Институт экспертлериниң атап өтиўинше, бул қәрежетлер АҚШта азайған, бирақ Европада 14 процентке, Азия ҳәм Океанияда 8,1 процентке артқан. Әскерий қәрежетлер бойынша ең көп үш мәмлекет - АҚШ, Қытай ҳәм Россия жәми 1,480 триллион доллар ямаса жәҳән көлеминиң 51 процентин жумсаған.

Әскерий қәрежетлер избе-из 11-жыл өсти. Олардың жалпы ишки өнимдеги үлеси 2009-жылдан берли ең жоқары - 2,5 процентке жетти. Жыллық өсиўдиң 2,9 процентлик көрсеткиши 2024-жылдағы 9,7 проценттен сезилерли дәрежеде аз болған болса да, бул пәсейиў тийкарынан АҚШта бул тараўдағы қәрежетлердиң азайғаны менен байланыслы, деп атап өтеди институт экспертлери. АҚШтан тысқарыда улыўма қәрежетлер 2025-жылы 9,2 процентке өскен. Бул көрсеткиш бойынша 2025-жылы ең ири бес мәмлекет АҚШ, Қытай, Россия, Германия ҳәм Ҳиндстан болып, олардың үлесине жәҳән әскерий қәрежетлериниң 58 проценти туўра келген, деп жазбақта tass.ru.

"Әскерий қәрежетлер ҳәм қурал-жарақ ислеп шығарыў бойынша SIPRI бағдарламасының илимий хызметкери Сяо Лян "Глобал әскерий қәрежетлер 2025-жылы және де өсти, себеби мәмлекетлер гезектеги бир жылдағы урыслар, анықсызлық ҳәм геосиясий аўдарыспақларға қурал-жарақларды көбейтиў бойынша кең көлемли бағдарламалар менен жуўап берди. Ҳәзирги кризислердиң көлемин, сондай-ақ, көплеген мәмлекетлердиң әскерий қәрежетлериниң узақ мүддетли мақсетлерин есапқа алсақ, бул өсиў 2026-жылға шекем ҳәм оннан кейин де даўам етиўи итимал."