Report”тың жазыўынша, Америка жетекшиси бул ҳаққында “Fox News” телеканалының журналисти Лора Ингрэмге берген интервьюинде айтып өткен.

"Бул сайлаўдан кейин бирден тамамланыўы керек, - деди Трамп. - Бәлким, олар [сайлаўлар]ға шекем тамамланар, бирақ мен ойлайман, бул сайлаўлардан кейин жүз береди".

Соның менен бирге, Ақ үй басшысы Иранға қарсы әскерий операция баслаў ҳаққындағы қарарынан өкинбейтуғынын атап өтти.

Яқ. Мен "пушайман" деген сөзге исенбеймен. Егер маған және усылай ислеўге туўра келсе, мен де тап сондай еткен болар едим", - деп жуўап берди Трамп тийисли сораўға.

Еслетип өтемиз, Конгресске аралық сайлаўлар 3-ноябрь күни болып өтеди, онда Конгресс Сенатының 100 ағзасынан 33 и ҳәм Ўәкиллер палатасының 435 ағзасы толық қайта сайланады.