Президенттиң 2026-жыл 2-октябрьдеги ПҚ-358-санлы қарарына муўапық, 14 педагогикалық жоқары оқыў орны ҳәм Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги системасындағы 3 жоқары билимлендириў мәкемесиниң басқарыў системасы өзгертилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан миллий педагогикалық университети Низамий Ганжавий атындағы Өзбекстан миллий педагогикалық университети деп қайта аталды.
Қарарға бола, педагог кадрлар таярлаў тараўындағы бир қатар ўазыйпалар да Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигине жүкленди.
Олардың қатарына жоқары мағлыўматлы педагог кадрлар таярлаў сиясатын бирден-бир концептуаллық қатнас тийкарында жүргизиў, педагогикалық билимлендириўди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеў, билимлендириў процесине алдынғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологияларын енгизиў киреди.
Сондай-ақ, педагогика тараўындағы илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў және педагог кадрлар таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелериниң басқарыў системасын жетилистириў де министрликке жүкленди.