Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери,
жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң
ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан
Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей
сәўлелендирип барылды.
Он бесинши жалпы мәжилистиң биринши күни сенаторлар тәрепинен "Өзбекстан
Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине электрон коммерция тараўын
жетилистириўге қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы
нызам додаланды.
Атап
өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде заманагөй санлы технологияларды кеңнен
енгизиў ҳәм электрон коммерция тараўын раўажландырыў бойынша избе-из жумыслар
әмелге асырылмақта.
Соның менен
бирге, санлы технологиялардың жедел раўажланыўы электрон коммерция
қатнасыўшылары ушын электрон коммерция мәканын қәлиплестириў, тараўда әдил
бәсеки ушын шараятлар жаратыў, сондай-ақ, электрон коммерция қатнасыўшыларының
ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўдың ҳуқықый тийкарларын буннан былай да
жетилистириўди талап етпекте.
Усы нызам менен
Өзбекстан Республикасының Салық кодексине ҳәм "Электрон коммерция
ҳаққында"ғы нызамға электрон коммерция, трансшегаралық электрон коммерция,
санлы өнимлердиң экспорты ҳәм импорты тараўындағы төлемлерди әмелге асырыўдың
өзгешеликлерин белгилеўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар
киргизилмекте.
Сондай-ақ,
электрон коммерция операторларының миннетлемелери шеңберинде сатыўшының
тутыныўшы алдында жуўапкер болатуғын жағдайлар ямаса сатыўшының тутыныўшының
нызамлы талапларын қанаатландырыў имканияты болмаған жағдайда электрон
коммерция операторының тутыныўшы алдындағы субсидиар жуўапкершилиги нормасы
белгиленбекте.
Шығып
сөйлеўшилердиң атап өткениндей, бул тутыныўшылардың қәўипсиз онлайн саўда
хызметлеринен кеңнен пайдаланыўын тәмийинлейди. Буннан тысқары, нызам тек ғана
электрон саўданы тәртипке салыўға емес, ал электрон саўда базарының
ашық-айдынлығын арттырыўға, сондай-ақ, халықаралық стандартларға сәйкес ҳуқықый
базаны жаратыўға хызмет етеди.
Сенаторлардың
пикиринше, бул илажлардың әмелге асырылыўы жергиликли ҳәм сырт ел сатыўшылары
арасында әдил бәсеки шараятын тәмийинлеў, трансшегаралық электрон коммерцияның
жедел раўажланыўы дәўиринде салық түсимлериниң жоғалтылыўының алдын алыў,
жергиликли электрон коммерция платформаларын салық агентлери сыпатында тартыў
арқалы салық түсимлерин тәмийинлеў процесслерин жеңиллетиўге қаратылған.
Додалаў
жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, жалпы
мәжилисте "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине Өзбекстан
Республикасының миллий нызам ҳүжжетлерин Жәҳән саўда шөлкеминиң Санитариялық
ҳәм фитосанитариялық илажларды қолланыў бойынша келисимине муўапықластырыўды
нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам
көрип шығылды.
Өзбекстан
Республикасының Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы процесинде өсимликлер
карантини ҳәм оны қорғаў тараўындағы миллий нызамшылықты Шөлкемниң
келисимлеринде нәзерде тутылған қағыйдалар менен нормаларға муўапықластырыў
зәрүрлиги пайда болып атырғаны атап өтилди.
Нызам менен
"Өсимликлер карантини ҳаққында"ғы нызамдағы тийкарғы түсиниклер
Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў бойынша халықаралық конвенция шеңберинде
тастыйықланған фитосанитариялық атамалар сөзлигине муўапықластырылмақта.
Сондай-ақ,
жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымлары ҳәм жергиликли атқарыўшы
ҳәкимият уйымларының өсимликлер карантини тараўындағы ўәкилликлери анық
белгиленбекте.
Өсимликлер
карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң ўәкилликлери кеңейтилмекте. Соның ишинде,
фитосанитариялық қәўипти таллаў, фитосанитариялық қадағалаў шеңберинде қәўипти
басқарыўға тийкарланған автоматластырылған таңлап алыў механизми тәртибин
тастыйықлаў, карантин астындағы өнимлерге фитосанитариялық зыянсызландырыў қағыйдалары
ҳәм усылларын, өсимликлер карантини тараўында лабораториялық тексериў усылларын
ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў, фитосанитариялық зыянсызландырыў жумысын
лицензиялаў талаплары ҳәм тәртибин ислеп шығыў сыяқлы ўәкилликлер
белгиленбекте.
Соның менен
бирге, "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы ҳәм "Лицензиялаў, руқсат
бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында"ғы нызамларға юридикалық
тәреплерге фитосанитариялық зыянсызландырыў жумысын әмелге асырыў ушын
шекленген мүддетке лицензия берилиўин ҳәм усы жумысты әмелге асырыў ушын
мәмлекетлик бажыны белгилеўди, лицензияның атамасы ҳәм оның киши түрлерин
анықластырыўды және усы жумысты әмелге асырыў ўақтында жүз берген
ҳуқықбузарлықлар ушын жәрийма муғдарларын белгилеўди нәзерде тутатуғын нормалар
киргизилмекте.
Сенаторлардың
атап өтиўинше, нызамның қабыл етилиўи өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў
тараўындағы миллий нызамшылықты халықаралық стандартларға муўапықластырыўға,
фитосанитариялық зыянсызландырыў жумысын буннан былай да жетилистириўге ҳәм
өнимлердиң халықаралық саўдада тосқынлықсыз айланысын тәмийинлеўге хызмет
етеди.
Сенаторлар
тәрепинен нызам мақулланды.
Буннан соң
Сенаттың жалпы мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының айырым нызам
ҳүжжетлерине бала ҳуқықларының кепилликлерин буннан былай да күшейтиўге және
күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбир көрген ҳаял-қызларды қорғаў системасын буннан
былай да жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў
ҳаққында"ғы нызам додаланды.
Атап
өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде инсан қәдирин улығлаў, ҳаял-қызлар ҳәм
балалардың ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаўға қаратылған системалы
реформалар избе-из әмелге асырылмақта.
Нызам бул
реформалардың логикалық даўамы болып, онда "баланың ең үстин мәплери"
түсинигиниң ҳуқықый статусы белгиленбекте ҳәм ол балаға байланыслы ҳәр қандай
мәселелерди шешиўде тийкарғы норма сыпатында беккемленбекте.
Шаңарақ кодексине
киргизилип атырған тийисли өзгерислерге бола, шаңарақта баланың мәплерине
байланыслы ҳәр қандай мәселе көрип шығылып атырғанда бала өз пикирин еркин
билдириў ҳуқықына ийе екени белгиленбекте.
Соның менен
бирге, күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў
бойынша мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлери де кеңейтилмекте.
Соның ишинде,
Социаллық қорғаў миллий агентлигине басым өткериў ҳәм зорлықтан
жәбирлениўшилердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде судларға
мәмлекетлик бажы төлемеген ҳалда арза, шағым ҳәм даўалар бериў, сондай-ақ,
өзиниң ўәкилликли ўәкили арқалы суд мәжилислеринде қатнасыў ҳуқықы берилмекте.
Сондай-ақ, күш
көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген шахсларды арнаўлы орайларға жайластырыўға
байланыслы социаллық кепилликлер анықластырылмақта. Жәбирлениўши күш көрсетиў
ҳәм зорлықтан арнаўлы орайға жайластырылған ўақыттан баслап бир айдан аспаған
дәўир оған ўақытша мийнетке жарамсызлық қағазын бериў ушын тийкар болатуғыны
нәзерде тутылмақта.
Сенаторлар бул
нызам балалар ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаўда жаңа басқышты баслап
беретуғынын, жәмийетте инсаныйлық ҳәм социаллық әдиллик принциплерин және де
беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.
Додалаў жуўмағында
сенаторлар нызамды мақуллады.
Сенаттың жалпы
мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы
кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам да көрип
шығылды.
Нызам жәмийетте
әдиллик ҳәм нызамлылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў,
суд системасының ашық-айдынлығын тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли қәдем болып
есапланады.
Нызам менен
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске бир қатар принципиаллық өзгерислер
ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Атап айтқанда,
автомобиль базарындағы алдаўшылықлардың алдын алыў мақсетинде Кодекс жаңа 178²-статья
менен толықтырылмақта. Оған бола автотранспорт қуралының басып өткен аралығын
көрсететуғын одометр үскенеси көрсеткишлериниң өзгертилгени ямаса алмастырылғаны
ҳаққында қарыйдарды хабардар етпегенлик ушын айрықша ҳәкимшилик жуўапкершилик
белгиленбекте.
Бул норма
тутыныўшылардың товар ҳаққында исенимли ҳәм толық мағлыўмат алыў ҳуқықын
тәмийинлеўге қаратылған болып, екилемши автомобиль базарындағы надурыс әмелиятларға
шек қояды.
Нызамның және бир
әҳмийетли бағдары жас өспиримлердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў болып
табылады. Енди жас өспиримлер қатнасыўындағы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар
ҳаққындағы ислерди көрип шығыўда педагог ямаса психологтың қатнасыўы шәрт.
Бул болса жас
өспиримлердиң руўхый жағдайын есапқа алыў, оларға болған басымның алдын алыў
ҳәм бала мәплерин халықаралық стандартларға муўапық қорғаў кепиллигин жаратады.
Сондай-ақ,
нызамда биринши мәрте ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы жумысларды көрип
шығыўда “бас тартыў” ҳәм “өзин-өзи бийкарлаў” институты системаластырылды. Бул
судьяның ямаса басқа да ўәкилликли шахстың жумыстан мәпдарлығын сапластырыўға
ҳәм шешимлердиң қалыслығын тәмийинлеўге қаратылған.
Транспорт қуралын
басқарыў ямаса аң аўлаў ҳуқықынан айырыў мүддетин қысқартыў тәртиби де
жетилистирилмекте. Енди бул мәселе анық белгиленген шәртлер тийкарында тек ғана
суд тәрепинен көрип шығылады. Егер шахс алдын усы жеңилликтен пайдаланған болса
ямаса жаза мүддети даўамында қайтадан ҳуқықбузарлық ислеген болса, оған
жеңиллик қолланылмайды.
Сенаторлардың
атап өтиўинше, нызамның қабыл етилиўи ҳәкимшилик жуўапкершилик системасын
инсаныйлық ҳәм әдиллик принциплери тийкарында реформалаўға хызмет етеди.
Сенаторлар
тәрепинен нызам мақулланды.
Сенаттың 15-жалпы
мәжилисинде "Мәдений мийрас тараўында мәмлекетлик басқарыў системасының
жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам
ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам да
додаланды.
Атап
өтилгениндей, кейинги жылларда мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан
пайдаланыў тараўында мәмлекетлик басқарыў системасы басқышпа-басқыш
жетилистирилип, ўәкилликли уйымлардың функциялары қайта көрип шығылды.
Нызам бул
реформаларды ҳуқықый жақтан беккемлеў, тараўдағы ўәкилликлерди анық белгилеў
ҳәм ҳуқықый ҳүжжетлердиң муўапықлығын тәмийинлеўге қаратылған.
Нызам менен
мәдений мийрас тараўында мәмлекетлик басқарыў уйымларының ўәкилликлери анық
ажыратып берилген. Материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан
пайдаланыў мәдений мийрас агентлигиниң, материаллық емес мийрас объектлерин
қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў мәденият министрлигиниң ўәкиллигине киргизилиўи
нәзерде тутылмақта.
Атап айтқанда,
Мәдений мийрас агентлигине материаллық мәдений мийрас объектлерин есапқа алыў,
мәмлекетлик кадастрын жүргизиў, тарийхый-мәдений экспертизадан өткериў,
материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў тараўында
мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў ўазыйпалары жүкленбекте.
Нызам менен
мәдений байлықлардың айланысы, соның ишинде, аукцион арқалы реализациялаў
тәртиби жетилистирилип, бул процесслерди ўәкилликли уйым менен келисилген ҳалда
әмелге асырыў механизми енгизилмекте.
Сондай-ақ,
археологиялық естеликлерди изертлеў жумысларын тийисли рухсатнама болған
жағдайда әмелге асырыў, мәдений мийрас объектлериниң жағдайын турақлы қадағалаў
ҳәм ҳәр бес жылда бир рет көзден өткериў тәртиби белгиленбекте.
Сенаторлар
тәрепинен нызам мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан нәтийжели
пайдаланыў тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын буннан былай да
жетилистириўге, ўәкилликлердиң анық бөлистирилиўин тәмийинлеўге, тараўда
бирден-бир ҳәм нәтийжели басқарыўды орнатыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Додалаў
жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.
Сондай-ақ,
"Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине экономикалық ҳәм
ҳәкимшилик судларға мүрәжат етиўде пуқаралар ҳәм исбилерменлерге және де
қолайлы шараятлар жаратыўға, сондай-ақ, әдил судлаўдан пайдаланыў дәрежесин
арттырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам
додаланды.
Атап
өтилгениндей, бул нызам менен Жынаят-процессуаллық, Экономикалық процессуаллық
кодекслер және Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәм Ҳәкимшилик суд ислерин
жүргизиў ҳаққындағы кодекслерге әҳмийетли өзгерислер киргизилмекте.
Тийкарғы
жаңалықлардан бири суд ислерин жүргизиўдиң экстерриториал тәртиби енгизилгени
болып есапланады. Енди пуқаралар ҳәм исбилерменлерге тийисли судқа мүрәжат етиў
имканияты жаратылмақта. Ҳәкимшилик судларда "дәслепки тыңлаў"
институты енгизилип, суд жумысларының сапасы жақсыланады.
Нызамда
мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылған.
Атап айтқанда, суд мәжилисинде мәмлекетлик уйымның лаўазымлы шахсының қатнасыўы
мәжбүрий етип белгиленбекте. Буннан тысқары, “исенимниң ҳуқықый қорғалыўы”
принципи беккемленбекте, яғный мәмлекетлик уйымның қәтеси ушын жуўапкер
исбилермен емес, ал сол уйым болатуғынын аңлатады.
Экономикалық
судлар системасы да оптималластырылмақта ҳәм район (қала)лық экономикалық
судлардың орнына районлараралық экономикалық судлар шөлкемлестирилмекте.
Сенаторлардың
пикиринше, нызамның қабыл етилиўи инвестициялық орталықты жақсылаў,
коррупциялық факторларды азайтыў ҳәм инсан қәдирин улығлаўға хызмет етеди.
Сенаторлар
тәрепинен нызам мақулланды.
Олий Мажлис
Сенатының 15-жалпы мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының айырым нызам
ҳүжжетлерине нәшебентлик қураллары, олардың аналоглары, психотроп ҳәм күшли
тәсир ететуғын элементлердиң нызамсыз айланысы ушын жуўапкершиликти
жетилистириўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы
нызам көрип шығылды.
Жаңа Өзбекстанда
халықтың саламатлығын қорғаў ҳәм миллет генофондын сақлаў мәмлекетлик сиясаттың
тийкарғы бағдары екени атап өтилди.
Соңғы жыллары
пүткил дүньяда жаңа түрдеги синтетикалық нәшебентлик қуралларының қәўпи артып
баратырғаны ҳәм “наркомания” бул бағдардағы нызамшылықты қайта көрип шығыўды
талап етпекте.
Нызам менен
Жынаят, Жынаят-процессуаллық кодекслери, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы
кодекс ҳәм басқа да нызамларға өзгерислер киргизилмекте.
Атап айтқанда,
тек ғана нәшебентлик қуралларының емес, ал күшли тәсир ететуғын элементлердиң де
нызамсыз айланысы ушын жынайый жуўапкершилик күшейтилмекте.
Сенаторлардың
атап өтиўинше, Нызамда биринши мәрте “нызамсыз нарколаборатория” шөлкемлестиргенлик
ҳәм оның жумысын тәмийинлегенлик ушын айрықша жуўапкершилик белгиленбекте.
Сондай-ақ,
Нызамда нәшебентлик қуралларын Интернет тармағы арқалы тарқатыў ҳәм
үгит-нәсиятлаў аўырластырыўшы жағдай сыпатында белгиленбекте.
Жасларды бул
иллеттен қорғаў мақсетинде билимлендириў мәкемелери, дем алыў орайлары ҳәм
жатақханаларға тутас аймақларда жүз берген нәшебентлик қуралларына байланыслы
жынаятлар ушын жазалар күшейтилмекте.
Нәшебентлик
қураллары менен байланыслы аўыр жынаятларды ислеген шахслар мүддетинен алдын
азат етилмейтуғыны белгиленбекте.
Сенаторлардың
пикиринше, нызамның қабыл етилиўи ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен жынаятшылыққа
қарсы гүресиў ҳәм бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ушын
беккем ҳуқықый тийкар жаратыўға, әсиресе, жас әўладты нәшебентлик иллетинен
қорғаў ушын “наркотиклерден жырақ орталық” жаратыўға хызмет етеди.
Додалаў
жуўмағында Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сенаттың жалпы
мәжилисинде "Санлы маркировкалаў системасының нәтийжелилиги арттырылыўы
мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм
қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам да додаланды.
Атап өтилгениндей,
соңғы жыллары исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы
бағдарына айланып, елимизде исбилерменлик жумысын қаржылай қоллап-қуўатлаў,
саламат бәсеки орталығын жаратыў ҳәм тийкарсыз тексериўлердиң алдын алыў
бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен
бирге, халықты сапалы тутыныў өнимлери менен тәмийинлеў, өнимлердиң нызамсыз
ислеп шығарылыўы ҳәм айланысының алдын алыў мақсетинде белгили бир түрдеги
өнимлерди нызамда белгиленген идентификациялаў қураллары арқалы мәжбүрий санлы
маркировкалаў, сондай-ақ, бундай өнимлердиң айланысын мониторинг етиў
системасын буннан былай да беккемлеў зәрүрлиги пайда болмақта.
Сенаторлар
өзлериниң шығып сөйлеўлеринде товарлардың маркировкасы тутыныўшыларды сапасыз,
контрафакт өнимлерди сатып алыўдан қорғаўға қаратылғаны, маркировканың бар
екенлиги болса ислеп шығарыўшыларды нызам нормалары ҳәм сапа стандартларына
қатаң әмел етиўге мәжбүр ететуғынын атап өтти.
Нызам менен Салық
кодексине товарларды (өнимлерди) мәжбүрий маркировкалаў менен байланыслы
ҳуқықбузарлықлар ҳаққында еки рет рәсмий ескертиў берилгеннен кейин аралықтан
салық тексериўи өткерилиўин нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер
киргизилмекте.
Сондай-ақ,
нызамда аралықтан салық тексериўин өткериўдиң 5 күнлик мүддети белгиленбекте
ҳәм бул ҳаққындағы ҳүжжет электрон ҳүжжет тәризинде шығарылмақта.
Сенаторлардың
атап өтиўинше, бул нызамның қабыл етилиўи нызамсыз саўда ҳәм жасырын
экономиканың мәмлекет экономикасындағы үлесин азайтыўға, сондай-ақ, халыққа
сапасыз ямаса контрафакт өнимлер (алкоголь ишимликлер, темеки өнимлери,
дәри-дәрмақ, алкогольсиз ишимликлер ҳәм басқалар) сатылыўының алдын алыўға
хызмет етеди.
Додалаў
жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.
Буннан соң
Сенаттың жалпы мәжилисинде "Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында"ғы
Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў
ҳаққында"ғы нызам көрип шығылды.
Жаңа Өзбекстанда
халық ҳәкимиятын толық әмелге асырыў ҳәм мәмлекетлик басқарыўда жергиликли
ўәкилликли уйымлардың ролин арттырыў реформалардың тийкарғы бағдары екени атап
өтилди. Кейинги жылларда аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў,
халықты қыйнап атырған машқалаларды шешиў бағдарында жергиликли Кеңеслердиң
ўәкилликлери кеңейип бармақта.
Бул нызам менен
жергиликли ўәкилликли уйымлардың жумысында басқарыўды системалы шөлкемлестириў,
атқарыў ҳәкимияты үстинен парламентлик қадағалаўдың аймақлық түрлерин
жетилистириўге қаратылған бир қатар өзгерислер киргизилмекте.
Атап айтқанда,
халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине Кеңес баслығының орынбасары институты
енгизилмекте. Атап өтиў орынлы, бул лаўазымда ислеп атырған шахс бир ўақыттың
өзинде Кеңес секретариатының баслығы ўазыйпасын да атқарады. Оған секретариат
хызметкерлерин тайынлаў ҳәм жумыстан босатыў ҳуқықының берилиўи Кеңес
аппаратының жергиликли атқарыў ҳәкимиятынан толық бийғәрез болыўын
тәмийинлейди.
Жергиликли
Кеңеслердиң жумысының үзликсизлигин тәмийинлеў ҳәм олардың жумысын сессиялар
аралығында нәтийжели муўапықластырыў мақсетинде Кеңес Президиумы
шөлкемлестириледи. Президиум қурамына Кеңес баслығы, оның орынбасары, турақлы
комиссиялардың баслықлары ҳәм партия топарларының басшылары киретуғыны нәзерде
тутылмақта.
Биринши мәрте
депутатлардың сораўларына жергиликли ҳәкимият уйымлары ҳәм шөлкемлер
басшыларының жуўапларын тыңлаўға мөлшерленген "Кеңес сааты" институты
енгизилмекте. Онда депутатлар халықты қыйнап киятырған әҳмийетли мәселелер
бойынша жуўапларды жуўапкерлерден оператив түрде алыў имканиятына ийе болады.
Кешиктирип
болмайтуғын жағдайларда мәселе Президиум тәрепинен көрип шығылып, сессияда
тастыйықланыўы мүмкин.
Сенаторлардың
атап өткениндей, бул нызам жергиликли ҳәкимият системасында демократиялық тыйып
турыў ҳәм тең салмақлылық механизмлерин беккемлеўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар
болып есапланады.
Нызамның қабыл
етилиўи жергиликли Кеңеслердиң жәмийетлик статусын арттырыўға, аймақлық
машқалаларды шешиўде ўәкиллик қадағалаў тәсиршеңлигин күшейтиўге, мәмлекетлик
басқарыў системасында өз-ара тыйып турыў ҳәм турақлылықты сақлаў механизмлерин
беккемлеўге хызмет етеди.
Додалаў
жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сенаттың 15-жалпы
мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине
қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам додаланды.
Соңғы жыллары елимизде
халықтың турақ жайға болған ҳуқықларын әмелге асырыў ушын шараятлар жаратыў,
физикалық ҳәм юридикалық тәреплер тәрепинен қурылған көшпес мүлк объектлерине
болған ҳуқықларды тән алыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен
бирге, өзбасымшалық пенен ийеленген жер участкалары ҳәм оларда қурылған
имаратлар менен объектлерге болған ҳуқықты тән алыў жумысларын және де
жеделлестириў, ўәкилликли уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў, ҳуқықты тән
алыўға байланыслы айырым механизмлерди әпиўайыластырыў, пуқараларға қосымша
қолайлықлар жаратыў зәрүрлиги пайда болмақта.
Усы нызам менен
"Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған
имаратлар менен объектлерге болған ҳуқықты тән алыў ҳаққында"ғы ҳәм
"Көшпес мүлкке болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў
ҳаққында"ғы нызамларға ҳуқықты тән алыўға байланыслы ҳүжжетлерди көрип
шығыў мүддетлерин қысқартыўға, ҳуқықты тән алыўға байланыслы шағымларды көрип
шығыў тәртип-қағыйдаларын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар
киргизилмекте.
Шығып сөйлегенлер
пуқараларға қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде салық қарыздарлығы
түсинигине анықлық киргизилип, жер участкасын ижараға алыў ҳуқықын тән алыў
ушын бир мәртелик бөлип-бөлип төлеў тәртиби ҳәм шәртлери енгизилип атырғанлығын
атап өтти.
Сенаторлардың
пикиринше, бул нызамның нормалары физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң көшпес
мүлк объектлерине болған ҳуқықларын тән алыўға тосқынлық етип атырған
факторларды сапластырыўға хызмет етеди.
Додалаў
жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сенаттың жалпы
мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине
қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам да көрип шығылды.
Атап
өтилгениндей, нызам инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, жынаят-атқарыў
системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм пробация институтының
нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған.
Нызамда бир қатар
әҳмийетли жаңалықлар бар. Атап айтқанда, Жынаят кодексине киргизилип атырған
өзгерислерге муўапық, жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилген
шахслар үстинен қадағалаў күшейтилмекте. Олар ўақты-ўақты менен ўәкилликли
уйымларда дизимнен өтип турыўы шәрт.
Сондай-ақ,
мүддетинен алдын шәртли азат етилген шахсқа жүкленген миннетлемелерди толық
ямаса бир бөлегин бийкарлаў ҳаққындағы мәселени көрип шығыўда адвокат ямаса
шахстың өзи тәрепинен судқа мүрәжат етиў имканияты жаратылады.
Жынаят-процессуал
кодексине киргизилип атырған өзгерислер менен мүддетинен алдын шәртли азат
етиўди бийкарлаў тәртиби анықластырылмақта. Көрсетилген мәселелерди көрип шығыў
жынаят ислери бойынша район (қала) судының судьясы тәрепинен судланған шахстың
жасаў орны бойынша әмелге асырылады.
Соның менен
бирге, Жынаят-атқарыў кодексине жаңа бап киргизилмекте. Шәртли азат етилген
шахсларды қадағалаўдың ҳуқықый механизмлери, олардың миннетлемелери ҳәм
қадағалаўды тоқтатыў тәртиби белгиленбекте.
"Жынаят исин
жүргизиўде қамақта сақлаў ҳаққында"ғы нызамға тергеў қамақханаларында
сақланып атырған шахслардың дем алыс ҳәм жумыс исленбейтуғын байрам күнлеринде
кеминде еки саат сейил етиў имканиятына ийе болыўын нәзерде тутатуғын
өзгерислер киргизилмекте. Сондай-ақ, азық-аўқат ҳәм биринши дәрежели зәрүрлик
буйымларын сатып алыў ушын белгиленген пул муғдарын ең кем мийнет ҳақының бир
есеси муғдарына шекем арттырыў нәзерде тутылмақта.
Сенат ағзалары
бул нызам жәмийетте ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, шахсларды дүзетиў ҳәм инсан
ҳуқықларын тәмийинлеў системасын буннан былай да жетилистириўге хызмет
ететуғынын атап өтти.
Сенаторлар
тәрепинен нызам мақулланды.
Усының менен
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилиси өз
жумысын жуўмақлады.
Өзбекстан
Республикасы Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети.