Олий Мажлис Сенаты Баслығы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде қәўипсизлик,
билимлендириў, мийнет, санлы ҳуқықлар, саламат орталық ҳәм сиясий еркинлик
бир-бирин толықтырып туратуғынын, олардың ҳеш бири тәмийинленбесе, қалғанлары
да толық әмелге аспайтуғынын атап өтти.
Еки күн даўамында жас парламент ағзалары бүгинги күнниң әҳмийетли
мәселелерин додалап, өз мәмлекетиниң тәжирийбеси менен бөлисти. Атап айтқанда, келиспеўшиликлер шараятында жаслардың
ҳуқықларын қорғаў, санлы ҳуқықлар ҳәм қәўипсизлик, климат өзгериўи, жаслардың
мүнәсип мийнети ҳәм бәнтлиги, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың сиясий қатнасы ҳәм
оларға болған зорлықтың алдын алыў мәселелерине итибар қаратылды.
Конференция
шеңберинде БМШ, Парламентлераралық аўқам, халықаралық ҳәм пуқаралық
институтларының ўәкиллери, ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң парламент ағзаларының
қатнасыўында ашық сөйлесиўлер ҳәм панель додалаўлары болып өтти. Олар жасларды
қарар қабыл етиў процесслерине кеңнен тартыў, жаслардың сиясий ҳуқықларын
тәмийинлеў, глобаллық машқалаларды шешиўде жас әўладтың потенциалынан нәтийжели
пайдаланыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ,
"Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлердиң қатнасыўы"
темасындағы арнаўлы ашық сессияда жас парламентарийлер, халықаралық
шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм экспертлер миллий дәрежеде ТРМды әмелге асырыўда
нызам шығарыўшы ҳәкимияттың роли ҳәм имканиятлары ҳаққында өз пикир-усынысларын
билдирди.
Конференция
шеңберинде Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Парламентлераралық
аўқамның Президенти Тули Эксон ҳәм Бас хаткери Андой Филип, БМШ Бас хаткериниң
жаслар мәселелери бойынша жәрдемшиси, БМШтың Жаслар бюросының басшысы Фелипе
Паульер ҳәм Сатьяртхи глобал мийрим-шәпәәт ҳәрекети бас директоры Асмит
Сатьяртхи менен ушырасыўлар өткерди.
Ушырасыўларда
Өзбекстанның Парламентлераралық аўқам ҳәм БМШ менен бирге ислесиўин буннан
былай да раўажландырыў, парламент дипломатиясын күшейтиў, жасларды қарар қабыл
етиў процесслерине кеңнен тартыў, жаслар парламентлериниң жумысын раўажландырыў
ҳәм халықаралық тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў мәселелери додаланды.
Буннан тысқары,
климат күн тәртиби, санлы трансформация ҳәм жаслардың жасалма интеллекттен
жуўапкершиликли пайдаланыў бағдарындағы басламаларын қоллап-қуўатлаў
мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Конференция
қатнасыўшылары Өзбекстанның Парламентлераралық аўқам менен избе-из бирге
ислесиўиниң әҳмийетли нәтийжелерин де атап өтти. Атап айтқанда, 2025-жылы
Ташкент қаласында шөлкемлестирилген Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей
Ассамблеясы, сондай-ақ, мәмлекетимизде өткерилген бир қатар халықаралық
парламент илажлары еки тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа алып шыққаны атап
өтилди.
Конференция
қатнасыўшылары бул абырайлы халықаралық илаж жоқары дәрежеде табыслы
шөлкемлестирилгени, әҳмийетли мәселелер бойынша мазмунлы пикир алысыў ҳәм
нәтийжели сөйлесиў болып өткенин айрықша атап өтти.