Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели
мийманларды Өзбекстан Республикасы спорт министри Адҳам Икрамов ҳәм Өзбекстан
футбол ассоциациясының биринши вице-президенти Равшан Эрматов күтип алды.
Сапардан гөзленген тийкарғы мақсет елимизде футбол
инфраструктурасын раўажландырыў, жаслар арасында футболды ғалаба ен жайдырыў,
Өзбекстан футбол ассоциациясы ҳәм ФИФА арасындағы бирге ислесиўди және де
беккемлеўден ибарат.
Сапар шеңберинде 30-сентябрь күни Ташкент қаласының
Чиланзар районындағы №90 ҳәм Юнусабад районындағы №327 улыўма билим бериў
мектеплеринде "ФИФА Арена" жойбары шеңберинде қурылған заманагөй
футбол майданшаларының ашылыўы болып өтеди.
Буннан тысқары, ФИФА делегациясы пайтахтымыздағы
Олимпия қалашасы, "Жаңа Ташкент" орайлық футбол стадионы ҳәм Миллий
футбол орайында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысады.
Сапар бағдарламасынан Өзбекстан ҳәм ФИФА арасындағы
өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли
мәселелер де орын алған.