Илаж "Өзатом"
агентлиги ҳәм "Росатом" мәмлекетлик корпорациясы тәрепинен
шөлкемлестирилди. Быйылғы фестиваль еки күнлик форматта өткерилмекте.
Биринши күн қатнасыўшылары Муҳаммед
ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектеп, сондай-ақ, UK School of Tashkent мектеплериниң оқыўшылары болды.
Мектеп оқыўшылары ушын
илимий тәжирийбелер, интерактив сабақлар ҳәм заманагөй технологияларды
көрсетиўге бай бағдарлама таярланды. Балалар қызықлы химиялық ҳәм физикалық
тәжирийбелерди көрди, атом электр станциясының ислеў принциплери менен танысты,
энергия қалай ислеп шығарылыўын билип алды.
Күнниң тийкарғы ўақыясы "Фантастикалық
лаборатория" интерактив шоу болып, онда қыйын илимий процесслер әпиўайы
ҳәм қызықлы түрде түсиндирилди.
Фестиваль даўамында қатнасыўшылар энергия ислеп
шығарыў процесслерин модельлестирди, реактор дүзилисин үйренди, атом
технологиялары күнделикли турмыста ҳәм медицинада қалай қолланылатуғынын
үйренди.
“Алдын мен атом энергиясының көплеген тараўларда
қолланылатуғынын билмейтуғын едим. Мени, әсиресе, оның медицинада ҳәм
кеселликлердиң алдын алыўда қолланылыўы қызықтырды. IT бағдарында оқып
атырғаныма қарамастан, фестивальдан кейин менде физика ҳәм атом тараўына
қызығыўшылық пайда болды”, - дейди фестиваль қатнасыўшысы Муҳаммадамин Ачилов.
Оқыўшы Сабина Турсунованың атап өтиўинше, фестиваль онда
айрықша тәсир қалдырды:
“Маған, әсиресе, химиялық реакциялар ҳәм илимий
тәжирийбелер унады. Илимниң көз алдымызда жанланып атырғанын көриў қызық болды.
Биз атом энергетикасы ҳәм оның дәстүрий ыссылық электр станцияларына
салыстырғанда экологиялық абзаллықлары ҳаққында көп нәрселерди билип алдық”.
Фестиваль Өзбекстан атом тараўы ушын кадрлар таярлаў
бағдарламасы шеңберинде өткерилип, жаслардың инженерлик ҳәм техникалық
қәнигеликлерге қызығыўшылығын раўажландырыў, мектеп оқыўшылары ҳәм студентлерди
ерте кәсипке бағдарлаўға қаратылған.
Қәнигелестирилген мектеп оқытыўшысы Сабоҳат
Раҳимованың атап өтиўинше, фестиваль оқыўшылар ушын әҳмиетли билимлендириў
майданына айланды:
“Атом энергетикасы ҳаққындағы мағлыўмат
оқыўшыларымыздың бул тараў ҳаққындағы пикирин пүткиллей өзгертип жиберди.
Талқылаўларда жигитлер үлкен қызығыўшылық пенен қатнасып, өзлериниң алған
тәсирлери менен бөлисти”.
Бүгинги күнде
Илим ҳәм атом фестивалы жаслар арасында илимди ғалаба ен жайдырыў бойынша әҳмийетли
майданлардан бирине айланып үлгерди. Жойбарға қызығыўшылық артып бармақта,
соның менен бирге заманагөй технологиялар ҳәм илим жетискенликлери менен
танысыўды қәлеўши қатнасыўшылар саны да көбеймекте.