Себеби, бул ҳаққында сөз болғанда, көбинесе халықаралық рейтинглер, миллий индикаторлар, стратегия ҳәм есабатлар тилге алынады. Әлбетте, булардың барлығы әҳмийетли. Ҳәр қандай мәмлекет өзиниң раўажланыў жолын анық санлар, салыстырмалы мағлыўматлар ҳәм халықаралық нормалар арқалы баҳалайды.
Бирақ әпиўайы инсан ушын турақлы раўажланыў түсиниги
пүткиллей басқаша мәниске ийе. Яғный бул үйинде таза ишимлик суўы болыўы,
перзенти жақсы мектепте оқыўы, поликлиникада саатлап нәўбет күтип турмаўы,
жаслардың жумыс табыўы, мәҳәлледе жол ҳәм жақтыландырыў жақсыланыўы, ҳаўаның
тазалығы, исбилерменниң артықша тосқынлықларсыз ислеўи, мәмлекетлик уйымда
мәселеси әдил шешилиўи болып есапланады.
Усы
мәнисте ТРМ тек ғана БМШ күн тәртиби ямаса халықаралық миннетлеме емес. Ол, бәринен
бурын, инсан қәдири, шаңарақ абаданлығы, мәҳәлле абатлығы ҳәм мәмлекеттиң
келешегин тәмийинлейтуғын турмыслық өлшем болып есапланады.
Өзбекстан
кейинги жыллары ТРМди миллий раўажланыў сиясаты менен үйлестириў бағдарында
әҳмийетли институционаллық тийкар жаратты. "Өзбекстан - 2030"
стратегиясы мәмлекеттиң кейинги раўажланыў басқышын инсан потенциалы, социаллық
әдиллик, экономикалық өсиў, экологиялық турақлылық ҳәм халық хызметиндеги
мәмлекетлик басқарыў менен байланыстырады. Бирақ бүгинги басқышта ең әҳмийетли
сораў төмендегише қойылыўы керек: бул мақсетлер әпиўайы адамлар турмысында
қаншелли сезилмекте?
Себеби
раўажланыўдың ҳақыйқый өлшеми тек ғана жалпы ишки өнимниң өсиўи, рейтингтеги
орын ямаса қабыл етилген бағдарламалардың саны менен өлшенбейди. Ол адамлардың
күнделикли турмысындағы өзгерислер менен баҳаланады.
Президентимиздиң
өткен жылы Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында мәмлекеттиң
экономикалық өсиўи, инфраструктураның раўажланыўы ҳәм халықтың турмыс шараяты
менен байланыслы әҳмийетли нәтийжелер атап өтилди. Соның ишинде, электр
энергиясын ислеп шығарыў 85 миллиард киловатт-саатқа жеткени, 715 мың халықтың
шаңарағына биринши мәрте таза ишимлик суўы жетип барғаны, және 2,3 миллион
халықтың суў тәмийнаты жақсыланғаны атап өтилди. Сондай-ақ, кәмбағаллық
дәрежеси жыл басындағы 8,9 проценттен 5,8 процентке түскени мәлим етилди.
Бул
санлар, әлбетте, үлкен унамлы өзгерислерден дәрек береди. Бирақ ТРМ
көзқарасынан және бир сораў әҳмийетли: бул нәтийжелер барлық аймақлар, барлық
мәҳәллелер ҳәм социаллық топарлардың турмысында бирдей сезилмекте ме?
Егер
республика бойынша орташа көрсеткиш жақсы болса-да, айырым шетки мәҳәлледе суў
тамтарыслығы сақланса, қалада жаңа турақ жайлар қурылса-да, басқа аймақларда
жаслар турақлы жумыс табыўда қыйналса, улыўма билимлендириўге қамтыў артса-да,
айырым мектеплерде сапа машқаласы қалса, демек ТРМди әмелге асырыўдың гезектеги
басқышы еле алдында.
Басқаша
айтқанда, Өзбекстан ушын бүгинги ўазыйпа үлкен стратегияларды мәҳәлле, шаңарақ
ҳәм инсан турмысына және де тереңирек түсириў болып есапланады.
Кәмбағаллықты қысқартыў:
жәрдемнен турақлы дәраматқа өтиў
зәрүр
Кәмбағаллықты
қысқартыў Өзбекстанда кейинги жылларда мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли
бағдарларынан бирине айланды. Себеби, турақлы раўажланыўдың ең әҳмийетли шәрти
инсанның мүнәсип турмыс кешириўи, турақлы дәраматқа ийе болыўы ҳәм өмирде өз
имканиятын жүзеге шығара алыўы болып есапланады.
Жәҳән
банки мағлыўматларына бола, 2024-2025-жылларда Өзбекстанда халық дәраматларының
өсиўи, әсиресе, кем дәраматлы қатламлар ушын унамлы тәсир көрсеткен. Нәтийжеде
кәмбағаллық дәрежеси 8,9 проценттен 5,8 процентке түскен, халықтың дәраматлары
арасындағы айырмашылық та бираз қысқарған.
Бул
унамлы нәтийжени енди беккемлеў керек. Кәмбағал шаңараққа напақа ямаса бир
мәртелик жәрдем бериў зәрүр, бирақ оннан да әҳмийетлиси сол шаңарақтың турақлы
дәрамат дәрегине ийе болыўы болып есапланады. Буның ушын ҳәр бир кәмбағал
шаңарақ бойынша “дәрамат картасы” ислеп шығылыўы мақсетке муўапық: ким кәсип
үйренеди, ким жумысқа жайласады, ким микробизнести баслайды, кимге социаллық
хызмет керек, кимди кооперацияға жалғаў мүмкин - булар қағазда емес, мәҳәлле
дәрежесинде анық көриниўи керек.
Кәмбағаллықты
қысқартыўдың кейинги басқышы “социаллық жәрдем”нен “экономикалық белсендилик”ке
өтиў менен байланыслы. Яғный жәрдем алыўшы шаңарақ әсте-ақырын өзиниң дәраматы,
кәсиби, бизнеси ямаса мийнет базарындағы орны арқалы еркинликке шығыўы керек.
Бул ТРМниң ҳақыйқый нәтийжеси болады.
Билимлендириўде қамтыўдан сапаға
өтиў ўақты келди
Билимлендириў
ТРМниң ең әҳмийетли бағдарларынан бири. Себеби сапалы билимлендириў болмаса,
кәмбағаллықты қысқартыў да, инновациялық экономика қурыў да, мүнәсип жумыс
орынларын жаратыў да қыйын.
Өзбекстанда
мектепке шекемги билимлендириў, улыўма орта билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириўге
қамтып алыўды кеңейтиў бойынша үлкен жумыслар исленди. Бирақ кейинги басқышта
тийкарғы итибар қамтып алыўдан сапаға өтиўи керек. Балалар мектепке барып атыр
ма - бул биринши сораў. Бирақ оннан да әҳмийетли сораў бар: бала мектепте нени
үйренип атыр?
Питкериўши
өз бетинше пикирлей ала ма? Санлы көнликпелерге ийе ме? Мийнет базарында өз
орнын таба ала ма? Кәсип таңлаўға таяр ма? Жоқары билимлендириў ямаса
кәсип-өнер системасы оны реал экономикаға байланыстыра ала ма?
Соның
ушын ҳәр бир аймақта билимлендириў нәтийжелери жергиликли экономика талаплары
менен байланыслы болыўы керек. Қайсы районда агро қайта ислеў раўажланбақта,
қайсы аймақта туризм, қайсы жерде санаат, қайсы қалада хызмет көрсетиў ҳәм
санлы экономика өспекте - билимлендириў ҳәм кәсипке таярлаў бағдарламалары усы
талапларға бейимлесиўи керек.
Сапалы
билимлендириўдиң ҳақыйқый өлшеми тек ғана мектеплердиң саны ямаса қамтып алыў
дәрежеси менен өлшенбейди. Ол, бәринен бурын, баланың билими, оқытыўшының
потенциалы, мектеп орталығы, кәсипке бағдарлаў, санлы имканиятлар ҳәм
питкериўшиниң еркин турмысқа таярлығында көринеди.
Денсаўлықты сақлаўда ең жақын
буўын шешиўши әҳмийетке ийе
Пуқара
ушын денсаўлықты сақлаў тараўындағы реформа, бәринен бурын, өз мәҳәллесинде,
өзи баратуғын поликлиникасында сезиледи. Ири медицина орайлары, заманагөй
үскенелер ҳәм қәнигелескен клиникалар әҳмийетли. Бирақ әпиўайы адам ушын ең
биринши сораў басқаша: ол шыпакерге өз ўақтында кире ала ма? Дәри табылып атыр
ма? Анализ тапсырыў аңсат па? Баласына профилактикалық жәрдем бар ма? Кексе
ата-анасына медициналық хызмет жетип барып атыр ма?
Сонлықтан,
саламат турмыс ҳәм абаданлықтың мақсети бирлемши медициналық хызметти күшейтиў
менен тығыз байланыслы. Поликлиникада гезек, шыпакердиң жүклемеси,
дәри-дәрманның бар екенлиги, аналар ҳәм балалардың саламатлығы, созылмалы
кеселликлерди ерте анықлаў, медициналық хызметтен қанаатланыў дәрежеси ашық ҳәм
турақлы баҳаланатуғын көрсеткишке айланыўы керек.
Денсаўлықты
сақлаўдағы ең үлкен нәтийже кеселликти емлеўден алдын оның алдын алыўда
көринеди. Соның ушын профилактика, саламат аўқатланыў, физикалық белсендилик,
экологиялық қәўип-қәтерлер ҳәм халықтың саламатлығы арасындағы байланыс мәҳәлле
дәрежесине түсиндирилиўи керек.
Әпиўайы шаңарақта "жасыл
экономика"
Өзбекстан
климат өзгериўи тәсирин терең сезип атырған мәмлекетлерден бири. Суў
жетиспеўшилиги, жер деградациясы, ҳаўа сапасы, шөллениў, энергия нәтийжелилиги
ҳәм қалаларда экологиялық басым - булардың барлығы ТРМ менен тиккелей
байланыслы.
"Жасыл
экономика" дегенде тек ғана ири қуяш ямаса самал электр станциялары
түсинилмеўи керек. Әлбетте, бундай жойбарлар стратегиялық әҳмийетке ийе. Бирақ
әпиўайы инсан ушын "жасыл экономика" үйинде электр тәмийнатының
турақлы болыўы, ысытыў қәрежетиниң азайыўы, көшесинде тереклердиң көбейиўи, шығындының
өз ўақтында алып шығылыўы, суўды үнемлейтуғын технологиялар арзан ҳәм қолайлы
болыўы, жәмийетлик транспорт ҳәм ҳаўа сапасының жақсыланыўы болып есапланады.
Соның
ушын таза суў ҳәм санитария, арзан ҳәм таза энергия, турақлы қалалар, климаттың
өзгериўине қарсы гүресиў және жер ресурслары ҳәм экосистемаларды қорғаўға
байланыслы мақсетлер бир-биринен ажыралған ҳалда емес, бир пүтин турмыслық
шынжыр сыпатында көрилиўи керек. Суў үнемленсе, аўыл хожалығы турақласады.
Энергия нәтийжелилиги артса, кәрхана қәрежети азаяды. Ҳаўа тазаланса, халықтың
саламатлығы жақсыланады. Қалалар жасылға бөленсе, турмыс сапасы артады.
Экологияны
тек ғана "тәбиятты қорғаў" темасы сыпатында емес, экономика,
денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, қала қурылысы ҳәм социаллық әдиллик пенен
байланыслы улыўма миллий мәселе сыпатында қараў ўақты келди.
Мәҳәлле дәрежесиндеги ТРМ паспорты
ТРМ
көрсеткишлери халықтың турмысында сезилиўи ушын оларды мәҳәлле дәрежесине шекем
түсириў зәрүр. Республика ямаса ўәлаят бойынша орташа санлар әҳмийетли, бирақ
олар ҳәр қашан да анық машқаланы көрсетип бермейди.
Мәселен,
ўәлаятта ишимлик суўы менен қамтып алыў артқан болыўы мүмкин, бирақ айырым
мәҳәллелерде суў машқаласы еле де сақланып қалыўы мүмкин. Тап усындай, районда
жумыссызлық азайған ҳалда белгили бир мәҳәлледе жаслар жумыс табыўда
қыйынласатуғыны бақланады. Қалада жоллар оңланғаны айтылса да, айырым көшелерде
жақтыландырыў ямаса пиядалар қәўипсизлиги машқаласы көринеди.
Соның
ушын ҳәр бир район ҳәм мәҳәлле кесиминде "ТРМ турмыслық паспорты"н
енгизиў мақсетке муўапық. Онда халық ушын ең әҳмийетли көрсеткишлер сәўлелениўи
керек: ишимлик суўы, электр тәмийнаты, жол жағдайы, мектеп ҳәм бақша шараяты,
поликлиника хызмети, шығынды жыйнаў, жаслар бәнтлиги, ҳаял-қызлардың дәраматы,
майыплығы болған шахслар ушын қолайлы орталық, ҳаўа сапасы, интернет ҳәм
мәмлекетлик хызметлер.
Бул
мағлыўматлар тек ғана уйымлар ушын емес, ал халық ушын да ашық ҳәм түсиникли
болыўы керек. Адамлар өз мәҳәллесинде қайсы көрсеткиш жақсыланғанын, қайсы
машқала сақланып атырғанын, қайсы жойбарға қанша қаржы ажыратылғанын билиўи
керек.
Бюджет нәтийжеге байланыслы болса, реформа
нәтийжеси артады
ТРМди
әмелий нәтийжеге айландырыў ушын жергиликли бюджетлер ҳәм инфраструктура
жойбарларын анық нәтийжелер менен байланыстырыў зәрүр. Аймаққа қаржы ажыратыўда
тек ғана халықтың саны ямаса улыўма талап емес, ал нәтийже де есапқа алыныўы
керек.
Мәселен,
қайсы районда ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланды, қайсы мәҳәлледе жумыссыз
жаслар саны азайды, қайсы аймақта мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў
артты, қайсы қалада ҳаўа сапасы жақсыланды, қайсы жерде пуқаралар мәмлекетлик
хызметлерден көбирек қанаатланады - усы нәтийжелер аймақлардың жумысын
баҳалаўда тийкарғы өлшемге айланыўы керек.
Басқаша
айтқанда, қаржы жумсалғаны емес, нәтийже бергени, қурылыс исленгени емес, халық
оннан пайдаланып атырғаны, бағдарлама қабыл етилгени емес, адамлар турмысында
өзгерис сезилгени әҳмийетли.
Бул
қатнас ҳәм мәмлекетлик басқарыўда да, жәмийетлик қадағалаўда да жаңа мәдениятты
қәлиплестиреди.
Ашықлық ҳәм жәмийетлик қадағалаў
ТРМди
әмелге асырыўда пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары,
жергиликли кеңеслер, илимий орайлар ҳәм бийғәрез экспертлер белсене қатнасыўы
керек. Себеби тек ғана уйымлардың есабатына сүйенилсе, айырым машқалалар
көринбей қалыў итималы бар.
Мәмлекетлик
сатып алыўлар, қурылыс, субсидия, социаллық жәрдем, жер ажыратыў, коммуналлық
хызметлер ҳәм жергиликли инфраструктура жойбарлары бойынша "ажыратылған
қаржы - орынланған жумыс - пуқара баҳасы" шынжыры ашық болыўы керек. Ҳәр
бир мәҳәлледе қайсы жойбарға қанша қаржы ажыратылғаны, ким орынлағаны, мүддети
қандай, халық бул жумыстан разы ма - бул мағлыўматлар әпиўайы тилде жәрияланса,
мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлық ҳәм жәмийетшиликтиң исеними және де
беккемленеди. Бул жерде жәмийетлик қадағалаў мәмлекетке қарсы емес, керисинше,
реформалардың сапасын арттырыўға хызмет ететуғын конструктивлик механизм болып
есапланады. Пуқаралық жәмийети институтлары мине усы процессте мәмлекет ҳәм
халық арасында исеним көпири ўазыйпасын атқарады.
Орайлық Азия ушын орталық ўазыйпа:
бәсеки емес, бирге ислесиў
ТРМди
әмелге асырыўда Өзбекстанның қоңсы мәмлекетлер менен бирге ислесиўи айрықша
әҳмийетке ийе. Себеби суў, климат, энергетика, транспорт, саўда, миграция ҳәм
экологиялық қәўиплер миллий шегараны таңламайды.
Қазақстаннан
санаат кооперациясы, санлы хызметлер, мийнет өнимдарлығы ҳәм жоқары қосымша
қунлы тармақларды раўажландырыў бойынша үйрениў мүмкин. Қырғызстан ҳәм
Тәжикстан менен суў-энергетика балансы, таўлы аймақларда климат қәўип-қәтерлери,
шегара алды саўда ҳәм мийнет миграциясы мәселелеринде биргеликтеги шешимлер
зәрүр. Түркменстан менен энергетика, транспорт ҳәм экологиялық турақлылық
бойынша әмелий бирге ислесиў ТРМ көзқарасынан әҳмийетли.
Өзбекстанның
соңғы жылларда Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық орталығын беккемлеў, шегара
мәселелерин шешиў, транспорт байланыслылығын кеңейтиў ҳәм регионаллық
қарым-қатнасты күшейтиў бағдарындағы басламалары турақлы раўажланыў ушын
шериклик ҳәм өз-ара исеним қаншелли әҳмийетли екенин көрсетпекте. Мүрәжатта да
2025-жылы Самарқандта Орайлық Азия - Европа Аўқамы саммити ҳәм Халықаралық
климат форумы өткерилгени, сондай-ақ, Хожендте Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм
Қырғызстан жетекшилериниң ушырасыўында әҳмийетли келисимлерге ерисилгени
регионаллық турақлылық көзқарасынан айрықша атап өтилди.
Бул
процесслер соны көрсетеди, Өзбекстан ушын ТРМ тек ғана ишки реформалар емес, ал
регионаллық турақлылық ҳәм бирге ислесиў күн тәртибиниң де әҳмийетли бөлегине
айланбақта.
Жуўмақ орнында
Өзбекстанда
ТРМди әмелге асырыў ушын сиясий ерк-ықрар да, стратегиялық тийкар да,
реформалар тәжирийбеси де бар. "Өзбекстан - 2030" стратегиясы,
кәмбағаллықты қысқартыў сиясаты, мәҳәлле кесиминде ислесиў системасы,
"жасыл" энергетика, суўды үнемлеў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты
сақлаў реформалары, санлы мәмлекетлик хызметлер ҳәм регионаллық бирге ислесиў
басламалары ТРМ менен тиккелей үнлес.
Турақлы
раўажланыў мақсетлери халық ушын түсиниксиз халықаралық атама болып қалмаўы
керек. Ол мәҳәлледеги таза суўда, баланың сапалы билим алыўында, ананың
медициналық хызметке жетип барыўында, жаслардың жумыс табыўында, исбилерменниң
еркин жумысында, қала ҳаўасының тазалыўында ҳәм пуқараның мәмлекетке исениминде
көриниси керек.
Сонда
ғана ТРМ Өзбекстан ушын сыртқы есабат емес, жаңа Өзбекстан раўажланыўының
турмыслық мазмунына айланады. Турақлы раўажланыўдың тийкарғы мақсети де сол -
санларды емес, инсан қәдирин жоқарылатыў.
Жаҳонгир ИСАЕВ,
“Турақлы раўажланыў орайы” МКШ бөлим баслығы