Сапар етиўдиң бүгинги бағдарламасының биринши бөлими шеңберинде мийманлар Сергели айланыста болған транспорт қураллары ҳәм аўысық бөлеклер базары, «Tashkent INDEX» саўда комплекси, сондай-ақ, «Banner Print» ЖШЖ кәрханасында болды. Делегация олардың жумысы, саўда инфраструктурасы, хызмет көрсетиў системасы, автомобильлер ҳәм аўысық бөлеклерди сатып алыў ҳәм сатыў ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Ушырасыўлар даўамында делегация ағзаларына пайтахтымызда автомобильлер ҳәм аўысық бөлеклер саўдасын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, исбилерменлерге жаратылған имканиятлар, өз-ара саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Буннан тысқары, сапар бағдарламасы шеңберинде бир қатар ушырасыўлар өткериў, еки мәмлекет исбилерменлери арасында жаңа исбилерменлик байланысларын орнатыў ҳәм өз-ара пайдалы жойбарларды додалаў режелестирилген.

Аўғанстанлы исбилерменлер делегациясына Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм Саўда-санаат палатасының ўәкиллери биргеликте хызмет етпекте.