Бул Ҳүкиметтиң 2026-жыл 19-октябрьдеги 575-санлы қарарында нәзерде тутылған.

Қарарға муўапық, 2026-жыл октябрь айында Ташкент қаласында "Ибн Сина — Батыс ҳәм Шығыс философиялық ой-пикириниң уллы ўәкили" темасында халықаралық илимий конференция өткериў режелестирилген.

Сондай-ақ, жоқары медициналық билимлендириў шөлкемлери, илимий орайлар, китапханалар ҳәм емлеў-профилактика мәкемелеринде илимий-әмелий конференциялар, көргизбелер ҳәм ашық лекциялар шөлкемлестириледи. Сырт еллерге илимий экспедициялар шөлкемлестириў ҳәм илимпаздың сырт еллерде сақланып атырған қолжазбаларын жыйнаў да белгиленген.

Илимпаздың «Мўъжаз ал-Қонун», «Қонунча», «Ал-Ишорат ва ат-танбиҳот», «Донишнома», «Китоб аш-Шифо» ҳәм «Шарқ фалсафаси» шығармаларын өзбек тилине аўдарыў, олардың баспа ҳәм электрон басылымларын таярлаў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, "Ибн Сино" халықаралық сыйлығын шөлкемлестириў режелестирилмекте.

Қарар менен Бухара мәмлекетлик медицина институты жанында мәмлекетлик мәкеме түринде Абу Али ибн Сино илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныс та мақулланған.

Орайдың тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат болады:

Ибн Сина медицинасына тийисли изертлеўлер өткериў ҳәм олардың нәтийжелерин заманагөй медицинада қолланыў;

ойшыл шығармаларының қолжазбаларын жыйнаў, өзбек тилине аўдарма ислеў ҳәм олардың электрон платформасын жаратыў;

медицина хызметкерлери ҳәм де медицина тарийхы менен қызығыўшылар ушын оқыў курслары ҳәм шеберлик сабақларын шөлкемлестириў.

Орай Бухара мәмлекетлик медицина институтының бюджеттен тысқары қаржылары, халықаралық финанс институтларының грантлары, төлемли хызметлерден түсетуғын қаржылар, қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылады.