Мәмлекеттиң экономикадағы тиккелей қатнасын қысқартыў, базарларға кириўде тең шараятты тәмийинлеў ҳәм тутыныўшының таңлаўын кеңейтиў усы сиясаттың ажыралмас бөлегине айланды.

Президентимиздиң атап өткениндей, "Бәсеки болса, халықтың таңлаў имканияты ҳәм сатып алыў қәбилети артады, адамлар разы болады".

Бәсеки бар жерде исбилермен сапа ҳәм нәтийжелилик ушын гүреседи. Технология ҳәм инвестиция кирип келеди. Тутыныўшыда таңлаў пайда болады. Усы мәнисте, бәсеки сиясаты тек ғана экономикалық өсиў қуралы емес, ал экономикалық еркинлик ҳәм халықтың абаданлығының институционаллық кепили болып есапланады.

2017-жилдан басланган өзгерислер бәсеки сиясатын өз алдына кампаниядан мәмлекет экономикалық сиясатының турақлы институтына айландырды. Ҳадал бәсеки ушын шараят жаратыў, экономикалық жумыс еркинлигин кепиллеў ҳәм монопол жумысты нызам менен шеклеў принциплери Конституция дәрежесинде беккемленди.

2023-жылы жаңа редакциядағы "Бәсеки ҳаққында"ғы нызам қабыл етилип, үстинликтен пайдаланыў ҳәм картель келисимлерине қарсы гүресиў, мәмлекетлик жәрдем ҳәм экономикалық концентрацияны қадағалаў, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм санлы платформалар жумысында бәсекини қорғаўдың заманагөй қураллары енгизилди.

Қадағалаўдың мазмуны да өзгерди: итибар нызамбузыўшылық жүз бергеннен кейин шара көриўден гөре, бәсекиге тосқынлықты алдыннан анықлаўға қаратылмақта. Усы тийкарда 4000 нан аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары үйренилип, олардың 52 процентинде бәсекини шеклеўи мүмкин болған нормалар анықланды.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң бәсекиге қарсы болған 6700 қарары бийкар етилди ямаса нызамшылыққа муўапықластырылды. Сондай-ақ, бәсекиге қарсы 3500 ҳәрекет сапластырылып, тийкарсыз алынған 912 миллиард сумға шамалас қаржы қайтарылды.

Экономикалық концентрация қадағалаўында 2019-2026-жылларда улыўма баҳасы 13,2 миллиард долларлық 1181 келисимге келисим берилди. Бәсекиге унамсыз тәсир етиў қәўпи болған 31 келисим бийкар етилди. Соның менен бирге, 400 ден аслам ири кәрхана ҳәм мәмлекетлик уйымларда монополияға қарсы комплаенс системасы әмел етпекте.

Мәмлекетлик үлес қысқармақта

Экономикалық модельдеги тийкарғы бурылыс мәмлекеттиң базардағы ролин қайта белгилеў менен байланыслы. Мәмлекет жеке бизнес пенен ҳәкимшилик үстинликлерге сүйенип бәсекилесиўи емес, ал ҳәмме ушын бирдей қағыйдаларды тәмийинлеўи лазым.

Усы мақсетте "Сары бетлер принципи" (Yellow Pages Rule) енгизилди: белгили бир базарда кеминде бес жеке исбилермен жумыс алып барса, ол жерде жаңа мәмлекетлик кәрхананы шөлкемлестириў шекленеди. Бул жеке меншик сектор ислей алатуғын тараўда мәмлекеттиң тийкарсыз кеңейиўин тоқтатыўға хызмет етеди.

Өткен дәўирде мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың ЖИӨге салыстырғанда түсими бойынша үлеси 55 проценттен дерлик 30 процентке шекем қысқарды. Олардың саны 3200 ден 1700 ге шекем азайды.

Исбилерменлик жумысына кириў шәртлери де жеңиллетилди: 160 түрдеги лицензия ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары бийкар етилди ямаса әпиўайыластырылды, бир қатар бағдарларда лицензия орнына хабардар етиў механизми енгизилди. Усы тәризде мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў меншиклестириў менен шекленбестен, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик кәрхана ушын ҳақыйқый тең бәсеки майданын қәлиплестириўге қаратылмақта. Нәтийжеде жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлериниң саны 2016-жылы 257,7 мыңды қураған болса, 2026-жылға келип 474,9 мыңға жетти, яғный дерлик 85 процентке артты.

Сондай-ақ, 2016-жылы жалпы ишки өним 199,3 триллион сумнан, 2025-жылдың ақырына келип 1 849,7 триллион сумға жетти. Бул экономика көлеминиң дерлик 9,3 есеге артқанын көрсетеди.

Эксклюзив ҳуқықтан ашық базарға

Базарға кириўди шеклеген эксклюзив ҳуқықлар ҳәм индивидуал жеңилликлерди қайта көрип шығыў бәсеки реформаларының әмелий бағдарына айланды. 24 жумыс түри бойынша эксклюзив ҳуқықлар бийкар етилди, 39 тараўдағы индивидуал жеңилликлер қысқартылды ямаса қайта тәртипке салынды.

Мәселен, 2025-жылдан "Өзбекэкспертиза", "ӨзИнжиниринг", Миллий PR орайы, Sag agro МТП ҳәм Өзбекстан стандартлар институтына берилген айырым эксклюзив ҳуқықлардың бийкар етилиўи жүзден аслам исбилерменлик субъекти ушын тийисли хызмет базарларына кириў имканиятын ашты.

Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 28-февральдағы "Экономикада бәсекини раўажландырыў ҳәм жеке меншик сектордың ролин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы менен эксклюзив ҳуқық тек ғана жәмийетлик қәўипсизлик, халықтың саламатлығы, миллий қорғаныў, тәбийғый апачылық ҳәм эпидемия сыяқлы объектив зәрүрликлер бар болған жағдайларда және үш жылдан аспаған мүддетке берилетуғыны белгиленди. Нәтийжеде базардағы үстинликти ҳәкимшилик қарар емес, нәтийжелилик, сапа ҳәм инновация белгилеўи ушын ҳуқықый тийкар күшейди.

Тәбийғый монополияларға қатнаста кәрхана емес, анық хызмет ҳәм базар орайға қойылды. Усы тийкарда тийкарғы жумысы тәбийғый монополия шараятында әмелге асырылмайтуғын 56 кәрхананың статусы қайта көрип шығылды. Бәсеки қәлиплескен тараўлардағы 6 хызмет түри тәбийғый монополиялар дизиминен шығарылды.

Нәтийжеде тәбийғый монополия субъектлериниң саны 2018-жылдағы 140 тан 2026-жылға келип 78 ге, яғный 44 процентке қысқарды. Бул базарда технология ҳәм жаңа қатнасыўшылар пайда болған сайын монопол статусы да қайта баҳаланыўы кереклигин көрсетеди.

Авиация бул процестиң айқын мысалы болып табылады. 2017-жылы бир жергиликли авиакомпания жумыс алып барған болса, 2025-жылы олардың саны 15 ке жетти. Жолаўшылар ағымы дерлик бес есеге өсип, 15 миллионды қурады. Соннан 12 миллионы халықаралық қатнаўлардың үлесине туўра келди.

Баҳаны мәмлекет емес, базар қәлиплестириўи керек

Базар экономикасының тийкарғы шәрти баҳаның талап, усыныс ҳәм бәсеке тәсиринде қәлиплесиўи. Усы мақсетте ун, нан, пахта майы, дән, жанылғы, минерал төгинлер ҳәм басқа да товарларды қамтып алған 28 түрдеги товар ҳәм хызмет бойынша ҳәкимшилик баҳа белгилеў механизмлери қайта көрип шығылды.

Либерализация менен бир ўақытта тил бириктириў, жасалма жетиспеўшилик, үстемлик позициясынан пайдаланыў ҳәм биржа манипуляцияларына қарсы қадағалаў күшейтилди. Көрилген илажлар нәтийжесинде айырым базарларда суйылтырылған газ баҳасы 38 процент, бийдай 14 процент, фермерлер ушын карбамид баҳасы 25 процентке арзанлады. 145 субъектте 78 миллиард сумлық жасалма баҳа арттырыўдың алды алынды. Биржа саўдаларындағы 344 манипуляция жағдайы бойынша 105 миллиард сумды қайтарыў бойынша көрсетпелер берилди.

Тутыныўшының ҳуқықларын қорғаўда да нәтийже тиккелей халықтың мәпинде сәўлеленбекте. 2025-жылы дерлик 41 мың мүрәжат көрип шығылып, 383,4 миллиард сумлық қаржыны тутыныўшыларға қайтарыў илажы көрилди. Газ, коммуналлық хызметлер, жанылғы ҳәм дәри-дәрмақ сыяқлы бағдарларда өткерилген системалы үйрениўлер 17 миллион тутыныўшының ҳуқықларын тиклеўге хызмет етти.

Санлы қадағалаў

Базарлар санластырылған сайын қадағалаў да мағлыўматларға сүйениўи зәрүр. «Fair Tech» бирден-бир мәлимлеме системасы, «Fair Price, Product Info» ва «Pharm Info» модульлери 32 мәмлекетлик уйымның мәлимлеме ресурслары менен интеграция етилди.

Бурын 10-20 күн талап етилген айырым мағлыўматларды алыў мүддети 15 минутқа шекем қысқарды. Таллаў процеси 5 есеге тезлести. Бул имканиятлар тийкарында 204 субъект ҳәм 165 товар финанс базарында үстин позицияға ийе деп тән алынды, 93 кәрханада үстин сөйлесиў күши, 9 санлы платформаның 6 түрдеги хызметинде үстин позиция анықланды.

Санластырыў қадағалаў менен шекленип қалмастан, қарарларды терең таллаў ҳәм прогнозға сүйенген ҳалда қабыл етиўге де хызмет етпекте. Бәсеки сиясаты ҳәм тутыныўшылар ҳуқықлары изертлеўлери орайы Гарвард университетиниң Экономикалық қурамалылық индекси методологиясы тийкарында Сырдәрья ҳәм Ферғана ўәлаятларында дәслепки таллаўларды өткерди. Бул қатнас аймақтың өндирис потенциалына жақын, бирақ жоқары қосымша қун жарататуғын жаңа өнимлерди анықлаў имканиятын береди.

Сырдәрья ўәлаяты мысалында 500 ден аслам товардан экономикалық қурамалылығы жоқары 40 түрдеги өним бойынша инвестиция имканиятлары ажыратып алынды. Олардың итималлы базары қоңсы мәмлекетлерде 2,6 миллиард, Россияда 8 миллиард, Түркияда 4 миллиард доллардан артық деп баҳаланған.

Социаллық әҳмийетке ийе товарлар базарында эконометрикалық модельлер арқалы баҳаның динамикасын алдыннан баҳалаў әмелияты да жолға қойылды.

2025-2026-жылларда мәйек, сүт, картошка, гүриш, қумшекер, гешир, пияз, қус ҳәм мал гөши баҳасы бойынша прогнозлардың орташа анықлығы 80 процентти қурады. Бул қәўип-қәтерлерди баҳа кескин артқанынан кейин емес, ал алдынан көриў ҳәм тийисли илажларды тийкарлы белгилеў имканиятын арттырады.

2025-жылдан "Бизнес белсендилиги индекси" әмелиятқа енгизилип, өндирис ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы 400 ден аслам ири кәрхана турақлы сораўға қамтып алынбақта. Сондай-ақ, АҚШ, Европа Аўқамы ҳәм Мексика тәжирийбеси тийкарында Аймақлық бәсекиге шыдамлылық индекси қәлиплестирилип, 14 аймақ инвестиция, мийнет, инфраструктура, социаллық турақлылық ҳәм бәсеки орталығы бойынша баҳаланбақта.

Бундай индекслер реформа нәтийжесин республика көлеминдеги орташа көрсеткишлер емес, аймақ ҳәм тармақ кесиминде көриўге жәрдем береди.

Жеке баслама ушын кең экономикалық мәкан

Реформалардың тийкарғы нәтийжеси жеке меншик баслама ушын экономикалық мәкан кеңейгенинде көринеди. Пахта ҳәм ғәлле, пуқаралық авиация, электрон төлемлер, цемент ҳәм қурылыс материаллары, кабель ҳәм металлургия өнимлери сыяқлы бурын жоқары дәрежеде концентрацияланған 30 ға шамалас тараўда бәсеки орталығы жақсыланды.

Соның ишинде, халықаралық авиа тасыўлар, электрон төлемлер, цемент, қурылыс айнасы, кабель, металл өнимлери, пахта ҳәм бийдай сыяқлы ири товар базарларында бәсеки орталығы жақсыланды ҳәм жеке меншик сектордың үлеси сезилерли дәрежеде артты.

Базарда усыныстың кеңейиўи де усы процессти көрсетеди: 2019-жылы товар номенклатурасы 4100 түр әтирапында болған болса, 2025-жылы 5600 түрге жетти. Жаңа өнимниң артында жаңа ислеп шығарыўшы, инвестиция, жумыс орны ҳәм тутыныўшы ушын қосымша таңлаў турады.

Соның ушын мәмлекеттиң қатнасын қысқартыўдың ҳақыйқый өлшеми тек ғана меншиклестирилген объектлердиң саны емес. Тийкарғы көрсеткиш - жеке меншик бизнес ушын ашылған базарлар, теңлестирилген шараятлар ҳәм бәсеки себепли пайда болып атырған жаңа имканиятлар болып есапланады.

Реформалардың артқа қайтпайтуғыны, бәринен бурын, олардың ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкары қәлиплескени менен белгиленеди. Бәсеки ҳәм экономикалық еркинлик принциплери Конституция ҳәм нызамларда беккемленди. Бәсекиниң тәсирин алдыннан баҳалаў, "Сары бетлер принципи", мәмлекетлик жәрдемди қадағалаў ҳәм монополияға қарсы комплаенс күнделикли басқарыў әмелиятына кирди.

Екинши таяныш - жеке меншик сектордың өзи. Базарға жаңа қатнасыўшылардың кириўи, жабық тараўлардың ашылыўы ҳәм тутыныўшы таңлаўының кеңейиўи реформалардың социаллық-экономикалық мәпдар шеңберин кеңейтти.

Үшинши фактор - Өзбекстанның жәҳән экономикасына интеграциясы. Жәҳән саўда шөлкемине ағзалық бойынша сөйлесиўлер эксклюзив ҳуқықларды қысқартыў, мәмлекетлик жәрдемди тәртипке салыў, лицензияларды әпиўайыластырыў ҳәм бәсеки нейтраллығын тәмийинлеў сыяқлы өзгерислерди және де беккемлемекте. Усы мәнисте, бәсекини раўажландырыў ўақтыншалық илаж емес, жаңа Өзбекстан экономикалық моделиниң узақ мүддетли қағыйдасына айланбақта.

Шешиўши өлшем

"Өзбекстан - 2030" стратегиясында мәмлекетлик емес сектор үлесин 85 процентке жеткериў ўазыйпасы белгиленген. Бўл жеке меншик инвестицияларға жаңа базарларды ашыў ҳәм бәсеки болыўы мүмкин болған тараўларда мәмлекеттиң тиккелей хожалық қатнасыўын және де қысқартыўды талан етеди.

2030-жылға шекем 16 түрдеги мәмлекетлик монополияны басқышпа-басқыш бийкарлаў, темир жол тасыўлары, автомобиль жолларын қурыў ҳәм басқарыў, газ және электр тәмийнаты сыяқлы бағдарларда жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў нәзерде тутылған.

Кейинги басқышта 15 базарда монополия ҳәм үстинлик етиўди шеклеў, 10 нан аслам эксклюзив ҳуқықты басқышпа-басқыш бийкарлаў, параллель импорт шеклеўлерин сапластырыў ҳәм товар белгилеринен пайдаланыўда заманагөй халықаралық принциплерди енгизиў режелестирилмекте.

Энергетикада толық газ ҳәм электр энергиясы көтере саўда базарларын қәлиплестириў, жеке меншик ислеп шығарыўшылардың инфраструктураға теңдей кириўин тәмийинлеў; темир жолда инфраструктура ҳәм тасыў функцияларын ажыратыў; авиацияны және де либералластырыў; тийкарғы инфраструктура тармақларында еркин экономикалық регуляторларды раўажландырыў тийкарғы ўазыйпалардан болып қалады.

Бунда мақсет мәмлекетти экономикадан пүткиллей шығарыў емес. Стратегиялық энергетика ҳәм транспорт инфраструктурасы, миллий қәўипсизлик пенен байланыслы объектлерде мәмлекеттиң зәрүр қатнасыўы сақланады. Тийкарғы мәселе - мәмлекеттиң қатнасыўының ақылға уғрас шегарасын белгилеў ҳәм ол азайған сайын базар қағыйдаларының сапасын ҳәм қадағалаў нәтийжелилигин арттырыў.

Ғәрезсизлик халықтың өз тәғдирин ҳәм раўажланыў жолын өзи белгилеў ҳуқықы болып табылады. Оның экономикалық мазмуны болса инсанның мүлк ийеси болыў, исбилерменлик етиў, жаңа идеяны әмелге асырыў ҳәм өз мийнети және билими менен табысқа ерисиў имканиятында көринеди.

Усы көзқарастан, бәсекини раўажландырыў ҳәм мәмлекеттиң экономикадағы тиккелей қатнасын қысқартыў ғәрезсизлик идеясының логикалық даўамы болып табылады. Базарда кимниң ҳәкимшилик ресурсы күшли екени емес, ким нәтийжели, инновациялық ҳәм тутыныўшыға керек екени шешиўши өлшемге айланыўы керек.

2030-жылға барып жеке меншик сектор жетекшилик ететуғын, бәсеки инновация ҳәм нәтийжелиликти ҳәрекетке келтиретуғын, мәмлекет болса әдалатлы қағыйдалар кепили болған экономиканы қурыў - келешектеги раўажланыўдың тийкарғы шәртлеринен бири.

Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллығы мине усы жолда ерисилген нәтийжелерге мүнәсип баҳа бериў, соның менен бирге келешектеги шеклерге беккем исеним менен қараў ушын тарийхый пурсат болып табылады.

Халилилло ТЎРАХЎЖАЕВ,

Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар

ҳуқықларын қорғаў комитетиниң баслығы