Қарақалпақстан Республикасында нызамбузыўшыларға қатаң шаралар көрилмекте. 565 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық жағдайы бойынша протоколлар дүзилип, жәми 575,3 миллион сум муғдарында жәрийма қолланылған.

Жумысларға 1241 арнаўлы техника ҳәм 7 мыңнан аслам хызметкер тартылған. 124 рухсатсыз шығынды орынлары сапластырылып, полигонларға 3103 тонна шығынды тасланды.

Сондай-ақ, 271 қурылыс объекти тексерилип, қурылыс шөлкемлерине жазба көрсетпелер берилди. 76 шөлкем ҳәм полигонларды басқарыў дирекциясы арасында тийисли шәртнамалар дүзилген. 5092 автомобиль ушын арнаўлы стикерлер таярланған.

Соның менен бирге, халық арасында санитариялық нормаларға әмел етиў, өз-өзинен шығындыханалардың пайда болыўына жол қоймаў бойынша түсиндириў жумыслары да алып барылмақта. Аймақларда 61 мәлимлеме баннери жайластырылып, телевидение, радио, баспа сөз басылымлар ҳәм социаллық тармақларда 790 түсиник жумыслары алып барылды.

Бул бағдардағы жумыслар системалы түрде даўам еттирилип, қадағалаўға алынбақта.