Оған Өзбекстан Республикасы Президентиниң экология мәселелери бойынша кеңесгөйи – Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов басшылық етти.

Сапар даўамында Монголия Президентине елимизде экология тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, қоршаған орталықты қорғаў, климат өзгериўи ҳәм еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Ухнаагийн Хурэлсух Өзбекстан тәрепинен алға қойылып атырған басламалар ҳәм экологиялық машқалаларды шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды жоқары баҳалады.

Буннан тысқары, экология ҳәм климат машқалаларын шешиўде еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге таярлық билдирилди.