Бирақ бул жерде ең әҳмийетли тәрепи ресурслардың өзи емес, ал оларды қандай жол менен экономикалық, технологиялық ҳәм социаллық қунға айландырылыўында.
Себеби тарийхый тәжирийбе тәбийғый ресурсларға сүйениў барлық ўақытта да раўажланыўға алып келе бермейтуғынын көрсетеди. Дүньяда үлкен резервлерге ийе болыўына қарамастан, раўажланыў орнына экономикалық бир тәреплемеликке түсип қалған мәмлекетлер де бар. Шийки зат экспортына қатаң байланыслылық, қосымша қун жаратыўдың төменлиги ҳәм сыртқы базарларға ғәрезлилик көп жағдайларда олардың өсиў имканиятларын шеклеп қойған.
Сол себепли бүгинги глобал экономикада тийкарғы мәселе ресурстың муғдарынан гөре оны басқарыў мәденияты ҳәм нәтийжелилигине байланыслы болып бармақта. Яғный "қанша ресурс бар?" деген сораўдан гөре "бул ресурс қандай система арқалы экономикалық айланысқа киргизилмекте?" деген сораў әҳмийетли орын ийелемекте. Себеби, ресурстың қуны оның жер астындағы жағдайынан гөре жер үстинде қандай экономикалық активлик жарата алыўында көринеди. Демек, ресурслар экономикасы емес, ал ресурсларды басқарыў экономикасы шешиўши орынға ийе.
Усы мәнисте, заманагөй экономикалық ой-пикирде тийкарғы бурылыс әйне усы жерде жүз бермекте - тәбийғый байлықты узақ мүддетли экономикалық стратегияның бир бөлеги сыпатында көриў зәрүрлиги барған сайын күшейип бармақта.
Соңғы жыллары Өзбекстанда геология тараўы әйне усы бурылыс ноқатынан өтпекте. Кейинги он жыллықта бул тараўға 8 триллион 200 миллиард сум муғдарында инвестиция қаратылғаны тосыннан болған көрсеткиш емес, керисинше, экономикалық қатнас өзгергени, ресурсларға қатнас мәмлекетлик дәрежеде қайта көрип шығылып атырғанын аңлатады. Себеби, ҳәр қандай ири инвестицияның артында тек ғана пул емес, ал узақ мүддетли стратегия, исеним ҳәм келешекке қаратылған экономикалық ой-пикир турады.
Бул қаржылар есабынан геология тараўы тек ғана техникалық жақтан емес, ал мазмуны жағынан да түп-тийкарынан жаңаланды. Мыңлаған заманагөй техника ҳәм технологиялардың енгизилиўи, геология-излеў үскенелериниң дерлик 70 процентке жаңаланыўы бул тараўды дәстүрий бақлаў ҳәм қол мийнетине тийкарланған системадан шығарып, жоқары технологиялы санаат бағдарына айландырды.
Бурын геология көбирек "көриў", "анықлаў" ҳәм "сүўретлеў"ге тийкарланған болса, бүгин ол мағлыўматлар, моделлестириў ҳәм прогнозлаўға сүйенетуғын қурамалы аналитикалық системаға айланбақта. Яғный жер астын үйрениў санлы технологиялар, жасалма интеллект ҳәм геомәлимлеме системалары менен тығыз байланысқан интеллектуаллық жумысқа айланған. Басқаша айтқанда, жер астынан алынып атырған мағлыўматлар енди экономиканың улыўма бағдарын белгилеўде де қатнаспақта.
Бул өзгерислердиң ең айқын көриниси инвестициялық орталықта көринбекте. Халықаралық стандартлардың енгизилиўи, салық жүгиниң оптималластырылыўы ҳәм ашық-айдынлық принциплериниң күшейтилиўи нәтийжесинде тараўға дүньяның ири компаниялары жедел кирип келмекте. Ҳәзирги ўақытта улыўма баҳасы 30 миллиард 700 миллион долларлық 90 ири инвестициялық жойбардың әмелге асырылып атырғаны процесстиң көлемин анық көрсетеди. Бул қаржы менен бирге исенимниң экономикалық көриниси болып табылады.
Ашық аукцион системасы арқалы 1458 пайдалы қазылма объектиниң онлайн сатылғаны тараўда жаңа экономикалық қатнасықлар қәлиплескенин аңлатады. Нәтийжеде мәмлекетлик бюджетке 1 триллион сумнан аслам қаржы түсти. Сондай-ақ, 100 мыңға шамалас жаңа, жоқары дәраматлы жумыс орынлары ашылды. Демек, ресурслар тек мәмлекет балансындағы сан емес, ал тиккелей социаллық абаданлық дереги де болып есапланады.
Бүгин геология тараўындағы ең үлкен өзгерислер технологиялар арқалы әмелге асырылмақта. Бул процессти әпиўайы модернизация деп атаў дурыс болмайды. Себеби бул жерде гәп тек ғана үскенелердиң жаңаланыўы ҳаққында емес, ал тәбиятты аңлаў усылының өзгериўи ҳаққында бармақта. Аэрогеофизикалық изертлеўлердиң вертолёт ҳәм дронлар жәрдеминде әмелге асырылыўы, 3D сейсмикалық комплекслер жер астын 9 километрге шекем тереңликте үйрениў имканиятын бермекте.
Енди жер асты мағлыўматлар менен толған қурамалы система. Оны оқыў, таллаў ҳәм болжаў мүмкин болған интеллектуаллық майданға айландырылмақта. Бул геологияны тәбийғый пән шеңберинен шығарып, санлы технологиялар, аналитика ҳәм стратегиялық экономика менен үйлескен жоқары дәрежели системаға айландырмақта.
Әне усы технологиялар себепли 2016-2025-жылларда 1 мың 900 ден аслам жаңа кән ашылды. Тек ғана 2016-жылы уран резервлери 97 мың тоннаны қураған болса, бүгин 140 мың тоннаға жетти. Бир қарағанда бул әпиўайы өсиў сыяқлы көриниўи мүмкин, бирақ оның артында системалы илимий қатнас, узақ мүддетли режелестириў турады. Себеби, тәбийғый ресурсларды анықлаў енди есапланған, моделлестирилген ҳәм прогнозға тийкарланған процесске айланған. Бул болжаўдан есап-санаққа өтиўди аңлатады.
Санаат көлеминдеги ири жойбарлар да мине усы трансформацияның даўамы болып есапланады. Алмалық қаласында иске қосылған, жылына 60 миллион тонна руданы қайта ислеў қуўатлылығына ийе жаңа мыс байытыў фабрикасы бул процесстиң айқын мысалы. Бул жойбар арқалы 6 мыңнан аслам жаңа жумыс орны ашылды ҳәм ҳәр жылы қосымша 5 миллиард долларға шамалас экономикалық нәтийже алыныўы күтилмекте.
Бирақ ең әҳмийетли мәселе тек ғана жумыс орынларында ямаса экономикалық көрсеткишлерде емес, ал бул жерде тийкарғы өзгерис шийки затқа тийкарланған экономикадан қун жарататуғин экономикаға өтиў идеясында болып тур. Яғный ресурсты тек ғана қазып алыў емес, ал оны қайта ислеў, технологиялық шынжырдан өткериў ҳәм жоқары қосымша қун жаратыў әҳмийетке ийе болмақта.
Усы логикалық шынжыр келешектеги мақсетлерде де өз көринисин таппақта. "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде алтын ислеп шығарыўды 1,5 есеге, гүмисти 3 есеге, мысты 3,5 есеге арттырыў, сондай-ақ, уран, темир ҳәм көмир көлемин 3 есеге көбейтиў режелестирилген. Бир қарағанда бул тек санаат көрсеткишлери болып көриниўи мүмкин, бирақ негизинде бул экономикалық пикирлеўдиң және де тереңлесиўи, ресурсларға қатнас жасаўдың жаңа басқышқа өтиўин аңлатады.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы