Илажда Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў,
илим ҳәм инновациялар министриниң илим ҳәм технологиялар бойынша кеңесгөйи,
офис директоры Акбархон Собирхонов қатнасты.
Ушырасыўда Корея Республикасы ҳәм Орайлық Азия
мәмлекетлери арасында илим, технология ҳәм инновациялар тараўындағы бирге
ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў мәселелерине айрықша итибар
қаратылды.
Қатнасыўшылар Корея ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң
илимий-технологиялық потенциалын бирлестириў, университетлер, илимий-изертлеў
институтлары, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм технологиялық шериклер арасындағы бирге
ислесиўди кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти.
Сондай-ақ, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм
әмелий нәтийжелерге ерисиў арқалы бирге ислесиўди және де раўажландырыў әҳмийетли
екени атап өтилди.