Бундай илажлар биргеликте регионаллық раўажланыўдың пүткиллей жаңа бағдарын қәлиплестиреди.
Қарақалпақстанға хызмет сапары даўамында редакция жәмәәти әмелге асырылып атырған өзгерислер менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды. Регион аймағындағы әҳмийетли объектлер, соның ишинде, мәдений, тарийхый ҳәм тәбийғый объектлер менен танысты. Сапар шеңберинде музей хызметкерлери ҳәм туризм тараўы қәнигелеринен баслап, жергиликли халық ҳәм экологиялық басламалардың қатнасыўшыларына шекем ҳәр қыйлы тараўлардың ўәкиллери менен ушырасыў ҳәм сәўбетлесиў имканияты жаратылды.
Бундай формат жақсы өзгерислерди жазып алыў, соның менен бирге, олардың әпиўайы адамларға тәсирин тереңирек түсиниў имканиятын берди...
Билимлендириў - реформалардың тийкары
Турақлы өзгерислер тийкарында бәрқулла билимлердиң тийкарғы жәмийетлик ресурс сыпатында раўажланыўы турады. Жәҳән тәжирийбеси соны көрсетпекте: заманагөй билимлендириў орталығы қәлиплескен жерде технологиялық жаңаланыў, басқарыў нәтийжелилиги ҳәм исбилерменлик басламасы ушын кадрлар базасы да пайда болады. Бүгин Қарақалпақстан бул жолдан избе-из бармақта.
Өзгерислердиң системалы характери мәмлекетлик сиясат дәрежесинде беккемленген. Өзбекстан Президентиниң 2025-жыл 14-августтағы "Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў илажларын буннан былай да жеделлестириў ҳаққында"ғы қарарына қол қойылыўы аймақ жасларын қоллап-қуўатлаўдың қосымша механизмлерин белгилеп берген әҳмийетли қәдем болды.
Мәселен, енди қарақалпақстанлы абитуриентлер ушын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына қосымша 500, жеке меншик жоқары оқыў орынлары ҳәм сырт ел университетлериниң филиалларына қосымша 200 орын ажыратылды. Мақсетли грант квоталары оқыўға кириўдеги тосқынлықларды азайтады ҳәм глобал кәсиплик орталықта жумыс ислеўге бағдарланған көп тармақлы қәнигелерди таярлаў имканиятларын ашады.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгиленген билимлендириўди санластырыў бағдары да сезилерли нәтийжелер бермекте. Республикамызда "IT-қалашы" қәлиплестирилип, алыс аймақлардағы мектеп оқыўшылары шет тиллерин ҳәм мәлимлеме технологияларының тийкарғы бағдарларын - программаластырыўдан графикалық дизайн ҳәм робототехникаға шекем бийпул үйренбекте. Бул формат билим алыўдағы аймақлық айырмашылықларды сапластырады ҳәм балаларда дәслепки санлы саўатлылықты қәлиплестиреди.
Қарақалпақстан Республикасының жети ҳәм Хорезм ўәлаятының барлық районларындағы бес мыңға шамалас оқыўшыны қамтып алған "Муҳаммед ал-Хорезмий мийрасхорлары" жойбары бул жумыслардың даўамы болып хызмет етпекте. 7-кластан баслап оқыўшылар программаластырыў ҳәм шет тиллерин терең үйренип, базалық көнликпелерден кәсиплик компетенцияларға избе-из өтеди.
Билимлендириў мәкемелериниң өзи де өзгерип, көп функциялы билим орайларына айланып атырғаны да өзгерислердиң көлеминен дәрек береди. Соның ишинде, 1934-жылы шөлкемлестирилген региондағы ең ески жоқары оқыў орынларынан бири болған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында болды. Он жыллық мийнет жолы даўамында мәмлекетлик ғайраткерлер, илимпазлар, мәденият хызметкерлерин тәрбиялап, олардың арасында 6 академик ҳәм 5 Өзбекстан Қаҳарманы жетилисип шыққан.
Оқыў 31 кафедраны бирлестирген 8 факультетте алып барылады. Оқытыўшылар қурамына академик, илим докторлары ҳәм профессорлар, жүзден аслам илим кандидатлары ҳәм доцентлер - илим ҳәм билимлендириў тараўында хызмет көрсеткен ғайраткерлер, мәмлекетлик сыйлықлардың лауреатлары киреди. Институттың илимий күн тәртибинде қарақалпақ халқының тарийхы, археологиясы ҳәм этномәденияты, аўызеки ҳәм жазба мийрасы, сондай-ақ, Аралбойы регионының экологиялық кризиси себеплерин үйрениў ҳәм аймақты саламатландырыў жолларын излеў мәселелери турады.
- Институттың материаллық-техникалық базасы заманагөй талаплар ҳәм халықаралық стандартларға сай болып, қолайлы ҳәм функционаллық билимлендириў орталығын қәлиплестиреди,-дейди Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Татлымурат Атамуратов. - Илимий лабораториялар, лингафон ханалары, заманагөй компьютер ҳәм мультимедиа техникаларына ийе мәлимлеме-ресурс орайы, оқыў заллары, электрон китапхана студент ҳәм оқытыўшылардың ықтыярында. Жаслардың тек ғана билим алыўы емес, ал ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын да шараят жарататуғын спорт комплекслери, улыўма аўқатланыў объектлери ҳәм студентлер жатақханалары инфраструктураға қосымша болып қосылмақта.
Студентлердиң жетискенликлери - таярлық сапасының исенимли дәлийли. Олар турақлы түрде республикалық олимпиадалардың жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери болып, мәмлекетлик ҳәм халықаралық, соның ишинде, Улуғбек, Әлийшер Наўайы ҳәм Дмитрий Менделеев атындағы стипендияларды қолға киргизбекте.
Буның айқын мысалларынан бири БМШ Раўажланыў бағдарламасының халықаралық таңлаўында жеңимпаз болған биология бағдарының биринши курс магистранты Лобархон Йўлдошева болып табылады. Оның жойбары Қарақалпақстан Республикасында Nitraria sibirica өсимлигиниң плантацияларын шөлкемлестириўди нәзерде тутады ҳәм 8,5 мың долларлық грантқа ийе болды. Изертлеў қурғақшылық ҳәм шорға шыдамлы өсимликлердиң биоэкологиялық қәсийетлерине бағышланған. Биринши тәжирийбе участкасын Қанлыкөл районында қурыў режелестирилген. Жумыстың әмелий әҳмийети Аралбойы регионында деградацияға ушыраған жерлерди қайта тиклеў ҳәм топырақтың шорланыўын азайтыўдан ибарат. Келешекте автор өсимлик шийки затын қайта ислеў, ишки ҳәм сыртқы базар ушын экологиялық таза өним ислеп шығарыўды нәзерде тутады.
Студентлер мәдений ҳәм спорт турмысында да белсене қатнаспақта: Қуўнақлар ҳәм зийреклер ойынларында сыйлы орынларды ийелемекте, универсиада ҳәм миллий жарысларда жеңимпазлыққа ериспекте, институттың ҳаял-қызлар волейбол командасы болса елимиздиң жоқары лигасында қатнаспақта. "Тумарис" студентлер ансамбльи Наўрыз, Ғәрезсизлик байрамлары сыяқлы ири мәмлекетлик байрамлардың турақлы қатнасыўшысы есапланады.
Жоқарыдағылар бүгинги күнде Қарақалпақстанның билимлендириў тараўында жүз берип атырған өзгерислердиң бир бөлеги ғана. Системалы трансформация ҳәм инфраструктураны, ҳәм билимлендириўдиң мазмунын, ҳәм илимди өз ишине алады. Тийкарғы нәтийже ҳәзирги ўақыттың өзинде-ақ аймақ жаслары сапалы билим алыў ҳәм өзин-өзи раўажландырыў ушын ҳақыйқый имканиятларға ийе болды, жас қәнигелердиң басламалары қоллап-қуўатланды ҳәм әмелде өз көринисин тапты.
Мийрас сақлаўшылар
Қарақалпақстан Республикасы аймақтың мәдений картасында айрықша орын ийелейди: бул жерде көшпели ҳәм отырықшы дәстүрлердиң тутасқан жеринде әсирлер даўамында фольклор, әмелий көркем өнер, аўызеки поэзия ҳәм әййемги исенимлерди өзинде жәмлеген өзине тән мәденият қәлиплескен. Дәстанлар ҳәм халық аңызлары әўладтан-әўладқа өтип, жәмийеттиң тарийхый ядын ҳәм әдеп-икрамлылық бағдарларын сақлап келмекте. Гилемшилик, зергерлик, ағаш ойыўшылығы тек ғана эстетикалық емес, ал символикалық мәниске де ийе.
Мийрас қарақалпақ халқының миллий өзлигиниң тереңлигин сәўлелендиреди ҳәм пүткил Орайлық Азия тарийхын илимий түсиниўде әҳмийетли дәрек болып хызмет етеди. Дәстүр ҳәм ҳәзирги заманның өз-ара тәсири тарийхый байлық жаңа мазмунға ийе болатуғын орталықты қәлиплестиреди. Қарақалпақстандағы мәдений сиясат мине усы - бийбаҳа байлықты сақлаў, ғалаба ен жайдырыў ҳәм глобал мәканға интеграциялаўға қаратылған.
И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейи сапарымыздың тийкарғы орынларынан бири болды. Игорь Витальевич оған 1966-жылы тийкар салған: художник ҳәм коллекционер пайтахттағы әўерегершиликтен ўаз кешип, Нөкис қаласын таңлаған ҳәм кейин ала дүньяға белгили болған өзине тән коллекцияны қәлиплестириўге бел байлаған. "Саҳрадағы Лувр", "Азия гәўҳары" сыяқлы турақлы атамалар оның дүнья музейлери әмелиятындағы айрықша статусын тән алыўды сәўлелендиреди.
Экспозицияның структурасы үш бағдар - сүўретлеў көркем өнери, Қарақалпақстан халық әмелий мийрасы ҳәм әййемги Хорезм көркем өнери әтирапында қурылған. Бундай композиция аймақтың раўажланыўын дәстүрлер, тарийхый яд ҳәм көркем излениў бир пүтин көринисти пайда ететуғын бир пүтин система сыпатында көрип шығыў имканиятын береди.
Халық әмелий көркем өнери залларында көшпели ҳәм ярым көшпели жәмәәтлердиң турмыс тәризин сәўлелендиретуғын мифологиялық мазмундағы ағаштан исленген мүсинлер, металл ыдыслар, бай нағыслы тоқымашылық буйымлары орнатылған. Нағыслы структуралар ҳәм реңли шешимлер (тойғын қызыл, феруза ҳәм алтын реңлер) тәбийий ландшафт пенен тығыз байланысқан орталықтың эстетикалық кодын тәкирарлайды: бул жердеги ҳәр бир деталь символикалық мәниге ийе.
Әййемги Хорезм бөлими аймақтың ең әййемги цивилизацияларынан бири жоқары дәрежеде раўажланғанлығын көрсететуғын гүлалшылық буйымлары, мийнет қураллары ҳәм материаллық мәденият элементлерине бай. Сергей Толстов бул мәдений ареалды Орайлық Азия Египети деп характерлеўи тосыннан емес.
Экспозицияны XX әсир сүўретлеў өнери жуўмақлайды. Көркем сүўретлеў полотнолары ашық-айдын колорити ҳәм эмоционаллық көриниси менен бай болып, күнделикли турмысты жаңаша эстетикалық көзқарас арқалы қайта көрип шығыўға умтылып атырған художниклердиң излениўлерин сәўлелендиреди.
- И.В.Савицкийдиң әййемги ҳәм орта әсирлердеги Хорезм археологиялық ойлап табыўларына, регион халықларының әмелий өнерине, Түркстан ҳәм Россия авангардына болған қызығыўшылығы музей коллекциясының концептуаллық тийкарын белгилеп берди, - дейди музей директоры Гүлбаҳар Изентаева. - Қысқа мүддетте жергиликли зыялылар ҳәм администрацияның қоллап-қуўатлаўына сүйенип, бүгинги күнде тиккелей аналоги жоқ бир пүтин көркем-тарийхый массив сыпатында қаралып атырған экспозиция қәлиплестирилди. Бул жыйын рус авангардының дүньядағы ең әҳмийетли екинши коллекциясы сыпатында бийкарға тән алынбаған.
Бүгинги күнде музей фондында жүз мыңнан аслам сақлаў бирлиги болып, региондағы ең ири музей жыйнағы қатарына киреди. Өзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен кейин музейдиң көргизбе жойбарлары ҳәр қыйлы жылларда Европаның жетекши мәденият орайларында, соның ишинде, Флоренция ҳәм Венецияда көрсетилди. "Өзбекстан: шөлдеги авангард" ҳәм "Игор Савицкий дүньясы" сыяқлы заманагөй жойбарлар бул дәстүрди даўам еттирип, мәмлекетке дүнья көлеминде итибарды тартыўға жәрдем бермекте.
Кейинги жыллары музейде кең көлемли көргизбе жойбарлары әмелге асырылды - Роберт ҳәм Валерий Фалковлардың дөретиўшилиги, Урал Танысықбаевтың дәслепки дәўирине бағышланған экспозициялар. Арал теңизиниң экологиялық апатшылығын сәўлелендириўге қаратылған "Суў естелиги" көргизбеси айрықша итибарға ылайық.
Соның менен бирге мәкеме мәдений үгит-нәсиятлаўдың заманагөй механизмлерин жаратпақта. Елшилердиң мәмлекетимиздиң түрли қалаларын қамтып алған бағдарламасы Нөкис жыйынына қызығыўшылықты кеңейтиў ҳәм кең жәмийетшиликте Қарақалпақстан мийрасы ҳаққында түсиниклерди қәлиплестириўге қаратылған. Негизинде бул коммуникацияның инновациялық модельи болып есапланады: музей өз экспозициясы шегарасынан шығып, өз қәдириятларының интакер жолбасшылары тармағы арқалы жәмийетлик мәканға интеграцияланады.
2023-2024-жылларда Өзбекстан Республикасы Мәдений мийрас агентлиги ўәкиллери менен биргеликте музей экспонатларының кең көлемли салыстырмасы - фондлардың элементлер бойынша тексериўи өткерилди. Бундай қатнас коллекциялар менен ислесиўдиң ашық-айдынлығын ҳәм илимий исенимлилигин тәмийинлейди. Соның менен бирге, инфраструктуралық өзгерислер әмелге асырылмақта: заллардың ҳәм эстетикалық, ҳәм технологиялық жағынан қайта үскенелеўди қамтып алған оңлаў ҳәм реэкспозиция жумыслары турақлы түрде алып барылмақта.
...Қарақалпақстанның мәдений потенциалы бир ғана үлкен мәкемениң шеңберинен әдеўир кең. Тарийхый естеликлер, археологиялық комплекслер, регион халықларының бай материаллық емес мийрасы және де терең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўды талап ететуғын кең көлемли мәдений мәканды қурайды.
Нөкис музейиниң тәжирийбеси соны көрсетпекте: мәденият ҳәм мийрасты қорғаў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар инфраструктураны беккемлеў ҳәм Аралбойы регионын халықаралық орбитаға алып шығып, оны илимпазлар, туристлер ҳәм регионның мәдений көп түрлилигин түсиниўге умтылып атырған барлық ушын әҳмийетли тартымлы орайға айландырыў имканиятына ийе.
Туристлер ушын магнит
Қарақалпақстан Республикасы картасында ҳақылы түрде XX әсирдеги ең үлкен экологиялық кризислерден бириниң символына айланған, тарийхы аўыр Мойнақ қаласы әҳмийетли орын ийелейди. Буннан бир неше он жыллар бурын да Арал теңизи бойындағы ири порт, балықшылық ҳәм кемешилик орайы болған. Бирақ тезлик пенен толығы менен суў басыў оның тәғдирин өзгертип жиберди, бурынғы порт өтмиштеги адамлар қумға батып қалған кеңисликке айландырды.
Бул трансформацияның ең көзге көринетуғын көриниси "кеме қойымшылығы" болып есапланады, бул жерде суўсыз қалған балықшы кемелери шөлистанлықта жатыр. Туристлердиң көпшилиги, биринши гезекте, усы жерге барады. Жәмәәтимиз де буннан шетте қалмады: жетип келгеннен соң, маршрут усы орынға қойылды - бүгинги күнде ол туристлик объект емес, ал жүз берген ўақыяның күшли визуал белгиси ҳәм тәбийғый ресурсларға немқурайдылық пенен қараўдың баҳасын еслетиў ўазыйпасын атқармақта.
Тат басқан корпуслардың түбинде, шексиз көк жийек фонында Европадан келген саяхатшылар - Италиядан келген Лучия ҳәм Марко менен қысқаша танысыў болып өтти. Олардың Қарақалпақстанға баратуғын жолы Хийўа арқалы болып, алдында Бухара, Самарқанд ҳәм Ташкент қалалары бар еди. Бул географиялық вектор мәмлекетти сырттан - бир пүтин, соның менен бирге оғада ҳәр қыйлы кеңислик сыпатында қабыл етиў логикасын айқын сәўлелендиреди.
Бир саяхат шеңберинде бул жерде ҳәр қыйлы тәбият зоналары, архитектуралық дәстүрлер ҳәм мәдений кодлар: ашшы дала эстетикасынан баслап, әййемги қалалардың гөззал урбанизациясы ҳәм заманагөй пайтахттың динамикасына шекем биргеликте жасайды. Бул ноқатлар арасындағы ҳәрекетлениў есапланған саатлар даўам етеди, бирақ толыўы бойынша ҳәр қыйлы мәмлекетлер бойынша саяхатлар менен салыстырса болады. Ландшафтлардың ҳәр қыйлылығына қарамастан, ўатанласларымыздың ашық-айдынлығы ҳәм миймандослығы бирлестириўши фактор болып қалмақта.
Арадан бираз өткеннен соң, бағдар бойлап ҳәзирги туристлер ағымына тән және бир сәўбет - Қытайдан келген мийманлар менен сәўбетлесиў басланды. Ван шаңарағы - Сяо-Лун, Донмей ҳәм олардың алты жасар улы бул сапары тосыннан таңлаў емес, ал онлайн форматта мәмлекет пенен узақ танысыў нәтийжесинде әмелге асырылғанлар қатарына киреди.
Дәслепки тәсирлер архитектуралық көринислер - тарийхый минаралар, дәстүрий орталық, жасыл қала ландшафтлары менен байланыслы. Кейин ала таныслардың сүўретлери арқалы Ташкентке итибар қаратылды - бул мәмлекеттиң пүткиллей басқаша көриниси: шийше төбелерге ийе заманагөй орай ҳәм мазмунлы социаллық-мәдений турмыс. Әйне қарама-қарсы мәдений кодлардың биригиўи усындай ҳәр қыйлы образлы кеңисликтиң структурасын анықлаў тилегин пайда етти. Жаслардың тән алыўынша, тема үйренилип атырған ўақытта Қарақалпақстан Республикасы жөнелисте айрықша орын ийеледи - Аралбойындағы экологиялық өзгерислердиң көлемин аңлаў тийкарғы ўақыя болды ҳәм олар буны өз көзи менен көриўи ҳәм балаға әлбетте көрсетиўи керек, деген қарарға келди.
Қарақалпақстан туризм потенциалын избе-из раўажландырмақта. Экотуризм ҳәм мәдений мийрасты регионның стратегиялық ресурслары сыпатында үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Жаңа бағдарлар барыў географиясын кеңейтти ҳәм жергиликли жәмийетшиликти өз дәстүрлерин таныстырыўға тартты - ярмаркалар, фестивальлар ҳәм көргизбелер арқалы мийман өнерментшилик, асхана ҳәм фольклор менен тиккелей байланыста болыў имканиятына ийе болды.
Аймақтың туризм базары онлаған оператор ҳәм агентликлер, заманагөй мийманханалардан баслап мийман үйлерине шекемги жайластырыў қуралларының раўажланған тармағы менен тәмийинленген. Барлық жайластырыў объектлери бирден-бир e-mehmon.uz платформасына интеграцияланған болып, бул арқалы бронлаў ҳәм есапқа алыў әпиўайыластырылды. Статистикалық көрсеткишлер турақлы динамиканы тастыйықлайды: жылына жүз мыңлаған сырт ел мийманлары ҳәм ишки туризмниң сезилерли дәрежеде жеделлескени.
Илажлы дем алыў айрықша итибарға ылайық. Бийтәкирар тәбийғый ландшафтлар - Үстирт платосы ҳәм бурынғы Арал теңизи акваториясы тийкарында кең көлемли халықаралық жойбарлар әмелге асырылмақта. Топыраққала естелигинде өткерилип атырған “YONAR” көркем өнер фестивалы ҳәм "Саҳра жаңғырығы" фестивалы художниклер ҳәм изертлеўшилерди бирлестирип, мәдений күн тәртибин қәлиплестиреди. "Ралли Мойнақ" экстремал ҳәм экспедициялық сапарлар ушын ўәлаяттың потенциалын көрсетеди. "Стихия" фестивалы айрықша орын ийелейди - ол жергиликли басламадан ҳәр жылы мыңлаған қатнасыўшыларды өзине тартатуғын ҳәм бир ўақыттың өзинде жәмийетшиликтиң итибарын Аралбойы машқаласына қарататуғын дүнья көлеминдеги әҳмийетли илажға айланды.
Усы тәризде Қарақалпақстан мәдений ҳәм тәбийғый мийрасқа қәдирлеў ҳәм оны үгит-нәсиятлаўдың заманагөй қураллары менен биргеликте алып барылатуғын жаңа модельге өтиўди көрсетпекте. Регион Орайлық Азияның ең перспективалы саяхат бағдарларынан бири - тарийх, мәденият ҳәм тәбият бирден-бир ҳәм тәсиршең ландшафтты пайда ететуғын мәкан статусын исенимли тәризде беккемлемекте.
Арал әрманы
Кең тегисликте кемелердиң тат басқан қалдықлары қасында турып (бүгинги күнде олар бул жерде бурынғы флотилияның онлаған кемесинен жүзлегенине жетпейди) ҳәзирги пейзажды бул кеңисликтиң буннан бир неше он жыл бурынғы көринислери менен байланыстырыў қыйын. Ҳәзирги қурғақ горизонт сызығы созылып атырған жерлерде бир ўақытлары толқынлар көтерилген, толық теңиз экосистемасы ҳәм раўажланған хожалық инфраструктурасы болған.
Нөкистен бир неше жүз километр узынлықтағы Мойнаққа барыў ушын дерлик үш саат ўақыт кетеди. Бирақ тарийхый өлшемде бурынғы Арал теңизине шекемги аралық салыстырып болмайтуғын дәрежеде үлкен - ол жоғалған суў системасының көлеми менен өлшенеди. Бурынғы жағыс орнында тек ғана инфраструктураның айырым элементлери - пристань, маяк, кемелер қатнаўы ҳаққында естелик қалдырған порт қурылмаларының бөлеклери сақланып қалған.
Арал теңизи тарийхы тәбият системасына антропоген тәсирдиң ең айқын мысалларынан бири болып есапланады. Суў бассейниниң жоқ болып кетиўи ихтиофаунаның үлкен бөлегиниң жоқ болыўына, биологиялық көп түрлиликтиң кескин азайыўына ҳәм турақлы экологиялық байланыслардың бузылыўына алып келди. Соның менен бирге, узақ ўақытқа шекем балықшылық санааты халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң тийкарғы дәреги болып келген теңиз бойы аймақларының экономикалық модельи әмелде сапластырылды. Турмысы тиккелей теңиз бенен байланыслы болған халық турмыс тәризин пүткиллей өзгертиў зәрүрлигине дус келди.
Соның ушын да соңғы жыллары Аралбойында апатшылық ақыбетлерине қарсы гүресиў бойынша кең көлемли басламалар избе-из әмелге асырылып атырғаны оғада әҳмийетли. Олардың мазмуный тийкары жергиликли экологиялық илажлар шеңберинен алыслап, регионымыздың бийбаҳа мәдений ҳәм тарийхый мийрасын қәстерлеп сақлаў, халықаралық илимий-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў сыяқлы кеңирек ўазыйпаларды қамтып алады.
- Арал теңизиниң қурыған ултанын экологиялық тиклениў ҳәм көклемзарластырыў аймағына айландырыў бойынша стратегиялық ўазыйпа мәмлекетлик сиясаттың ең үлкен ўазыйпаларынан бири болып есапланады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы агентлигиниң баслығы Айбек Аминов. - Бул жерде тек ғана тәбийғый теңсалмақлылықты тиклеў емес, ал деградацияға ушыраған аймақлар узақ мүддетли регенерация ушын мәкан сыпатында қаралып атырған инсан ҳәм орталықтың өз-ара тәсириниң жаңа модельин қәлиплестириў ҳаққында сөз бармақта. Бул жерде миллий ҳәм халықаралық ҳәрекетлерди бирлестиретуғын көп дәрежели қоллап-қуўатлаў айрықша әҳмийетке ийе.
Бул процессте 2018-жылы Өзбекстанның басламасы менен шөлкемлестирилген БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик тийкарындағы Траст фонды әҳмийетли роль атқармақта. Оның есабынан экологиялық ҳәм социаллық жағдайды жақсылаў, мәҳәллелердиң турақлылығын арттырыў, бәнтликтиң жаңа түрлерин раўажландырыўға қаратылған жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул басламаның халықаралық көлемде кеңнен қоллап-қуўатланыўы машқаланың глобал көриниси тән алыныўын сәўлелендирди.
Өзбекстан Президентиниң 2025-жыл 28-марттағы "Арал мәденияты саммитин жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында"ғы қарары институционаллық дәрежеде әҳмийетли қәдем болды. Ҳүжжетте илаждың турақлы түри - 18 айда бир мәрте өткерилиўи беккемленип, илимпазлар, художниклер, экологлар ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерди бирлестиретуғын пәнлераралық платформа сыпатында белгиленди. Саммиттиң мазмуны Аралбойы регионының күн тәртиби бойынша глобал додалаў майданын қәлиплестириў, Арал мектеби форматында билимлендириў басламаларын шөлкемлестириў, халықаралық экспертлердиң қатнасыўында суў ҳәм топырақ ресурсларын комплексли изертлеў, регионның мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў мәселелерин өз ишине алады.
Жоқары дәрежедеги регионаллық бирге ислесиў жеделлескени бул жумыслардың әҳмийетин көрсетпекте. Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 21-22-апрель күнлери Регионаллық экологиялық саммит ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилисинде қатнасыў ушын Астана қаласына сапары да экологиялық қәўип-қәтер бүгинги күнде де халықаралық шерикликтиң жаңа түрлерин ислеп шығыўды талап етип атырғанының айқын дәлили болды.
Арал теңизи апатшылығы бүгинги күнниң ең аўыр экологиялық сабақларынан бири болып қалмақта. Соның менен бирге, Аралбойы регионының бүгинги раўажланыў басқышы жоғалтыўдың естелиги менен емес, ал оның ақыбетлерин сапластырыў бойынша избе-из жумыслар менен белгиленбекте. Қарақалпақстан әсте-ақырын жаңа шешимлерди излеў мәканына айланбақта - бул қурамалы ҳәм узақ даўам ететуғын процесс бүгинги күнниң өзинде абайлы оптимизмге тийкар жаратпақта.
Бүгинги күнде Республика
Қарақалпақстан Республикасы социаллық турмыстың әҳмийетли тараўларын қамтып алған көп векторлы раўажланыўды көрсетпекте. Билимлендириў, мәденият, туризм индустриясы ҳәм экологиялық күн тәртиби бир пүтин тийкарғы бағдарлар системасын қурайды, онда екинши дәрежели бағдарлар жоқ. Социаллық инфраструктура ҳәм гуманитарлық тараўға итибар кең көлемли экономикалық ҳәм тәбиятты қорғаў басламаларын әмелге асырыў менен бирге алып барылмақта - раўажланыў ҳәзирги мүтәжликлерди де, узақ мүддетли ўазыйпаларды да есапқа алатуғын избе-из процесс сыпатында қурылмақта.
Өзгерислер динамикасын бул жерге келген ҳәр бир адам сезеди. Регион халқы ҳәм бурын Қарақалпақстанда болған қәнигелер кейинги төрт-бес жылда үлкен өзгерислер жүз берди, деп бир аўыздан айтпақта. Қалалық ҳәм социаллық инфраструктураның жаңаланыўы, мәкемелердиң модернизацияланыўы, хызмет көрсетиў орталығының кеңейиўи сапа жағынан басқаша реаллықты қәлиплестиреди - бул жүзеки бақлаўда да айқын көринеди.
Болып атырған процесслер орайында инсан турады. Әйне халықтың абаданлығын арттырыў бағдары реформалардың логикасын ҳәм нәтийжелилигиниң өлшемлерин белгилейди. Пуқаралардың турмыс шараятларының жақсыланып атырғаны ҳәм өзин-өзи әмелге асырыў имканиятларының реал артып атырғанын көбирек атап өтип атырғаны итибарға ылайық. Қарақалпақстан жаңаланыўлар әмелий түрге енген аймаққа мысал бола алады.
Сабина Алимова,
«Правда Востока».