Қала ҳәм район ҳәкимлериниң қарарларына бола, бақшалар төмендеги мүддетлерде ўақтынша ислемейди:

Нөкис қаласы - 2026-жыл 13-июльден 18-июльге шекем;

Әмиўдәрья районы - 13-июльден 15-июльге шекем;

Беруний районы - 13-июльден 17-июльге шекем;

Хожели районы - 13-июльден 18-июльге шекем;

Тақыятас районы - 13-июльден 18-июльге шекем;

Шоманай районы - 13-июльден 17-июльге шекем;

Мойнақ районы - 13-июльден 17-июльге шекем;

Қанлыкөл районы - 13-июльден 17-июльге шекем;

Төрткүл районы - 13-июльден 17-июльге шекем.

Бул қарар аномал жоқары ҳаўа температурасы шараятында балалардың саламатлығын қорғаў ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилгенин атап өтти.

Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысын ўақтынша тоқтатып турыў санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы уйымларының жуўмақлары ҳәм усынысларына муўапық әмелге асырылады.

Сондай-ақ, министрлик ата-аналардан балалардың денсаўлығына айрықша итибар қаратыў, олардың күнниң ең ыссы саатларында ашық ҳаўада узақ ўақыт болыўына жол қоймаў ҳәм зәрүрли қәўипсизлик илажларына әмел етиўди сорады.