Буған себеп АҚШ визаларын алыў процесиниң созылыўы болып есапланады. Соның ишинде, ҳәзирге шекем командамыздың бирде-бир ағзасына АҚШқа кириў ушын рухсатнама берилмеген.

Тадж бул жағдайдан қәўетерленип, жақын күнлерде Иран тәрепи Халықаралық футбол ассоциациялары федерациясы (ФИФА) ўәкиллери менен ушырасыў өткеретуғынын билдирди.

Сөйлесиўлер ўақтында ол виза мәселесин тез арада шешиў бойынша анық кепиллик талап етиў нийетинде. Егер машқала сапластырылмаса, Иранның турнирде қатнасыўы қәўип астында қалыўы мүмкин.

Атап өтиўинше, жәҳән чемпионаты 11-июнь - 19-июль күнлери үш мәмлекет - АҚШ, Канада ҳәм Мексикада болып өтеди. Еслетип өтемиз, Иран жәҳән чемпионатының G топарында Бельгия, Египет ҳәм Жаңа Зеландия менен ойнайды. Иран сайланды командасы үш ойынды да АҚШта өткериўи керек, деп жазбақта report.az.