Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Кипр арасындағы еки тәреплеме қатнасықларды избе-из раўажландырыў, парламентлераралық сөйлесиўди және де жеделлестириў, билимлендириў, илим, аналитикалық орайлар ҳәм академиялық алмасыўлар тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Тәреплер жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы институционаллық бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, студентлер ҳәм оқытыўшылар алмасыўын кеңейтиў, қоспа билимлендириў бағдарламалары ҳәм илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыў, сондай-ақ, Erasmus+ сыяқлы Европа академиялық бағдарламалары шеңберинде бирге ислесиўди жолға қойыў имканиятларын көрип шықты.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер парламентлераралық, билимлендириў ҳәм илимий бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў, бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм өз-ара пайдалы басламаларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенин тастыйықлады.