Мәмлекетимиз басшысы миллий сайланды командамыздың АҚШ, Мексика ҳәм Канада майданларында болып өтетуғын жәҳән чемпионатына шыққаны халқымыз ушын тарийхый ўақыя болғанын атап өтти.

 

Өзбекстан футбол ықласбентлери бул күнди 34 жылдан берли күткен еди. Миллий сайланды команда ағзалары ҳәр бир ойында жоқары жуўапкершилик, ўатансүйиўшилик, жеңиске исеним сезими менен майданға шығып, елимиз футболы тарийхында жаңа бет ашты.

 

Президентимиз оларды тәрбиялап камалға келтирген ата-аналары, устазлары ҳәм тренерлерине миннетдаршылық билдирди.

 

- Футболшыларымызды ҳақылы түрде Өзбекстан тарийхында жаңа бет ашқан заманымыз қаҳарманлары, деп атаў мүмкин. Олар халқымызға үлкен қуўаныш бағышлады, - деди мәмлекетимиз басшысы.

 

Ушырасыўда миллий сайланды командамыздың табысы тек ғана спорт тараўында емес, ал пүткил жәмийетлик турмыста үлкен көтериңкилик пайда еткени атап өтилди. Бүгинги күнде футболшылар жасларға үлги болды, спортқа қызығыўшылық және де артты, әдебият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, исбилерменлер, кең жәмийетшилик бул тарийхый нәтийжеден руўхланбақта.

 

Кейинги жыллары елимизде спортты, соның ишинде, футболды раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Аймақларда 200 ден аслам ири спорт объектлери, 4 мыңға шамалас жеке меншик спорт клублары жумыс баслады. 1 мың 500 ден аслам мәҳәлледе спорт майданшалары қурылды. Пайтахтымызда заманагөй Олимпиада қалашасы қурылды, Жоқары Шыршық районында Миллий футбол орайы жумыс баслады. Ҳәр бир ўәлаятта профессионал футбол академиялары ҳәм футбол мектеплери шөлкемлестирилген.

 

Бул жумыслардың нәтийжесинде футбол ықласбентлериниң саны 5 миллионға жетти. Футбол менен турақлы шуғылланыўшылардың саны 1 миллион 300 мыңнан, профессионал футболшылардың саны болса 17 мыңға жетти.

 

Мәмлекетимиз басшысы футболда ашық-айдын система жаратылғаны, коррупция, ағайин-туўысқанлық сыяқлы иллетлер сапластырылғаны талантлы жасларға үлкен спортқа кириў имканиятын жаратқанын атап өтти.

 

Ушырасыўда футболды мәҳәлле дәрежесинде кеңнен раўажландырыў, жасларды саламат турмыс тәризине, тәртип-интизам ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мектебине айландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

 

Усы мақсетте "Ҳәр бир мәҳәлле - футбол майданы" бағдарламасын жолға қойыўға қарар етилди. Бул баслама улыўма миллий ҳәрекет статусына ийе болады.

 

Бағдарлама шеңберинде "Мәҳәлле лигасы" шөлкемлестирилип, онда 12-17 жастағы ул-қызлар арасында мәҳәлле футбол командалары қәлиплестириледи. Ҳәр жылы ҳәўескер футболшылар арасында мәҳәлле, район, ўәлаят ҳәм республика басқышларында жарыслар өткериледи.

 

Атап өтилгениндей, "Мәҳәлле лигасы" профессионал клублар ушын ең қәбилетли футболшыларды таңлап алыўда әҳмийетли база болады. Ҳәр бир балаға өз мәҳәллесинде футбол менен шуғылланыў, жарысларда қатнасып, қәбилетин жүзеге шығарыў имканияты жаратылады.

 

Ушырасыўда миллий сайланды командамыз бас тренери Фабио Каннаваро басшылығындағы тренерлер штабының жумысы да айрықша атап өтилди.

 

Мәмлекетимиз басшысы Фабио Каннавароны жәҳән футболында үлкен тәжирийбеге ийе қәниге сыпатында атап өтти. 2006-жылы Италия сайланды командасы капитаны сыпатында жәҳән чемпионы, сол жылы жәҳәнниң ең жақсы футболшысы, "Алтын топ" сыйлығы ийеси болды.

 

Атап өтилгениндей, тренерлер штабы тәрепинен футболшылардың физикалық таярлығы, тәртиби, тактикасы ҳәм ҳәр бир детальға жуўапкершилик пенен қатнас жасаў бойынша жаңа талаплар енгизилмекте. Командалық ойында заманагөй футбол элементлери: дурыс позиция таңлаў, жоқары прессинг, топты қадағалаў, тез қарсы ҳүжимлердиң рольи күшеймекте.

 

Президентимиз Фабио Каннавароны тренер сыпатында биринши мәрте мундиалда қатнасып атырғаны менен қутлықлап, тренерлер штабына табыслар тиледи.

 

Мәмлекетимиз басшысы жәҳән чемпионатында аңсат ойынлар болмайтуғынын, миллий сайланды командамыз Португалия, Колумбия ҳәм Конго командалары менен ушырасатуғынын атап өтти. Соның менен бирге, футболшыларымыз тарийхқа кирип болғаны, енди оларға басым түспей, пүткиллей пидайылық пенен әҳмийетли ойынларда Ўатанымыздың абырайын мүнәсип қорғаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

 

Жәҳән чемпионатының ойынлары даўамында стадиондағы командамызды фан-клублар, мыңлаған ықласбентлер ҳәм Америкада жасап атырған жерлеслеримиз қоллап-қуўатлайды.

 

- Халқымыз сизлерге, Президентимиз сизлерге исенеди. Майданға батырлық пенен шығып, шын жүректен ойнаң, Ўатанымыздың абырайын мүнәсип қорғаң, - деди мәмлекетимиз басшысы.

 

Ушырасыў қызғын ҳәм шын кеўилден өтти. Миллий сайланды командамызға жәҳән чемпионатында мүнәсип қатнасыў, жаңа жеңислер ҳәм әўметлер тиледи.