Ушырасыўда Корея геология илимлери ҳәм минерал ресурслар институты (KIGAM)
президенти Квон И Гюн ҳәм Корея материаллар институты (KIRAM) директорының орынбасары Бум Сун Ким де
қатнасты.
Банк ҳәм оның қорлары менен денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, зәрүр
материаллар, билимлендириў ҳәм транспорт тараўларында көп жыллық нәтийжели
бирге ислесиў байытылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы 8 миллиард долларлық жаңа шериклик бағдарламасына
қол қойылыўын қоллап-қуўатлады. Сондай-ақ, жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын
поездларды жеткерип бериў, Биоорай шөлкемлестириў, әҳмийетли минералларды қайта
ислеў ҳәм санлы технологияларды раўажландырыў жойбарларын жеделлестириў
мәселелери көрип шығылды.
Аралбойында Ҳаял-қызлар
исбилерменлик орайын шөлкемлестириў, сондай-ақ, Ташкент - Самарқанд жаңа темир
жолын қурыў жойбарына Кореяның қаржы мәкемелери ҳәм компанияларын тартыў
мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер әҳмийетли
минераллар тараўындағы жойбарларды қаржыландырыў бойынша биргеликтеги қор иске
қосылғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Ярымөткизгишлер ҳәм жаңа
материалларды жойбарлаў ҳәм сынақтан өткериў орайын шөлкемлестириў жойбарын
таярлаў усыныс етилди.
Бул жойбарларда
Корея геологиялық изертлеўлер ҳәм минерал ресурслар институты, сондай-ақ, Корея
сийрек ушырасатуғын металлар институтының белсене қатнасыўы әҳмийетли екенлиги
атап өтилди.