Сөйлесиўлерде еллеримиз арасындағы бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў жоллары ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Сиясий сөйлесиўди жеделлестириў, сыртқы ислер министрликлери арасында биргеликтеги механизмлерди жаратыў, сондай-ақ, саўда-экономикалық ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша анық қәдемлер таслаўға келисип алынды. Халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Сейшел Республикасы Ҳүкимети арасында улыўма бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.
Бул сапар етиў еки тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыўы атап өтилди, деп хабар бермекте ӨзР СИМ баспасөз хызмети.