Онда Сенат, ҳүкимет
ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң
депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар
қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс түринде
өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының
Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың
«YouTube» тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.
Жалпы мәжилистиң екинши
жумыс күни Наўайы ўәлаятының Зарафшан қаласы ҳәм Тамды районының шегараларын
өзгертиў ҳаққындағы мәселени додалаўдан басланды.
Бул баслама Зарафшан қаласын перспективалы
раўажландырыў, аймақтың экономикалық потенциалынан нәтийжели пайдаланыў,
инвестицияларды тартыў, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм жаңа жумыс
орынларын жаратыў мақсетинде ислеп шығылғаны атап өтилди.
Қарар менен Тамды районы аймағынан 2 мың 459 гектар
жер майданы Зарафшан қаласының қурамына өткерилиўи нәзерде тутылмақта.
Жаңа аймақларды өзлестириў нәтийжесинде 250 ден аслам
санаат ҳәм өндирис жойбарларын әмелге асырыў, 90 социаллық тараў объекти, 500
ден аслам саўда-турмыслық ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларын шөлкемлестириў
режелестирилген.
Санаат ҳәм өндирис қуўатлықларының кеңейиўи, халық
саны ҳәм экономикалық белсендиликтиң артыўы нәтийжесинде Зарафшан қаласында да
турақ жай, социаллық тараў ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасына талап
артпақта. Усы мәнисте, қала шегараларының кеңейиўи оның келешекте раўажланыўы
ушын зәрүр аймақлық имканиятларды жаратады.
Соның менен бирге, жаңа аймақларда турақ жайлар қурыў
менен бирге, халықты зәрүр инженерлик-коммуналлық инфраструктура объектлери,
ишимлик суўы ҳәм электр энергиясы, жоллар, канализация системасы ҳәм басқа да
инженерлик-коммуникация объектлери менен тәмийинлеў имканиятлары жаратылады.
Бул болса, өз гезегинде, халықты, әсиресе, жаслар ҳәм
мийнет базарына кирип киятырған пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўде жаңа
имканиятларды ашады.
Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде жаңа
аймақларды комплексли ҳәм режели раўажландырыў, оларды қала қурамына киргизиў
тек ғана ҳәкимшилик өзгерислер менен шекленип қалмай, ал усы аймақлардың толық
раўажланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў менен бирге алып барылыўы зәрүр
екенлигин атап өтти.
Додалаўлардан соң Сенаттың тийисли қарары қабыл
етилди.
Жалпы мәжилисте Сурхандәрья ўәлаятының Қизириқ ҳәм
Жарқорған районларының шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.
Сенаттың қарары менен Жарқорған районы аймағының 4740
гектар жер майданы Қизириқ районына өткерилиўи нәзерде тутылмақта.
Бул аймақта 4 мың 200 халық, 710 шаңарақ жасайды.
Аймақ ҳәкимшилик жақтан Жарқорған районына бойсынғанлығы себепли халық салық,
коммуналлық төлемлер, социаллық напақалар, пенсиялар ҳәм басқа да мәселелер
бойынша Жарқорған районы орайына мүрәжат еткен. Район орайына шекемги аралық
18-20 километр.
Қарар қабыл етилиўи нәтийжесинде халыққа мәмлекетлик
хызметлерден пайдаланыўда қолайлықлар жаратылады, ҳәкимшилик мәселелерди
шешиўде артықша ўақыттың жумсалыўына шек қойылады.
Соның менен бирге, аймақтың жер ҳәм суў ресурсларынан
нәтийжели пайдаланыў имканиятлары кеңееди. Атап айтқанда, "Шеп
тармақ" каналына 4 суў насос станциясын орнатыў арқалы 500 гектардан аслам
жер майданын өзлестириў мүмкин болады.
Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде Жарқорған
районы аймағының бир бөлегин Қизириқ районына интеграциялаў, сондай-ақ, оны
халық мәплери, бәнтлик ҳәм аймақтың экономикалық потенциалынан нәтийжели
пайдаланыў көзқарасынан комплексли раўажландырыў әҳмийетли екенлигине итибар
қаратты.
Додалаўлардан соң Сенаттың тийисли қарары қабыл
етилди.
Буннан тысқары, сенаторлар жер қатнасықлары ҳәм көшпес
мүлк қатнасықларын тәртипке салыў жағдайы бойынша Министрлер Кабинетине
парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселени додалады.
Кейинги жылларда мәмлекетимизде жер қатнасықлары ҳәм
көшпес мүлк қатнасықларын тәртипке салыў, тараўды санластырыў, мәмлекетлик
хызметлер көрсетиў системасын әпиўайыластырыў, ашық-айдынлықты тәмийинлеўге
қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, кейинги 5 жылда тараўды тәртипке
салыўшы 60 тан аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди.
Соның менен бирге, кадастр тараўында санлы
технологияларды енгизиў ҳәм мәлимлеме системаларын интеграциялаў бойынша
салмақлы нәтийжелерге ерисилди. Атап айтқанда, бурын өз алдына жумыс алып барып
атырған «Davreyestr», «Ko‘chmas mulk» ҳәм «Ko‘chmas mulk-3» мәлимлеме
системалары орнына Жәҳән банки менен биргеликте Кадастр ҳәм көшпес мүлкти
дизимге алыў бойынша UZKAD интеграцияласқан мәлимлеме порталы иске қосылды.
Жер ҳәм кадастр қадағалаўын санластырыў арқалы
нәтийжелиликти арттырыў мақсетинде Бас прокуратура ҳәм Ишки ислер
министрлигиниң мәлимлеме системаларына интеграцияланған «E-YER NAZORAT»
автоматластырылған мәлимлеме системасы енгизилди.
Соның менен бир қатарда, жалпы мәжилисте сенаторлар өз
шешимин күтип турған айырым мәселелерге де итибар қаратты.
Соның ишинде, көшпес мүлк объектлериниң базар баҳасын
анықлаў механизмлерин енгизиў, стратегиялық инвесторларға жер ажыратыў тәртибин
әпиўайыластырыў, халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине көрсетилип атырған
кадастр хызметлериниң сапасын арттырыў илажларын көриў зәрүр.
Сондай-ақ, кадастр уйымларының жумысында нызамшылық
талапларына сөзсиз әмел етилиўин тәмийинлеў, қарар қабыл етиў процесслериниң
нызамлылығы ҳәм тийкарланғанлығы үстинен ишки қадағалаў механизмлерин күшейтиў
зәрүрлиги айрықша атап өтилди.
Додалаў жуўмақлары бойынша усы ҳәм басқа да бир қатар
мәселелерди түсиндириў мақсетинде Министрлер Кабинетине парламентлик сораў
жибериў ҳаққында Сенат қарары қабыл етилди.
Буннан тысқары, Сенаттың 19-жалпы мәжилисинде
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары - Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар
комитетиниң баслығына елимизде шаңарақ институтын беккемлеў ҳәм некениң
бузылыўының алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында жиберилген
парламентлик сораўдың нәтийжелери көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, Министрлер Кабинетиниң 2026-жыл
19-майдағы 257-санлы қарары тийкарында республикамыздың 208 район ҳәм
қалаларында "Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар орайлары"ның жумысы жолға
қойылды.
Некеден өтиўшилер ушын 16 саатлық арнаўлы оқыў
бағдарламасы - "Турмыслық зорлықларсыз бахытлы шаңарақлық турмысқа
таярлық" бағдарламасы ислеп шығылған.
Пуқаралық судларында ажырасыў ҳаққындағы ислерди көрип
шығыў даўамында 2025-жылы 5235, 2026-жылдың биринши ярымында 2666 жағдайда
тәреплердиң жарасыўына ерисилген.
2026-жылдың биринши ярымында 93312 неке дизимге
алынған ҳәм 96673 некеден өтиўши жаслар усы курсларда оқытылған.
ayol.gov.uz платформасында келиспеўшиликли шаңарақлар
менен мәнзилли ислесиўге мөлшерленген "Шаңарақ" профильли модули иске
қосылды.
Шаңарақ ҳәм гендер илимий-изертлеў институты тәрепинен
шаңарақлық келиспеўшиликлерди ерте анықлаў, балалардың жуўапкершиликли
тәрбиясын раўажландырыў, медиация усылларынан пайдаланыўға қаратылған
илимий-методикалық қолланбалар таярланған.
Әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда өз шешимин
күтип турған мәселелерге де итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, 2026-жылдың өткен дәўиринде
шаңарақлық келиспеўшиликлер бойынша медиаторлық бойынша тек ғана 151 келисим
дүзилгени ажырасыўлардың алдын алыў ҳәм шаңарақлық келиспеўшиликлерди өз-ара
келисим тийкарында шешиўде медиаторлардың бар потенциалынан жетерли дәрежеде
пайдаланылмай атырғанынан дәрек береди.
Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде некеге таярланып
атырған жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў, оқытыўдың сапасын ҳәм әмелий
нәтийжелилигин арттырыў, жәнжелли шаңарақларға мәнзилли психологиялық, ҳуқықый
ҳәм социаллық жәрдем көрсетиў, ерте некениң алдын алыў, илимий изертлеўлердиң
нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў сыяқлы бир қатар шешилиўи зәрүр болған
ўазыйпалар бойынша пикир-усыныслар билдирди.
Додалаў жуўмағында Сенаттың тийисли қарары қабыл
етилди.
Олий Мажлис Сенатының жалпы мәжилисинде Өзбекстан
Республикасы Конституциялық судының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы
мәселе де көрип шығылды.
Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары тийкарында Ғайрат
Машкуров Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының судьясы лаўазымына он
жыл мүддетке сайланды.
К.Х.Давлетова Өзбекстан Республикасы Конституциялық
судының судьясы лаўазымынан азат етилди.
Сенаттың 19-жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Олий Мажлис Сенатының усы мәселе бойынша қарары менен
Ғалим Абдухолиқов, Жанат Аймаганбетова, Зафар Каримов он жыл мүддетке ҳәм
Кароматжон Давлетова мүддециз мүддетке Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының
судьясы етип сайланды.
Басқа жумысқа өткени мүнәсибети менен Д.Жўраев,
Д.Каримов, Н.Жавлиев, сондай-ақ, А.Абдикаримов, О.Арабов, Н.Мирзаалимов,
С.Тоғанов, О.Турдиев, Шуҳрат Саидов өз арзалары менен Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы судының судьясы лаўазымынан азат етилди.
Парламенттиң жоқары палатасының ағзалары Өзбекстан
Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң қарарларын тастыйықлаў мәселесин де
көрип шықты ҳәм Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
Жалпы мәжилисте сенаторлар жәмийетлик турмыстың барлық
тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм елимизде әмелге асырылып
атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге
ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 13 мәселени, соның ишинде, 6 нызамды
додалады.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси
Сенатының он тоғызыншы жалпы мәжилиси жуўмақланды.
Өзбекстан
Республикасы Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме
хызмети