Мүтәж халықты қоллап-қуўатлаў дәслеп шаңарақ ҳәм мәҳәлле институтлары арқалы әмелге асырылған болса, кейин ала бул ўазыйпа мәмлекеттиң тиккелей жуўапкершилигине айланды. Усы тәризде әпиўайы жәрдем бериў әмелияты ҳуқықый кепилликлер, институционаллық механизмлер ҳәм комплексли системаға өтти.

Дүнья тәжирийбесинде социаллық қорғаў түсиниги пенсия ҳәм напақалар менен шекленбейди. Ол инсанның пүткил өмири даўамында жүзеге келиўи мүмкин болған қәўип-қәтерлерди қамтып алады. Соның ишинде, балалықтан қартайғанға шекем, денсаўлық жағдайы жаманласқанда, жумыссызлықта, майыплық жағдайында, зорлыққа дус келгенде ямаса аўыр турмыслық жағдайға түскенде мәмлекет тәрепинен кепилленген жәрдем ҳәм хызметлер системасын өз ишине алады. Ол қаншелли кең көлемли ҳәм хызметлерге бай болса, жәмийетте социаллық турақлылық соншелли жоқары болады. Мәселен, Финляндияда социаллық қорғаў системасы 40 тан аслам түрдеги хызметлерди өз ишине алады. Онда шаңарақлық мәсләҳәт, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў, үйде күтиў, реабилитация, жумыссызлық бойынша хызметлер ҳәм социаллық бейимлесиў бағдарламалары жолға қойылған. Бул мәмлекетте тийкарғы итибар инсанды еркин турмысқа қайтарыўға қаратылған.

Германияда система және де кең болып, 50 ге жақын түрдеги хызметлерди қамтып алады. Пенсия, медициналық қамсызландырыў, жумыссызлық қамсызландырыўы менен бирге, узақ мүддетли күтим (long-term care) хызмети өз алдына қәлиплескен. Сондай-ақ, социаллық хызметлер шаңарақлық кризис, майыплық, ғаррылық ҳәм социаллық шетлетиў жағдайларында индивидуал қатнас тийкарында көрсетиледи.

Қубла Кореяда система 30 дан артық хызмет түрин өз ишине алды. Бул мәмлекетте кексе халық ушын үзликсиз күтим, күндизги орайлар, үйде хызмет көрсетиў, сондай-ақ, жаслар ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бағдарламалары кеңнен енгизилген. Мәмлекет социаллық хызметлерди санластырыў ҳәм мәнзилли жеткерип бериўге үлкен итибар қаратады. Бул мәмлекетлердиң тәжирийбеси көрсетеди, жумыс нәтийжели болыўы ушын ол тек ғана төлемлер менен шекленбестен, ҳәр қыйлы турмыслық жағдайларды қамтып алатуғын кең хызметлер комплексине ийе болыўы керек. Хызметлердиң диверсификациясы ҳәм олардың инсанға жақынлығы нәтийжелиликти белгилейди.

Сырт елде социаллық қорғаў системасының тийкарғы принциплери ҳәм хызмет түрлери, бәринен бурын, нызам дәрежесинде белгиленеди. Айтайық, олардың түрлери, пайдаланыў ҳуқықы, мәмлекеттиң миннетлемелери ҳәм кепилликлери парламент тәрепинен қабыл етилетуғын нызамлар арқалы беккемленеди. Соның менен бирге, жаңа хызмет түрлерин әмелий жақтан енгизиў, тәртип-қағыйдаларын белгилеў ҳәм қаржыландырыў механизмлерин анықлаў әдетте ҳүкимет қарарлары ямаса атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен қабыл етилетуғын ҳүжжетлер тийкарында әмелге асырылады.

Айырым жағдайларда болса айырым түрлер тараў министрликлери тәрепинен қабыл етилетуғын нормативлик ҳүжжетлер - режелер, стандартлар ҳәм ҳәкимшилик регламентлер арқалы тәртипке салынады. Бул, әсиресе, реабилитация, күтим, балаларды қорғаў ямаса руўхый саламатлық сыяқлы жоқары қәнигелескен бағдарларда қолланылады.

Усы тәризде халықаралық әмелиятта социаллық хызметлерди енгизиў "үш басқышлы ҳуқықый модель" тийкарында әмелге асырылады. Яғный нызам стратегиялық тийкарды белгилейди, ҳүкимет қарарлары механизмлерди қәлиплестиреди, тараў ҳүжжетлери болса хызметлердиң әмелде ислеў тәртибин тәмийинлейди.

Бул тәжирийбе Өзбекстан ушын үлкен әҳмийетке ийе болып, соңғы жыллары миллий модельде әне усындай системалы қатнас қәлиплесип атырғанын бақлаў мүмкин. Атап айтқанда, Конституциямызда Өзбекстанның "социаллық мәмлекет" екени белгилеп қойылды. Бул норма мәмлекетке анық миннетлемелер жүклейтуғын ҳуқықый принцип болып есапланады. Конституцияға муўапық, ҳәр бир шахс қартайғанда, мийнет қәбилетин, бағыўшысын жоғалтқанда ҳәм басқа жағдайларда социаллық тәмийнат алыў ҳуқықына ийе. Сондай-ақ, пенсия ҳәм напақалар инсанның мүнәсип турмыс дәрежесин тәмийинлеўи керек екенлиги белгилеп қойылған. Мийнетке жарамсыз ҳәм жәрдемге мүтәж шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў кепилленген. Бул нормалар социаллық қорғаўды мәжбүрий мәмлекет функциясына айландырады.

Әйне усы конституциялық тийкар негизинде соңғы жыллары Өзбекстанда тараўда кең көлемли реформалар әмелге асырылды. 2023-2026-жыллар даўамында қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң анализи соны көрсетеди, бул дәўирде социаллық қорғаў тараўы мәмлекетлик сиясаттың ең белсенди бағдарларынан бирине айланған. Яғный жәми 70 тен аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилген болып, бул орташа есапта ҳәр айда кеминде еки жаңа қарар ямаса пәрман қабыл етилгенин аңлатады.

2023-жыл реформалардың институционаллық басқышы болды. Сол жылдың 1-июньинде мәмлекетимиз басшысының "Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў және оның нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплексли илажлар ҳаққында"ғы пәрманы ҳәм системаға байланыслы қарарлар арқалы бирден-бир орай ҳәм анық басқарыў вертикалы жаратылды. Социаллық хызметкер институты қәлиплестирилди ҳәм оның рольи пүткиллей қайта көрип шығылды.

Әне усы қатнас тийкарында аймақларда "Инсан" социаллық хызметлер орайлары шөлкемлестирилди. Бул орайлар халыққа социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлерди "бир айна" принципи тийкарында көрсетиў, түрли уйымлар арасындағы өз-ара бирге ислесиўди тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың машқалаларын орнында шешиўдиң тийкарғы институционаллық платформасына айланды. Ең әҳмийетлиси, жумыс инсан жасайтуғын орталыққа – мәҳәллеге жақынластырылды. Бул орайлар арқалы хызметлер талапты анықлаў, қәўипти баҳалаў ҳәм проактив қатнас тийкарында көрсетиле баслады.

Системаны әмелий жақтан ислетиў ушын зәрүр болған тийкарғы элементлер де қәлиплестирилди. Атап айтқанда, жәрдемлер системасын жетилистириўге қаратылған қарарлар қабыл етилди, тараўдағы функциялар оптималластырылды, өзгелердиң күтимине мүтәж шахсларға хызмет көрсетиў системасы қайта көрип шығылды. Социаллық қорғаўды санластырыў, электрон арза бериў, бирден-бир реестр арқалы мағлыўматларды жүргизиў сыяқлы механизмлер енгизилди. Бул болса анық мағлыўматларға тийкарланған система қәлиплесиўине алып келди.

2024-жылға келип реформалар мазмуны жағынан жаңа басқышқа шықты. Соның ишинде, майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын және де күшейтиў, системаны жетилистириў ҳәм балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаўдың ҳуқықый тийкарлары және де беккемленди. Реабилитация хызметлери, протез-ортопедия жәрдеми, майыплықты баҳалаў системасы, зорлықтан жәбирленгенлерге жәрдем сыяқлы бағдарлар тәртипке салынды.

"Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында"ғы нызам балаларды қорғаў тараўында пүткиллей жаңа басқышты баслап берди. Бул нызам балаларды қорғаў бағдарындағы реформаларға системалы ҳуқықый тийкар жаратып, мәмлекетлик сиясатты профилактика, ерте анықлаў ҳәм комплексли жәрдем көрсетиўге бағдарлады. Ең әҳмийетлиси, бул нызам балаларға болған зорлықты социаллық қәўип сыпатында көрип, оны сапластырыўда билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары арасындағы бирге ислесиўди беккемледи.

Сондай-ақ, нызам балаларға болған зорлық жағдайларын анықлаў, қәўип дәрежесин баҳалаў, индивидуал қорғаў режелерин ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў сыяқлы жаңа механизмлерди енгизиўге тийкар болды. Бул болса баланы қорғаўда қәўипти алдын ала сапластырыўға қаратылған системаны қәлиплестирди.

Улыўма алғанда, бул нызам бул бағдарда жаңа реформалар ушын басланғыш ноқат болды. Бул бағдарда мәмлекетлик сиясатты сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шықты.

2025-жыл болса социаллық қорғаў системасының институционаллық ҳәм финанслық жақтан беккемленген басқышы болды. "Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында"ғы нызам қабыл етилиўи менен системаға қамсызландырыў элементлери киргизилди. Кәмбағаллықты қысқартыў, майыплығы болған шахсларды бәнтликке тартыў, социаллық хызметлерди аймақларға жақынластырыў, балаларды қорғаў бойынша стратегиялар сыяқлы бағдарларда әҳмийетли қарарлар қабыл етилди.

Бул реформалар социаллық қорғаўды реактив системадан проактив системаға айландырды. Яғный мәмлекет машқала жүзеге келиўинен алдын қәўипти анықлап, сапластырыўға ҳәрекет етпекте.

2026-жылдағы жумыслар да усы дәстүр даўам етип атырғанын көрсетпекте. Социаллық реестр тийкарында шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, жаңа бағдарламаларды енгизиў ҳәм қәўип топарына киретуғын балалар менен ислесиў системасын күшейтиўге қаратылған қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан модельи концептуал тәрептен бир неше әҳмийетли өзгешелиги менен ажыралып турады. Яғный бизде социаллық қорғаў мәнзиллилик ҳәм санлы технологияларға тийкарланбақта. Социаллық хызметлер мәмлекет тәрепинен кепилленген хызметлер сыпатында қәлиплеспекте. Мүтәжликлер инсанның өмир жағдайы ҳәм функционал жағдайына қарап баҳаланады.

Социаллық хызметкер институты беккемленип, профессионал жумыс искерлиги қәлиплеспекте. Хызметлер мәкемелерден жәмийетке, яғный инсанға жақынластырылмақта.

Кең көлемли ҳуқықый таллаўлар бул реформалар тек ғана айрықша қарарлардың жыйыдысы емеслигин көрсетпекте. Олар өз-ара байланысқан, бирден-бир концепцияға тийкарланған ҳәм басқышпа-басқыш әмелге асырылып атырған системалы сиясат болып есапланады. Бул сиясаттың орайында болса инсан турыпты. Ҳәзирги пәт сақланып қалынса, Өзбекстан жақын жылларда бул тараўда региондағы ең алдынғы моделлерден бирин қәлиплестириўи мүмкин.

Фарид НАЗАРОВ,

Социаллық қорғаў миллий агентлиги юридикалық бөлиминиң баслығы