Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер қайта тиклениўши энергия дереклерин раўажландырыў, энергетика инфраструктурасын модернизациялаў, тараўдың нәтийжелилигин арттырыў, перспективалы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелерин додалады.

Өзбекстанда "жасыл" энергетика қуўатлықларын кеңейтиў, энергетика тараўына алдынғы халықаралық технологиялар ҳәм инновациялық шешимлерди енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, инвестициялық бирге ислесиўди беккемлеў, мәмлекетимиз энергетика системасының турақлы раўажланыўын тәмийинлеў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Мағлыўмат ушын: Adani Group - Ҳиндстанның энергетика, қайта тиклениўши энергия, логистика ҳәм инфраструктура тараўларында жумыс алып баратуғын ең ири жеке меншик компанияларынан бири.