекстанның регионаллық және халықаралық экономикалық мәкандағы роли беккемленип атырғанын сәўлелендиреди.

Россия Өзбекстанның тийкарғы саўда-экономикалық шериклеринен бири болып қалмақта. 2025-жылдың жуўмақларына бола, еки мәмлекет арасындағы сыртқы саўда айланысы дерлик 13 миллиард АҚШ долларына жетти ҳәм 8,5 процентке өсти. Өзбекстанның Россияға экспорты шама менен 4,3 миллиард долларды қурап, дерлик 20 процентке артты, Россиядан импорт болса 8,6 миллиард доллардан артты. Бирақ бирге ислесиўдиң жаңа басқышы әпиўайы саўдадан санаат кооперациясы, өндиристи локализациялаў, технологиялық шериклик ҳәм кадрларды биргеликте таярлаў сыяқлы қурамалырақ формаларға өтиўди талап етпекте.

Усы көзқарастан, Президентимиздиң "Евроазия технологиялық индустриалластырыў белбеўи"н қәлиплестириў басламасы айрықша әҳмийетке ийе. Гәп заманагөй санлы платформа арқалы өз-ара байланысқан өндирис ҳәм технологиялық кластерлерди жаратыў ҳаққында бармақта. Бундай модель товар алмасыўдан биргеликте жойбарластырыў, технологияларды енгизиў, инженерлик хызметлерин раўажландырыў, қосымша қун жаратыў ҳәм миллий экономикалардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў басқышына өтиў имканиятын береди.

Өзбекстан ушын бул мәселе, әсиресе, әҳмийетли. Себеби мәмлекетимиз сапа жағынан жаңа индустриаллық жаңаланыў басқышына кирмекте. Бүгин тек ғана жумыс орынларын ашыў емес, ал олардың өнимдарлығын, дәраматлылығын, рәсмийлигин ҳәм технологиялық дәрежесин тәмийинлеў де әҳмийетли. Нәтийжели жумыс пенен бәнтлик инсанға турақлы дәрамат, социаллық қорғаў, кәсиплик өсиў ҳәм экономиканың раўажланыўына реал үлес қосыў имканиятын бериўи керек. Сонлықтан, инвестициялық ҳәм санаат жойбарларын тек ғана киргизилип атырған инвестиция көлеми емес, ал жаратылатуғын маман жумыс орынларының саны ҳәм олардың инсан капиталына тәсири көзқарасынан да баҳалаў мақсетке муўапық.

Инженерлик, техникалық ҳәм басқарыў кадрларын таярлаў айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Заманагөй санаат кооперациясы жоқары технологиялар, санлы системалар, автоматластырыў, энергетика үскенелери ҳәм алдынғы өндирис процесслери менен ислей алатуғын қәнигелерсиз раўажлана алмайды. Усы жағынан Россия Федерациясы Президентиниң ири технологиялық ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын маман кадрлар таярлаў, илимий ҳәм билимлендириў мектеплерин раўажландырыў зәрүрлиги ҳаққындағы позициясы айрықша әҳмийетке ийе.

Бүгин жоқары технологиялық энергетика ҳәм инженерлик таярлығы менен байланыслы бағдарларда Россия жоқары билимлендириў мәкемелеринде Өзбекстанның дерлик 400 пуқарасы билим алмақта, және 300 ден аслам студент Ташкент қаласындағы "МИФИ" Миллий изертлеў ядро университети филиалында билим алмақта. Бул жағдай гәп тек ғана технологиялық бирге ислесиў ҳаққында емес, ал Өзбекстан ушын жаңа инженерлик мектебин қәлиплестириў ҳаққында барып атырғанын көрсетеди.

Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде инсан капиталын раўажландырыў мәселеси айрықша орын ийеледи. Бул тәбийий жағдай. Себеби Өзбекстан үлкен демографиялық потенциалға ийе. 2026-жыл 1-январь жағдайына бола, мәмлекеттиң турақлы халқы 38 миллион 236 мыңнан асты. Халықтың орташа жасы болса 29,5 жасты қурады. Бул үлкен үстинлик. Ол пуқта ойланған билимлендириў ҳәм кадрлар сиясатын жүргизиўди талап етеди. Жас халық мәмлекеттиң интеллектуаллық, профессионал ҳәм өнимдарлық потенциалына айландырылыўы зәрүр.

Усы көзқарастан, Өзбекстан ҳәм Россия арасында билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли бағдарлардан бири. 2024/2025-оқыў жылы басында Өзбекстан жоқары билимлендириў шөлкемлеринде 1 миллион 432 мың 810 студент билим алған. Мәмлекетте 222 жоқары билимлендириў мәкемеси, соның ишинде, 30 сырт ел жоқары билимлендириў мәкемеси жумыс алып барған. Россия университетлери бул системада әҳмийетли орын ийелейди. Себеби олар инженерлик, экономика, техника, медицина, педагогика, энергетика ҳәм басқарыў бағдарлары бойынша қәнигелер таярламақта.

Бул системада Г.В.Плеханов атындағы Россия экономика университетиниң Ташкент филиалы айрықша орын ийелейди. Ол Өзбекстан ҳәм Россия жоқары билимлендириўи арасындағы дәслепки ҳәм ең әҳмийетли билимлендириў көпирлеринен бири. Сондай-ақ, Россия жоқары билимлендириў мәкемесиниң мәмлекетимизде ашылған биринши ўәкилханасы. 1995-жылы шөлкемлестирилген филиал 2025-жылы өзиниң 30 жыллығын жаңа илимий-билимлендириў жетискенликлери менен мүнәсип белгиледи ҳәм экономистлер, финансистлер, басқарыўшылар, мийнет базары, социаллық-мийнет қатнасықлары ҳәм инсан капиталы тараўындағы қәнигелерди таярлайтуғын абырайлы орай сыпатындағы статусын және де беккемледи.

Өткен үш он жыллық даўамында Г.В.Плеханов атындағы Россия экономика университетиниң Ташкент филиалы мыңлаған питкериўшилерди таярлады. Олар банк системасы, мәмлекетлик басқарыў уйымлары, исбилерменлик секторы, жоқары билимлендириў, илимий мәкемелер, халықаралық шөлкемлер ҳәм ири миллий кәрханаларда табыслы жумыс алып бармақта.

Инсан капиталын раўажландырыў бойынша биргеликтеги онлайн-платформа жаратыў басламасы да айрықша итибарға ылайық. Бундай платформа билимлендириў, профессионал таярлық ҳәм мийнет базарын өз-ара байланыстырыўы мүмкин. Ол билимлендириў бағдарламалары, тил курслары, IТ бағдарлары, инженерлик модуллери, қайта таярлаў, жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм жумыс бериўшилерге тиккелей шығыў имканиятларын қамтып алыўы мақсетке муўапық. Өзбекстан ушын бул жүдә әҳмийетли. Себеби шетки аймақлардағы жаслар үлкен қалаларға жедел көшип өтпестен-ақ заманагөй билим ҳәм көнликпелерди ийелеў имканиятына ийе болады.

Форумда белгилеп берилген әҳмийетли бағдарлардан және бири санластырыў болып табылады. Бүгин санлы платформалар экономиканың жаңа инфраструктурасына айланбақта. XXI әсир инфраструктурасына тек жоллар, электр тармақлары ҳәм транспорт узеллери емес, ал электрон саўда, маркетплейслер, төлем хызметлери, санлы логистика, онлайн билимлендириў, жасалма интеллект ҳәм бәнтликтиң санлы профиллери де киреди. Бул қураллар жаңа жумыс орынларын ашыў, экспорт имканиятларын кеңейтиў ҳәм киши бизнестиң сыртқы базарларға шығыўына жәрдемлеседи.

Өзбекстанда көп ўақыттан берли көрсеткишлердиң өсиўи бақланбақта. 2026-жыл январь-март айларында IТ парк қатнасыўшылары хызметиниң экспорты 191,8 миллион АҚШ долларын қурады. Бул 2025-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 38,5 миллион доллар көп. IТ парк қатнасыўшылары тәрепинен көрсетилген базар хызметлериниң көлеми 9,4 триллион сумға жетип, 2,8 триллион сумға артты. Бул мағлыўматлар санлы экономика экспорт, бәнтлик, инвестициялар ҳәм инсан капиталының өсиўиниң бийғәрез дәрегине айланып баратырғанын көрсетеди.

Өзбекстан ҳәм Россияның биргеликтеги санлы экосистемасын қәлиплестириў ҳаққындағы усыныс әҳмийетли әмелий мазмунға ийе. Бундай экосистема санлы саўданы раўажландырыў, миллий брендлерди алға қойыў, жасалма интеллекттен пайдаланыў, қала сервислерин жаратыў ҳәм бәнтликтиң жаңа механизмлерин қәлиплестириўге хызмет етиўи мүмкин.

Петербург халықаралық экономикалық форумы заманагөй экономикалық бирге ислесиў барған сайын көбирек илимлераралық характерге ийе болып атырғанын көрсетти. Экономика илимнен, билимлендириў өндиристен, инвестициялар болса кадрлар таярлаўдан бөлек раўажлана алмайды. Соның ушын Өзбекстан Президентиниң Санкт-Петербургқа сапарының илимий-ағартыўшылық әҳмийети үлкен. Ол университетлер индустриал раўажланыў қатнасыўшысына айланатуғын, илимий изертлеўлер әмелий мазмунға ийе болатуғын, кадрлар таярлаў болса экономиканың реал талаплары тийкарында шөлкемлестирилетуғын бирге ислесиў модели зәрүрлигин белгилеп берди.

Ҳәр еки мәмлекеттиң жоқары билимлендириў мәкемелери ушын жаңа имканиятлар ашылмақта. Олардың қатарына қоспа билимлендириў бағдарламалары, академиялық мобиллик, еки дипломлы билимлендириў, изертлеў лабораториялары, инженерлик мектеплери, студентлердиң кәрханаларда әмелият өтеўи, профессор-оқытыўшыларды таярлаў ҳәм халықаралық илимий жойбарларда қатнасыў киреди. Әсиресе, жасалма интеллект, мийнет экономикасы, энергетика, финанслық технологиялар, санаат инженерлиги, логистика, агротехнологиялар, демография ҳәм инсан капиталын басқарыў бағдарлары перспективалы есапланады.

Аймақлараралық бирге ислесиў де айрықша әҳмийетке ийе. Өзбекстан ушын бул ўәлаятлардың Россия регионлары менен санаат, аўыл хожалығы, туризм, билимлендириў, медицина, қурылыс, тоқымашылық санааты ҳәм хызметлер тараўында тиккелей байланысларын раўажландырыў имканиятын береди. Бундай байланыслар орынларда жаңадан-жаңа жумыс орынларын ашыў, халықтың дәраматын арттырыў ҳәм аймақлық айырмашылықларды қысқартыў ушын әҳмийетли.

Сапардың мәдений-гуманитарлық тәрепи де итибарға ылайық. Санкт-Петербург ҳәм Өзбекстанды тек ғана экономика емес, ал тарийх, мәденият, илим, естелик ҳәм инсанлардың тәғдири де байланыстырып турады. Аўыр сынақлы жылларда Ташкент эвакуацияланғанлар, илим ҳәм мәденият ўәкиллери, ҳаял-қызлар ҳәм балалар ушын мийрим-шәпәәт ҳәм қоллап-қуўатлаў қаласына айланған. Мине, усы тарийхый естелик бүгинги қатнасықлар ушын руўхый тийкар болып хызмет етеди.

"Самарқандтан Петербургқа шекем" креатив-туристлик коридорын раўажландырыў ҳаққындағы усыныс та үлкен әҳмийетке ийе. Бүгин туризм тек ғана хызметлер тараўы емес, ал халық дипломатиясы, мәдениятты үгит-нәсиятлаў, киши бизнести раўажландырыў ҳәм жумыс орынларын ашыў формасы болып есапланады. Өзбекстан ушын Россия менен туризм байланысларын кеңейтиў аймақларда бәнтликтиң өсиўи, мийманхана бизнеси, транспорт, өнерментшилик, улыўма аўқатланыў, экскурсия хызметлери ҳәм креатив экономиканың раўажланыўын аңлатады.

Солай етип, Президентимиздиң Петербург халықаралық экономикалық форумына сапары Өзбекстан - Россия бирге ислесиўи және де жетик басқышқа киргенин көрсетти. Енди биринши орынға тек ғана саўда көрсеткишлери емес, ал экономикалық бирге ислесиўдиң сапасы - технологиялық альянслар, санаат кооперациясы, санлы интеграция, инженерлик билимлендириў, кадрлар таярлаў ҳәм пуқаралар ушын әмелий пайда шығып атыр.

Заманагөй экономика үш әҳмийетли тийкар - исеним, технология ҳәм инсан үнлеслигин талап етеди. Исеним шериклик ушын беккем тийкар жаратады, технологиялар өсиўдиң жаңа имканиятларын ашады. Инсан болса бул имканиятларды реал нәтийжеге айландырады. Сонлықтан, инсан капиталын раўажландырыў, маман кадрлар таярлаў, илим ҳәм билимлендириўди беккемлеў Петербург халықаралық экономикалық форумында белгилеп берилген келисим ҳәм басламаларды әмелге асырыўдың орайлық бағдарына айланыўы керек.

Әнжуман мәмлекетлер ашық сөйлесиўге таяр, экономикалық мәплер гуманитарлық қәдириятлар менен үнлес, инвестициялар кадрлар таярлаў менен бирге алып барылатуғын, технологиялық раўажланыў инсан мәплерине хызмет ететуғын жерде келешек жаратылатуғынын және бир мәрте көрсетти. Президентимиздиң Санкт-Петербургқа сапарының стратегиялық әҳмийети де әне сонда: бул әмелий сапар Өзбекстан - Россия шериклигин беккемледи. Турақлы, избе-из ҳәм мүнәсип келешек жолындағы бирге ислесиўдиң жаңа шеклерин белгилеп берди.

Қаландар АБДУРАҲМОНОВ,

Г.В.Плеханов атындағы Россия экономика

университетиниң Ташкент филиалы директоры,

академик