Үргенш халықаралық аэропортын модернизациялаў ҳәм жаңа Ташкент халықаралық аэропортын қурыў жойбарларының барысы додаланды.

«Incheon International Airport Corporation» компаниясының Ташкентте офис ашыў режелери қоллап-қуўатланды. Оның негизинде Аэропортларды басқарыў, санластырыў ҳәм кадрлар таярлаў бойынша компетенциялар орайын шөлкемлестириў усынысы билдирилди.

Корея тәрепи қоспа жойбарларды әмелге асырыўда белсене қатнасыўды даўам еттириў, аэропортларды басқарыў тараўында алдынғы тәжирийбе ҳәм технологияларды енгизиў, Өзбекстан менен узақ мүддетли шерикликти кеңейтиўге таяр екенин атап өтти.