Қытай жетекшиси Си Цзинпин ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир
Путин Пекинде еки мәмлекет арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық муўапықласыўды
және де беккемлеў, жақсы қоңсышылық ҳәм дослық қатнасықларын тереңлестириў
ҳаққындағы биргеликтеги билдириўге қол қойды.
Олардың қатнасыўында түрли тараўлардағы бирге ислесиўге байланыслы 20 ҳүжжетке қол қойылды.
Си Цзинпин еки мәмлекет арасындағы саўда алмасыўы избе-из үшинши жыл 200 миллиард доллардан артқанын мәлим етти. РФ ҳәм ҚХР арасындағы товар алмасыў январь-апрель айларында дерлик 20 процентке артты, деп жазады report.az.