Ҳәзир жоқары билимлендириў системасында "5Т" сөзи көп қолланылмақта. Бул нени анлатады?

Президентимиздиң 2026-жыл 10-апрельдеги "Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар системасын жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳаққында"ғы пәрманында қолланылған бул сөзге жоқары билимлендириў тараўындағы реформалардың сапа жағынан жаңа басқышын баслап бериўши фактор сыпатында қаралмақта. Себеби ол "5Т - билимлендириў, тәрбия, изертлеў, коммерцияластырыў ҳәм системалы жетилистириў" модели тийкарында раўажландырыўды стратегиялық тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп, жоқары билимлендириў шөлкемлериниң жумысына жаңа концептуаллық қатнасты енгизди. Бул модельдиң тийкарғы мәниси жоқары билимлендириў системасын тек ғана оқыў процеси шеңберинде емес, ал шахстың жетиклиги, илимий потенциал, экономикалық нәтийжелилик ҳәм басқарыўдың комплексли интеграциясы тийкарында раўажландырыўдан ибарат. Бул қатнас университетлерди классикалық билимлендириў мәкемесинен кеңирек - илим, инновация, экономика ҳәм жәмийеттиң интеграциясын тәмийинлейтуғын көп функциялы стратегиялық институтқа айландырыўды нәзерде тутады. Нәтийжеде жоқары билимлендириў шөлкемлери билимлендириўден тысқары жаңа билимлер жаратыўшы, социаллық қәдириятларды қәлиплестириўши ҳәм экономикалық раўажланыўға тиккелей тәсир көрсетиўши субъект сыпатында қәлиплеседи.

"5Т" модели жоқары билимлендириў шөлкемлерин раўажландырыўдың универсал институционаллық механизми болып, ол билимлендириў сапасы, тәрбиялық нәтийжелилик, илимий жумыс, инновациялық экономика ҳәм басқарыў системасын бирден-бир стратегиялық платформаға бирлестиреди. Бул болса, өз гезегинде, жоқары билимлендириў шөлкемлериниң академиялық еркинлиги, шөлкемлестириўшилик нәтийжелилиги ҳәм финанслық турақлылығын күшейтиўге хызмет етеди. Бул модельдиң концептуал үстинлиги сонда, онда жоқары билимлендириўдиң сапасы көп факторлы система сыпатында талқыланады. Нәтийжелилик илимий өнимдарлық, инновациялық белсендилик, руўхый-тәрбиялық нәтийжелилик ҳәм басқарыў сапасы менен де белгиленеди.

Бул модельдиң биринши ҳәм фундаментал компоненти болған билимлендириў (билимлендириўдиң сапасы ҳәм академиялық раўажланыў) жоқары билимлендириў шөлкемлери жумысының тийкарғы негизин қурайды. Билимлендириў заманагөй жәмийетте инсан капиталын қәлиплестириўши, экономикалық раўажланыўдың интеллектуаллық базасын жаратыўшы ҳәм социаллық модернизацияны тәмийинлеўши тийкарғы фактор сыпатында тән алынады. Илимий көзқарастан, билимлендириў процеси шахстың кәсиплик компетенциялары, аналитикалық пикирлеўи, креативлик потенциалы ҳәм бейимлесиўшеңлигин раўажландырыўға қаратылған көп басқышлы система есапланады. Усы мәнисте жоқары билимлендириў шөлкемлеринде сапалы билимлендириўди тәмийинлеў оқыў бағдарламаларының халықаралық стандартларға сәйкеслиги, кредит-модул системасының нәтийжелилиги, академиялық мобиллик, дуал билимлендириў, аралықтан билимлендириў технологиялары, индивидуал билимлендириў траекториясы ҳәм нәтийжеге бағдарланған баҳалаў механизмлерин енгизиў менен тиккелей байланыслы. Заманагөй педагогика көзқарасынан, “student-centered education”, яғный студентке бағдарланған билимлендириў модели "5Т"ниң билимлендириў компоненти орайында турады. Бунда студентлерге пассив билим алыўшы емес, ал билим жаратыў процесиниң актив субъекти сыпатында қаралады. Нәтийжеде жоқары билимлендириўдиң сапасы теориялық билимнен әмелий компетенцияға, стандарт оқытыўдан индивидуал раўажланыўға трансформацияланады.

Тәрбия жоқары билимлендириў системасының руўхый, әдеп-икрамлылық ҳәм социаллық бағдарын белгилейди. Тәрбия түсиниги илимий-педагогикалық жақтан шахстың социалласыўы, руўхый жетиклиги, қәдириятлар системасы ҳәм пуқаралық позициясын қәлиплестириў процеси сыпатында талқыланады. Заманагөй глобалласыў шараятында жоқары билимлендириў мәкемелери алдында тек ғана маман қәниге емес, ал жоқары мәнаўиятлы, еркин пикирлейтуғын, ўатансүйиўши ҳәм социаллық жуўапкер шахсты қәлиплестириў ўазыйпасы турады. Сонлықтан, "тәрбия" компоненти студентлерде миллий өзликти аңлаў, тарийхый яд, ҳуқықый мәденият, коррупцияға қарсы иммунитет, идеологиялық турақлылық ҳәм глобал пуқаралық компетенцияларын раўажландырыўды нәзерде тутады. Тәрбия процесиниң институционаллық тийкарда жолға қойылыўы болса университетлерди руўхый-интеллектуаллық мәканға айландырады.

Заманагөй университет модели илимий изертлеўлерсиз толық раўажлана алмайды. Себеби илим жоқары билимлендириў сапасының ең әҳмийетли индикаторларынан бири болып есапланады. Изертлеў профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң илимий белсендилигин арттырыў, фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлерди раўажландырыў, илимий лабораториялар шөлкемлестириў, халықаралық грантлар тартыў, докторантура системасын күшейтиў, илимий кластерлер жаратыў және университет-илим-өндирис интеграциясын тәмийинлеў арқалы әмелге асырылады. Дүнья тәжирийбесинде бул университетлердиң халықаралық рейтинглердеги орнын белгилейтуғын тийкарғы өлшемлерден бири болып есапланады. Усы көзқарастан, пәрманда илимий кластерлер ҳәм инновациялық орайлар шөлкемлестириўге айрықша итибар берилиўи Өзбекстан жоқары билимлендириў системасын илимге тийкарланған раўажланыў моделине өткериўден дәрек береди. Изертлеў жумысының раўажланыўы билимлендириў сапасына да тиккелей тәсир көрсетип, оқыў процесиниң илимийлик дәрежесин арттырады.

Илимий билимлердиң экономикалық қунға айланыўы бүгинги билимлер экономикасы шараятында жоқары оқыў орынлары жумысының әҳмийетли көрсеткишине айланбақта. Коммерцияластырыў илимий қолланбалар, стартаплар, технологиялық шешимлер, патентлер ҳәм инновациялық өнимлерди базарға шығарыў арқалы университетлердиң финанслық еркинлиги ҳәм экономикалық белсендилигин арттырады. Бул процесс технопарклер, бизнес инкубаторлар, акселераторлар, венчур инвестициялар ҳәм технологиялар трансфери механизмлери арқалы өтеди. Коммерцияластырыў оқыў орнын теориялық билим ислеп шыгарыўшыдан инновациялық өним жаратыўшы экономикалық субъектке айландырады. Усы арқалы жоқары билимлендириў шөлкемлери мәмлекеттиң инновациялық экосистемасының белсенди қатнасыўшысына айланады. Бул бағдар илим нәтийжелериниң реал сектор менен интеграциясын күшейтип, экономикалық нәтийжелиликти арттырады.

Ҳәр қандай реформаның табысы нәтийжели басқарыў, мониторинг ҳәм стратегиялық режелестириў менен тығыз байланыслы. Системалы жетилистириў жоқары билимлендириўде сапа менеджменти, институционаллық аудит, KPI индикаторлары, халықаралық аккредитация, санлы басқарыў ҳәм академиялық, шөлкемлестириўшилик ҳәм финанслық еркинлик механизмлерин раўажландырыўды нәзерде тутады. Оның тийкарғы ўазыйпасы жоқары билимлендириў шөлкемлериниң жумысын үзликсиз мониторинг етиў, нәтийжелиликти баҳалаў ҳәм ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў болып есапланады. Системалы қатнас арқалы университет басқарыўы заманагөй корпоратив басқарыў стандартларына жақынласады. Нәтийжеде жоқары билимлендириў системасында ашық-айдынлық, жуўапкершилик, бейимлесиўшеңлик ҳәм стратегиялық турақлылық күшейеди.

"5Т" модели өз мәнисине қарай жоқары билимлендириў системасын модернизациялаўдың комплексли стратегиялық модели болып, онда билимлендириў билим ҳәм компетенцияны, тәрбия руўхый-әдеп-икрамлылық жетикликти, изертлеў илимий потенциалды, коммерцияластырыў инновациялық-экономикалық нәтийжелиликти, системалы жетилистириў болса институционаллық нәтийжелиликти тәмийинлейди. Бул компонентлердиң өз-ара үйлесимлилиги жоқары билимлендириў шөлкемлерин халықаралық бәсекиге шыдамлы, илимий-интеллектуаллық ҳәм инновациялық орайларға айландырыўға хызмет етеди. Мине усы тәрептен "5Т" модели жаңа Өзбекстанның жоқары билимлендириў сиясатының методологиялық тийкары сыпатында тек ғана билимлендириўдиң сапасын арттырыў емес, ал мәмлекеттиң узақ мүддетли интеллектуаллық ҳәм инновациялық раўажланыўын тәмийинлеўдиң тийкарғы стратегиялық механизми есапланады.

Соҳибжон ТОПИЛДИЕВ,

экономика илимлериниң докторы, профессор