Профилактикалық илаж даўамында қәнигелер тәрепинен тийкарғы үскенелердиң техникалық жағдайы, сондай-ақ, станцияның ысытыў мәўсиминде турақлы, исенимли ҳәм қәўипсиз ислеўин тәмийинлеўге қаратылған жумыслардың шөлкемлестирилиўи баҳаланды.

Шаң-газ тазалаў үскенелериниң жағдайына айрықша итибар қаратылды. Жумысшы топар жумыс алып барып атырған фильтрдиң техникалық жағдайы, жумыс нәтийжелилиги ҳәм оған техникалық хызмет көрсетиў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар менен танысты.

Буннан тысқары, қәнигелер 9- ҳәм 10-санлы энергия блокларында жаңа фильтрлеў қурылмаларының қурылысы менен танысты.

Ушырасыўда шаң-газ тазалаў системаларын буннан былай да модернизациялаў мәселелери де көрип шығылды. Тазалаў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм атмосфера ҳаўасына унамсыз тәсирди азайтыў имканиятын беретуғын үскенелерди басқышпа-басқыш жаңалаў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, жумысшы топар ўәкиллери тәрепинен гүзги-қысқы мәўсимде экологиялық талапларға әмел етиў ҳәм жүз бериўи мүмкин болған экологиялық қәўип-қәтерлердиң алдын алыў бойынша кәрханада әмелге асырылып атырған илажлар да үйренилди.

Профилактикалық илаж жуўмағында жуўапкер қәнигелерге тийисли усыныслар берилди. Атап айтқанда, әмелдеги тазалаў системаларынан исенимли пайдаланыў, үскенелерге өз ўақтында техникалық хызмет көрсетиў, сондай-ақ, оларды модернизациялаў илажларын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратыў усыныс етилди.

Бундай профилактикалық илажлардың өткерилиўи санаат объектлериниң экологиялық қәўипсизлигин арттырыў, олардың турақлы ислеўин тәмийинлеў ҳәм гүзги-қысқы мәўсим басланыўына шекем жүз бериўи мүмкин болған қәўип-қәтерлердиң алдын алыўға қаратылған.