Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллық байрамы шын мәнисинде жаңа дәўирдиң басланыўы, өзлигимиз ҳәм имканиятларымызды есап-санақ етиўши мәўрит сыпатында тарийхқа кирди. Мазмуны көп қамтып алынған дәўир даўамында миллий мәмлекетшилигимиз өзиниң беккем тийкарын жарата алды.
Мәмлекетимиз басшысының салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде жәрияланған жети миллий бағдарламаның биринши бағдары сыпатында билим ҳәм маманлықты келешектеги раўажланыўдың тийкарғы капиталына айландырыў ўазыйпасы қойылғаны бийкарға емес. Бәршемиз гүўамыз, бүгинги жәҳән экономикасында оғада аўыр структуралық бурылыслар жүз бермекте: дәстүрий шийки зат ресурсларына таянған экономикалық өсиў модельлери өз орнын интеллектуаллық инвестиция ҳәм инновацияларға босатып бермекте. Жаңа мың жыллықтың қатаң талабы да соннан ибарат, тек ғана жоқары интеллектуаллық потенциалға ийе халықлар ғана глобал бәсеки майданында өз сөзин айта алады ҳәм мүнәсип орын ийелейди.
Билимди раўажланыў драйверине айландырыў идеясы тийкарында терең экономикалық ҳәм социаллық логика жәмленген. Қайсы мәмлекет болмасын, оның байлығы жер асты ямаса жер үсти резервлери менен емес, бәринен бурын, пуқаралары билим, қәбилети ҳәм заманагөй көнликпелерди қаншелли ийелегени менен өлшенетуғын дәўир келди. Инсан капиталы индексиниң жоқары екенлиги тиккелей макроэкономикалық турақлылық, инвестициялық тартымлылық ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлейтуғын ең исенимли кепиллик болып есапланады. Халқының тийкарғы бөлегин жаслар қурайтуғын Өзбекстандай елде демографиялық имканиятты экономикалық әжайыбатқа айландырыўдың бирден-бир жолы да әйне сапалы билимлендириў системасын жаратыўдан ибарат.
Тарийхқа нәзер тасласақ, тек билимлендириўге киргизилген инвестиция ҳеш қашан қәдирсизленбеўине, керисинше, жыллар өткен сайын мийўасын он есеге қайтаратуғынына исеним пайда етемиз. Санластырыў ҳәм жасалма интеллект турмысымыздың ҳәр бир тараўына жедел кирип атырған ҳәзирги шараятта дәстүрий кәсиплер жоқ болып, орнын аналитикалық пикирлеўди талап ететуғын жаңа қәнигеликлер ийелеп бармақта.
Соның ушын маманлық ҳәм билимди жаңа он жыллықтың тийкары етип белгилениўин мәмлекеттиң узақты гөзлеген, данышпанлық қарары сыпатында тән алыў керек. Келешекте жасларымыз халықаралық мийнет базарында мүнәсип бәсекилесе алыўы ушын бүгин оларға берилип атырған билим ҳәр тәреплеме шешиўши мәселе болып есапланады.
Жақында мәмлекетимиз басшысының пәрманы менен Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги және Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги негизинде бирден-бир Билимлендириў ҳәм илим министрлигиниң шөлкемлестирилиўи жоқарыда атап өтилген жоқары мақсетлердиң әмелдеги логикалық көриниси болды. Жыллар даўамында билимлендириўдиң түрли басқышлары айрықша уйымлардың қарамағында болыўы системада тарқалыўды, әпиўайы етип айтқанда, имараттың тырнағы менен қапламасының арасындағы үзилислерди келтирип шығарғанын енди ашық тән алыў керек. Экономикалық тилде түсиндиретуғын болсақ, кадрлар таярлаўдай қурамалы ҳәм нәзик "үзликсиз қосымша қун шынжыры" ҳәр қыйлы стандартлар ҳәм көзқарасларға ийе субъектлердиң қолында бөлинип қалған еди. Бақша тәрбияланыўшыға өзинше қатнас жасап билим берген болса, мектеп басқаша бағдарламаны усынған, жоқары оқыў орны болса мектеп питкериўшиси өз талапларына сәйкес келмей атырғанынан налыған. Енди бул буўынлардың барлығы бирден-бир басқарыў астына бирлестирилип, инсан капиталын қәлиплестириўдиң тутас экосистемасы жаратылмақта. Бул механизм бала бақша босағасына биринши қәдем қойған күннен баслап таяр қәниге болып жетилисиўине шекем өтетуғын пүткил турмыслық циклди бир ноқаттан басқарыў имканиятын береди. Бўл жерде басқарыўдағы жекке басшылық емес, әйне бирлик идеясы табысымыздың тийкарғы гилти болады.
Бул реформаның келешегимизге қаншелли унамлы тәсир ететуғынын әпиўайы бир мысал арқалы түсиниў мүмкин. Көз алдыңызға келтириң, үлкен көпир қурылмақта. Егер оның басланыў бөлегин бир инженерлик компаниясы өз сызылмасы бойынша, орта бөлегин басқасы, ал жуўмағын болса үшинши бир шөлкемниң еркин қағыйдалары менен қурса, нәтийже не болатуғынын болжаў қыйын емес. Жыллар өтип, бул бөлеклер ортада ушырасқанда көпир тигислери түспей қалмаўына ким кепиллик береди? Билимлендириў системасы тап сондай нәзик социаллық инженерия болып есапланады.
Мектептеги сабақлықлар ҳәм оқытыў методикасы тиккелей жоқары билимлендириў потенциалына хызмет етиўи, жоқары билимлендириўдеги илимий жаңалықлар болса мектеп ҳәм бақша бағдарламаларына сиңдирилиўи зәрүр. Жаңадан шөлкемлестирилген министрлик мине усы үзликсиз айланба ҳәрекетти, билимлендириўдеги ҳақыйқый интеграцияны тәмийинлей алатуғын күш болады. Жоқары билимлендириў мәкемелериндеги профессорлар, тәжирийбели илимпазлар енди мектеп сабақлықларын жетилистириўде тийкарғы фигураларға айланады, ақыры олар енди бирден-бир уйымлық системада жумыс алып барып, бир мақсетке қарай ҳәрекет етеди. Илим жетискенликлери де изертлеў институтларының шаң басқан шкафларынан жыллық бағдарламаларға кирип барады. Қалаберди, бундай логикалық избе-излик экономикалық нәтийжелиликти арттырып жибериўи де әмелиятта көп мәрте дәлилленген.
Мәмлекетлик бюджет қаржыларын бөлистириў көзқарасынан да бул бирлесиў үлкен әҳмийетке ийе. Бурын бир баланың тәғдири ушын еки түрли министрлик өз алдына еки стратегия ислеп шыққан болса, енди қаржылар тийкарсыз бөлинип кетпейди. Бир ноқаттан басқарылатуғын бюджет баланың қәбилетин нәрестелик ўақтынан-ақ анықлаў, оны керекли ресурслар менен тәмийинлеў ҳәм жетик қәниге болып жетискенине шекем турақлы қоллап-қуўатлаў имканиятын береди.
Баланың бақшадағы психологиялық портрети келешекте қайсы кәсипке бейимлигин көрсетсе, мектепте пәнлерди өзлестириў көрсеткиши тиккелей жоқары билимлендириў квоталарын белгилеўге хызмет етеди. Айырым уйымлар шараятында бундай жуўмақларды бир жерге жәмлеп, системалы таллаў мүмкин емес еди. Бәсекиге шыдамлы мәмлекетлердиң тәжирийбесинде ҳәр бир инсанның қәбилети шын мәнисинде миллий байлық сыпатында қәдирленетуғынын есапқа алсақ, бул реформа социаллық капиталды арттырыўға қойылған исенимли қәдем болды.
Билимлендириў сапасы бойынша дүньяда жыллар даўамында жетекшиликти қолдан бермей киятырған мәмлекетлер, атап айтқанда, Сингапур, Финляндия ямаса Қубла Корея моделине итибар қаратсак, әйне бир пүтин басқарыў принципи олардағы табыслардың тийкарғы сыры екенине исеним пайда етемиз. Сингапур сыяқлы тәбийғый ресурслары оғада жетиспейтуғын мәмлекетте инсан капиталын раўажландырыў бир пүтин стратегия әтирапында муўапықластырылады. Ол жердеги билимлендириў министрлиги үзликсиз билимлендириўдиң барлық басқышларын - кәсип-өнер мектеплеринен баслап ири изертлеў институтларына шекем өзинде жәмлеген интеллектуаллық хаб ўазыйпасын атқарады. Бул мәмлекетте әпиўайы бақша тәрбияшысы да, университет профессоры да бирден-бир билимлендириў сиясатының орынлаўшылары сыпатында қәдирленеди. Нәтийжеде мектептеги оқыўшының пәнлерди өзлестириўи мәмлекеттиң технологиялық экспорт потенциалына тиккелей тәсир көрсете алатуғын механизм жаратылған. Демек, экономикалық өсиў көрсеткишлериниң тамыры тиккелей класс ханаларындағы билимлендириў сапасына барып тақалады.
Финляндиядағы дүнья тән алған билимлендириў әжайыбатында мектеп ҳәм жоқары билимлендириў арасындағы избе-излик ең жоқары дәрежеге көтерилгенин көремиз. Педагогика бағдарындағы университетлер тиккелей мектеплерге бириктирилген болып, муғаллим таярлаў ҳәм мектептеги билимлендириў процеси бир тамыр арқалы азықланады. Финляндия тәжирийбеси дәлиллейди, мектепте сапалы билимлендириўди тек ғана күшли университетлердиң жәрдеминде әмелге асырыў мүмкин. Қубла Корея да билимлендириў ҳәм технологияларды үйлестириў арқалы экономикалық раўажланыўға ерискен мәмлекетлерден бири.
Олардың қатнасында мектепке шекемги билимлендириў ҳәм фундаментал изертлеўлер бир-бирин толықтыратуғын шеңбер сыпатында тән алынады. Жаңадан шөлкемлестирилген министрлик мине усындай алдынғы халықаралық стандартлардың миллий менталитетимиз ҳәм экономикалық өзгешеликлеримизге бейимлестирилген көриниси болып есапланады. Жасларымыз глобал мийнет базарында алдынғы қатарлардан орын алыўы ушын, бәринен бурын, оларды басқаратуғын система жәҳән дәрежесиндеги жетик менеджментке сүйениўи талап етиледи. Себеби, системасыз басқарыў арқалы бирден-бир миллий идеяны қәлиплестириў қыйын.
Елимизде билимлендириўге қаратылып атырған итибар тек ғана структуралық реформалар менен шекленип қалмастан, өзине тән социаллық тәреплери менен де әҳмийетли. Атап айтқанда, соңғы жылларда муғаллим ҳәм устазлардың жәмийеттеги абырайын арттырыў жолында исленген ҳәрекетлер әмелий нәтийжесин бермекте. Ашық тән алыў керек, егер педагогтың материаллық абаданлығы ҳәм руўхый қәтержамлығы тәмийинленбесе, ҳеш қандай заманагөй оқыў бағдарламасы ҳәм инновациялық методикадан пайда жоқ. Айлық мийнет ҳақылардың турақлы арттырылыўы, муғаллимлердиң жат жумыслардан ҳәм мәжбүрий мийнеттен азат етилиўи тараўға саламат дөретиўшилик бәсеки руўхын алып кирди. Бүгинги күнге келип ең қәбилетли жаслар, халықаралық олимпиада жеңимпазлары әйне усы кәсип ийеси болыўды мақсет етпекте. Бүгин ата-аналар перзентиниң келешегин мүлк топлаўда емес, оларды сапалы мектеплерде оқытыўда көрип атырғаны жәмийетимиздеги шын мәнисиндеги интеллектуаллық революция болып есапланады.
Және бир әҳмийетли тәрепи – санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект елементлериниң оқыў процесине кеңнен енгизилип атырғаны. Әйне бирден-бир министрлик шараятында бул санластырыў процеси әдеўир системалы түс алады. Бүгин ең шетки аўыллардағы мектеп оқыўшылары да пайтахттағы алдынғы билимлендириў дәргайлары қатарында бирдей мәлимлеме ресурслары ҳәм санлы китапханалардан пайдаланыў имканиятына ийе болмақта. Аралықтан билимлендириў платформалары, интерактив электрон сабақлықлар дәстүрий оқытыўдағы тосқынлықларды үзип, жасларға қәлеген ўақытта еркин излениў имканиятын бермекте. Билимлендириўге мәлимлеме технологияларының кирип келиўи компьютер саўатлылығын арттырыў емес, тийкарғысы, системалы пикирлеў ҳәм таллаў көнликпелерин балаға жаслығынан сиңдириў демек.
Мәмлекетимиздиң қәлеген орнынан турып дүньядағы ири китапханаларға жалғаныў ямаса сырт елли қәнигелердиң онлайн лекцияларына қатнасыў бүгин әдеттеги жағдайға айланып қалды. Бул ҳәрекетлердиң барлығы экономикада кадрлар бейимлесиўшеңлигин – өзгериўшең мийнет базары талапларына тез бейимлесе алатуғын жас қәнигелер қатламын қәлиплестиреди.
Билимлендириў ҳәм илим министрлигиниң келешектеги ең әҳмийетли ўазыйпасы илим, билимлендириў ҳәм өндирис арасындағы онлаған жыллық тарийхый бослықты сапластырыўдан ибарат. Илим енди тек ғана аудиторияларда қағаз жазыў ямаса илимий атақлар алыў ушын хызмет етпейди. Керисинше, ол экономикалық машқалаларға арзан ҳәм нәтийжели шешим табыўы, завод ҳәм фабрикаларда, аграр секторда инновациялық шешим сыпатында енгизилиўи шәрт.
Жасларымыздың көкирегинде пүткил дүньяны өзгертиўге уқыплы жасырын күш бар, тек ғана оны дурыс бағдарлап, қәбилетин жүзеге шығарыў ушын бирден-бир билимлендириў орталығы жетиспей атырған еди. Жақында мине усы тырнаққа тырнақ тасы қойылды. Бул болса тарийхый қысқа мүддетлерде өз жемисин бере баслаўы сөзсиз.
Абдуғаффор ЖЎРАЕВ,
экономика илимлериниң докторы, профессор