Бул тәртип Министрлер Кабинетиниң 2026-жыл 13-августтағы 440-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жолға қойылған.

Жеңилликтен төмендеги категориядағы пуқаралар пайдаланыўы мүмкин:

1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары;

оларға теңлестирилген шахслар;

Чернобыль апатшылығы ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқан шахслар.

Жеңиллетилген категорияға киретуғын пуқараларға Өзбекстан аймағы ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер аймағы бойлап календарь жылында бир мәрте барыў ҳәм қайтыў ушын жеңиллетилген билет бериледи.

Жеңиллетилген билетти қалай алыў мүмкин?

Буның ушын пуқара шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет - ID-карта ямаса биометрикалық паспортты “Uzbekistan Airways” ҳәм "Өзбекстан темир жоллары"ның ўәкилликли бөлимлерине усыныўы жетерли.

Пуқараның жеңиллетилген категорияға тийислилиги Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасындағы "Транспорт жеңилликлери" модули арқалы тексериледи.

Мағлыўматлар тастыйықланғаннан соң бийпул ямаса шегирмели билет мүрәжаттың өзинде рәсмийлестириледи.

Жеңилликке ийе пуқаралардың бирден-бир реестри қәлиплестириледи.

Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Пенсия қоры өзлериниң мәлимлеме системаларындағы жеңилликли категорияға тийисли шахслар ҳаққындағы мағлыўматларды Социаллық қорғаў миллий агентлигине усынып барады.

Усы тийкарда транспорттан жеңиллетилген пайдаланыў ҳуқықына ийе болған шахслардың бирден-бир реестри қәлиплестириледи.

Қандай түрдеги билетти таңлаў мүмкин?

Пуқараның қәлеўи бойынша:

ҳаўа транспортында - "эконом" тарифи бойынша;

темир жол транспортында - "эконом", плацкарт ямаса купе орынларынан бири ушын билет бериледи.

Жеңилликли категориядағы пуқараларға көрсетилген транспорт хызметлери қәрежетлери Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап барылады.