Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың “YouTube” тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.

Он тоғызыншы жалпы мәжилистиң биринши күни сенаторлар "Латын графикасына тийкарланған өзбек әлипбесин енгизиў ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерис киргизиў ҳаққында"ғы нызамды додалаўдан баслады.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде өзбек тилин раўажландырыў, оның мәмлекетлик тил сыпатындағы статусын беккемлеў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта. Өзбек тилиниң халықаралық майдандағы абырайы артып баратырғаны атап өтилди.

Нызам менен "Латын графикасына тийкарланған өзбек әлипбесин енгизиў ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына тийисли өзгерислер киргизилип, латын графикасына тийкарланған өзбек әлипбеси 26 ҳәрип ҳәм 3 ҳәриплер бирикпесиниң орнына 28 ҳәрип ҳәм бир апострофтан ибарат болыўы нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, жаңа редакциядағы әлипбеге өтиў процесинде пуқаралар ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары менен мәплерин есапқа алыў мақсетинде Нызам күшке киргенге шекем әмелдеги әлипбе тийкарында рәсмийлестирилген ҳүжжетлер, миллий валюта ҳәм баҳалы қағазлардың айланысына жол қойылатуғыны белгиленбекте. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң айырым символикалық белгилери, сондай-ақ, белгилери ҳәм көрсеткишлеринен пайдаланыў ушын жарамсыз жағдайға келгенше ямаса белгиленген мүддетке шекем пайдаланыўға рухсат бериледи.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи латын графикасына тийкарланған өзбек әлипбесин ҳәм имла қағыйдаларын жетилистириў, мәмлекетлик тилден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, сондай-ақ, өзбек тилин санластырыў процесслерин раўажландырыўға хызмет етеди.

Сенаторлар тәрепинен нызам мақулланды.

Сенаттың 19-жалпы мәжилисинде "Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 14-статьясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам көрип шығылды.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде бәсекини раўажландырыў арқалы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылды.

Нызам менен "Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына товардың сыртқы көринисинен оның нуқсанларын анықлаў мүмкин болмаған жағдайларда товарлардың сапасын қосымша тексериўдиң ҳуқықый тийкарларын анықластырыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сондай-ақ, тексериўдиң тәртиби ҳәм мүддетлери, бул процессте тутыныўшының қатнасыўы, тексериўге байланыслы қәрежетлерди қаплаў тәртиби белгиленбекте.

Егер товардың нуқсанлары оны тутыныўшыға сатқаннан кейин, оны сақлаў ямаса оннан пайдаланыў бойынша белгиленген қағыйдалардың бузылыўы ақыбетинде анықланған болса ямаса товардың сыртқы көринисинен нуқсан үшинши шахслардың ҳәрекетлери ақыбетинде жүзеге келгенин анықлаў мүмкин болмаса, товарлардың сапасын қосымша тексериў енгизиледи.

Тутыныўшыға өзи ямаса өз ўәкили арқалы товарлардың сапасын қосымша тексериўден өткериўде қатнасыў, сондай-ақ өз қаржылары есабынан товарлардың сапасын қосымша тексериўден өткериў ҳуқықы бериледи.

Сенаторлардың пикиринше, нызам тутыныўшылардың ҳуқықларын нәтийжели қорғаўға, базар қатнасыўшылары ушын және де турақлы ҳәм исенимли ҳуқықый орталық жаратыўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың 19-жалпы мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының Жынаят ҳәм Жынаят-процессуал кодекслерине Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегарасын қорғаўды және де күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам додаланды.

Кейинги жылларда мәмлекетимиз шегараларын инженерлик жақтан беккемлеў, шегара әскерлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, миллий қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, трансмиллий жынаятшылықтың жаңа көринислери, атап айтқанда, мәмлекет шегарасы арқалы жер асты туннельлерин қурыў ҳәм олардан нызамсыз пайдаланыў әмелдеги нызамшылықты буннан былай да жетилистириў зәрүрлигин талап етип атырғаны атап өтилди.

Додалаў даўамында атап өтилгениндей, 2016-2025-жыллар даўамында мәмлекетлик шегарада 12 нызамсыз жер асты туннельлери анықланған. Олардан пайдаланған ҳалда үлкен көлемдеги товарлар, валюта ҳәм басқа да баҳалы затларды нызамсыз түрде мәмлекетимизге алып кириўге урыныў жағдайлары анықланған. Бундай жағдайлар мәмлекетлик шегараның қол қатылмаслығы, экономикалық қәўипсизлик ҳәм миллий мәплеримизге үлкен қәўип туўдырып атырғаны атап өтилди.

Нызам менен Жынаят кодексинде мәмлекет шегарасы арқалы жер астында нызамсыз туннельлер ҳәм басқа да инфраструктура объектлерин қурыў, олардан пайдаланыў, бундай жумысларды шөлкемлестириў ямаса қаржыландырыў ушын жынайый жуўапкершилик өз алдына белгиленбекте. Сондай-ақ, мәмлекетлик шегараны кесип өтиў ямаса бундай нызамсыз объектлерден пайдаланған ҳалда контрабанда жынаятларын ислегени ушын жуўапкершилик илажлары күшейтилмекте.

Буннан тысқары, Нызамда инсаныйлық принципи де өз көринисин тапқан. Атап айтқанда, усындай ҳәрекетти биринши мәрте ислеген шахс нызамсыз туннель ҳаққында мәмлекетлик уйымларға өз ықтыяры менен хабар берсе ямаса жынаятты ашыўға белсене жәрдемлессе, сондай-ақ, оның ҳәрекетлеринде басқаша жынаят қурамы болмаса, жынайый жуўапкершиликтен азат етилиўи нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, Жынаят-процессуал кодексине киргизилип атырған өзгерислер менен мәмлекетлик шегара арқалы жер астында нызамсыз туннельлер қурыў ҳәм олардан пайдаланыў менен байланыслы жынаятлар бойынша дәслепки тергеў ҳәрекетлери Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети уйымларының тергеўшилери тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленбекте. Бул болса усы түрдеги жынаятларды тез анықлаў ҳәм нәтийжели тергеў имканиятларын және де кеңейтеди.

Додалаў процесинде сенаторлар тәрепинен нызам мәмлекетлик шегараның қол қатылмаслығын беккемлеў, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў нәтийжелилигин арттырыў, миллий ҳәм экономикалық қәўипсизликти тәмийинлеў, елимизде тынышлық ҳәм турақлылықты буннан былай да беккемлеўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сенаторлар тәрепинен нызам мақулланды.

Буннан тысқары, жалпы мәжилисте "Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам көрип шығылды.

Елимизде нызамлылық, тынышлық ҳәм абаданлықты тәмийинлеў, жәмийетлик қәўипсизликти беккемлеў, жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша избе-из илажлар көрилмекте. Бул процессте Миллий гвардияның басқа ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм Қураллы күшлер менен бирге ислесиўи кеңеймекте.

2017-жылы шөлкемлестирилген Миллий гвардияның ҳуқықый статусы 2020-жылы өз алдына нызам менен беккемленди. Кейинги жыллары оның жумысына байланыслы 20 дан аслам нызам, 70 тен аслам пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, жаңа ўазыйпалар менен ўәкилликлер белгилеп берилди.

Соның менен бирге, әмелиятта топланған тәжирийбе себепли Миллий гвардияның ўазыйпа ҳәм ўәкилликлерин заман талаплары тийкарында қайта көрип шығыў, бир-бирин тәкирарлаўшы нормаларды сапластырыў, сондай-ақ, бос орынларды толтырыў зәрүрлиги пайда болды.

Бул нызам усы мақсетлерди шешиўге қаратылған.

Бәринен бурын, Нызам менен Миллий гвардия уйымларының тийкарғы ўазыйпалары қайтадан системаластырылмақта. Жәмийетлик қәўипсизликти ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў, қорғаў жумысы менен байланыслы ўазыйпалар бирлестирилип, жаңа ўазыйпа - ғалабалық тәртипсизликлерди сапластырыў белгиленбекте.

Сондай-ақ, әмелдеги нызамшылықта белгиленген ўәкилликлерден келип шығып, мәмлекетлик объектлер, айрықша әҳмийетли ҳәм сыр объектлер, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң басқа да объектлери және мүлкин қорғаўға байланыслы ўазыйпалар оптималластырылмақта.

Нызамның және бир әҳмийетли тәрепи сонда, онда Миллий гвардия хызметкерлериниң пуқаралар менен қатнасыў тәртиби анық белгилеп берилген.

Енди пуқараға мүрәжат еткенде әскерий хызметкер өзиниң лаўазымы, әскерий атағы, фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң атын көрсетиўи, мүрәжат етиўдиң себеби ҳәм мақсетин түсиндириўи, сондай-ақ, пуқараның талабы бойынша шахсын тастыйықлаўшы гүўалығын көрсетиўи керек.

Және бир әҳмийетли жаңалық - нызамшылықта Миллий гвардияның жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде заманагөй арнаўлы қураллардан пайдаланыў ҳуқықлары анықластырылмақта.

Сенаторлардың атап өтиўинше, бул өзгерислер Миллий гвардияның ўазыйпалары менен ўәкилликлерин анықластырыў, оларды әмелдеги функцияларға бейимлестириў, пуқаралар менен қатнасықларда ашық-айдынлық ҳәм нызамлылықты тәмийинлеўге хызмет етеди.

Додалаўлардан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Олий Мажлис Сенатының жалпы мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам да додаланды.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде суд-ҳуқық системасын буннан былай да либералластырыў, судлардағы жумыс көлеми ҳәм артықша бюрократияны қысқартыў, әдил судлаўдан пайдаланыў дәрежесин арттырыў, нотариат институтына заманагөй санлы технологияларды кеңнен енгизиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Нызам менен Пуқаралық процессуаллық ҳәм Экономикалық процессуаллық кодекслерине, "Суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында"ғы ҳәм "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы нызамларға даўлы талаплар бойынша суд буйрығын шығарыў мүддетлерин қысқартыў, нотариал жумысқа мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў ҳәм нотариал ҳәрекетлер ушын өндирилетуғын жыйымларды оптималластырыўды нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, Экономикалық процессуаллық кодекске өзгерислер киргизилип, нызамлы күшке кирген суд ҳүжжети үстинен жоқары инстанция судына шағым етилгенде оның орынланыўын тоқтатып турыў механизми жетилистирилмекте.

Жаңа нормаларға бола, нызамда белгиленген нормаларға сәйкес келетуғын БЕМның мың есесине шекемги муғдардағы даў-жәнжелсиз талаплар бойынша нотариусқа мүрәжат етиў имканияты кеңейтилмекте. Бул болса бундай талапларды судқа мүрәжат етпей, нотариус арқалы рәсмийлестириў ҳәм орынлаў механизмин аңсатластырады.

Сондай-ақ, нотариуслар тәрепинен рәсмийлестирилген QR-кодлы орынлаў хатларын тиккелей атқарыў уйымларына электрон түрде жибериў имканияты жаратылмақта.

Бул ҳүжжетлерди қағаз түринде тапсырыўға байланыслы артықша тәртип-қағыйдаларды қысқартыў имканиятын береди.

Буннан тысқары, суд ҳүжжетлериниң орынланыўын апелляция, кассация ҳәм тексериў инстанцияларында тоқтатып турыў тийкарлары анықластырылмақта.

Бунда орынлаўды тоқтатып турыўды сорап атырған шахс бундай илаж көрилмесе, шақырып алыў орынлаўды қыйынластырыўы ямаса орынланбай қалыўы мүмкин екенлигин тийкарлап бериўи керек болады.

Сенаторлардың атап өтиўинше, өзгерислер судларға жүклемени азайтыўға, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ўақты ҳәм қәрежетлерин үнемлеўге, даў-жәнжелсиз талапларды рәсмийлестириўди жеделлестириўге ҳәм орынлаў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Сенаторлар тәрепинен нызам мақулланды.

Сенаттың он тоғызыншы жалпы мәжилисинде "Халықаралық пуқаралық авиациясы ҳаққындағы Конвенцияға дүзетиўлер киргизиў ҳаққындағы Протоколларды (Монреаль, 2016-жыл 6-октябрь) ратификациялаў ҳаққында"ғы Нызам көрип шығылды.

Бул протоколлар Халықаралық пуқаралық авиациясы шөлкеминиң басшылық ҳәм экспертлик уйымларында ағза мәмлекетлердиң ўәкиллигин кеңейтиў, қарар қабыл етиў процесинде регионаллық мәплерди бир қанша тең салмақлы есапқа алыў, шөлкемниң институционаллық ҳәм экспертлик потенциалын беккемлеўге қаратылған.

Сенаторлардың пикиринше, конвенцияға киргизилип атырған өзгерислер Өзбекстанға Халықаралық пуқаралық авиация шөлкеми шеңберинде өзиниң халықаралық миннетлемелерин орынлаў, шөлкемде әмелге асырылып атырған институционаллық реформаларды қоллап-қуўатлаў имканиятын береди.

Нызам Халықаралық пуқаралық авиациясы шөлкеминиң басқарыў уйымларына Өзбекстан ўәкиллерин усыныўға, регионаллық мәплерди билдириўге, мәмлекетимиздиң халықаралық авиация тараўындағы қатнасын кеңейтиўге хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он тоғызыншы жалпы мәжилисиниң биринши күни өз жумысын жуўмақлады.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети.