Бундай шараятта ислам цивилизациясының илим, мәденият ҳәм руўхыйлық раўажланыўына қосқан шексиз үлесин қалыс илимий тийкарда изертлеў, оның адамгершилик мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаў үлкен әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимиз басшысының Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында алға қойған "Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик" басламасы халықаралық жәмийетшилик тәрепинен жоқары баҳаланып, бүгин мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған диний-ағартыўшылық реформалардың әҳмийетли идеялық тийкарына айланды. Мине, усы сиясаттың әмелий даўамы сыпатында усы жыл 7-11-июль күнлери Ташкент, Самарқанд ҳәм Термиз қалаларында "I Халықаралық ислам цивилизациясы форумы: тынышлық, кеңпейиллик ҳәм илим-ағартыўшылық жолы" әнжуманы болып өтеди.

Форум Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Дин ислери бойынша комитет тәрепинен ICESCO менен биргеликте шөлкемлестирилмекте. Онда Өзбекстан мусылманлары басқармасы, Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы, Имам Бухарий, Имам Термизий ҳәм Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайлары, сондай-ақ, IRCICA, WOSCU, ТУРКСАЙ, Түркий мәденият ҳәм мийрас қоры, Оксфорд ислам изертлеўлери орайы, Халықаралық түркий академия сыяқлы абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм илимий мәкемелер қатнасады. Бул болса форумның тек ғана илимий емес, ал дипломатиялық ҳәм гуманитарлық әҳмийети де жоқары екенинен дәрек береди.

Форумның баслы идеясы ислам цивилизациясының адамгершилик, кеңпейиллик, илим-ағартыўшылық ҳәм дөретиўшиликке тийкарланған ҳақыйқый мәнисин илимий дәлиллер тийкарында ашып бериўден ибарат. Усы мәниде бул әнжуман Өзбекстанның халықаралық гуманитарлық майдандағы орнын беккемлеў, цивилизациялараралық қарым-қатнасты раўажландырыў ҳәм Орайлық Азияның бай руўхый мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаўға хызмет етеди.

Форумда Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайының қатнасыўы айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, мотуридия тәлийматы ислам цивилизациясында ақыл ҳәм нақыл, ийман ҳәм пикирлеў, диний қәдириятлар ҳәм турмыслық ҳақыйқатлықлар арасындағы теңсалмақлылықты тәмийинлеген илимий мектеп сыпатында тән алынған. Бүгинги күнде диний фанатизм ҳәм радикал идеяларға қарсы гүресиўде мине усы бай мийрастың илимий потенциалына талап және де артып бармақта.

Самарқанд қаласында болып өтетуғын "Имам Мотуридий мийрасы: ислам цивилизациясының теңсалмақлылық ҳәм ақыл-ой тийкары" атамасындағы халықаралық конференцияда мотуридийлик кәлам мектебиниң тарийхы ҳәм раўажланыўы, ақыл ҳәм ийман қатнасы, тынышлық мәденияты, динлераралық қарым-қатнас, экстремизм ҳәм радикализмге қарсы ағартыўшылық қатнас сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланады. Бул додалаўлар Имам Мотуридий мийрасының тек ғана тарийхый емес, ал бүгинги глобал процесслер ушын да әмелий әҳмийетке ийе екенин және бир мәрте көрсетеди.

Илаждың еки күнлик жалпы мәжилислери Ислам цивилизациясы орайында өткериледи. Онда 300 ге шамалас мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, халықаралық шөлкемлердиң басшылары, белгили уламалар, қәнигелер ҳәм музей, китапхана ҳәм қолжазба фондларының басшылары қатнасады. Додалаўларда Өзбекстандағы диний-ағартыўшылық реформалар, Үшинши Ренессанс идеялары, түркий халықлардың ислам цивилизациясына қосқан үлеси, ҳәдис, фиқҳ ҳәм калам илимлериниң раўажланыўы, ислам цивилизациясы ҳәм заманагөй технологиялар арасындағы үнлеслик сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратылады.

Форумның кейинги басқышлары Самарқанд ҳәм Термиз қалаларында даўам етеди. Самарқандта Имам Бухарий мийрасы, Имам Мотуридий тәлийматы ҳәм Орайлық Азияның жәҳән цивилизациясының раўажланыўындағы орнына бағышланған халықаралық конференциялар, Термизде болса Термиз ҳәдис мектеби ҳәм Имам Термизий мийрасына бағышланған әнжуман шөлкемлестириледи. Бул арқалы Маўараўннахр илимий мектеплериниң ислам цивилизациясы раўажланыўындағы орны және де кеңирек сәўлелендириледи.

Форум шеңберинде бир қатар әмелий басламаларды алға қойыў да режелестирилген. Соның ишинде, Ислам цивилизациясының келешегине байланыслы декларация қабыл етилиўи, халықаралық бирге ислесиўдиң "жол картасы" ислеп шығылыўы, турақлы жумыс алып баратуғын халықаралық платформаны қәлиплестириў, биргеликтеги билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыў, жас илимпазлар ушын грант бағдарламаларын жолға қойыў, Қуран таныўшылық ҳәм ҳәдистаныў бойынша халықаралық олимпиадалар шөлкемлестириў сыяқлы әҳмийетли басламалар нәзерде тутылған.

Бул илаждың мәдений бағдарламасы да оның мазмунын толықтырады. Қатнасыўшылар Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Имам Бухарий естелик комплекси менен танысады, сийрек ушырасатуғын қолжазба ҳәм факсимил басылымлар көргизбелери, реставрация ҳәм санластырыў жойбарларының презентациялары, "Цивилизациялар - Шахслар - Ашылыўлар" мультимедиа презентациясы ҳәм тарийхый естеликлер бойлап арнаўлы саяхатларда қатнасады.

Форумның халықаралық мәлимлеме мәканында кеңнен сәўлелендирилиўине де айрықша итибар қаратылмақта. Усы мақсетте жетекши сырт ел ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў жолға қойылып, халықаралық пресс-турлар, арнаўлы репортажлар ҳәм санлы медиа жойбарлардың әмелге асырылыўы режелестирилген.

Ең әҳмийетлиси, бул форум Өзбекстанның бай илимий ҳәм руўхый мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў менен бирге мәмлекетимиздиң халықаралық гуманитар дипломатиядағы орнын және де беккемлеўге хызмет етеди. Ол Президентимиздиң басламасы менен усы жылы БМШ ҳәм ЮНЕСКО резиденцияларында өткерилиўи режелестирилген халықаралық презентациялар ушын да әҳмийетли интеллектуаллық ҳәм шөлкемлестириўшилик тийкар ўазыйпасын атқарады.

Шукрулло ЖЎРАЕВ,

Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы
бөлим баслығы