Жаңа оқыў жылы басланыўына да санаўлы күнлер қалды.
Студентлерди ойландырып атырған әҳмийетли мәселелерден бири - турақ жайға
болған талапты тәмийинлеў усы күнлерде және де әҳмийетли. Орынларда жаңадан
қурылған имаратларды пайдаланыўға тапсырыў, студентлердиң турақ жайға
мүтәжлигин альтернатив механизмлер арқалы қаплаў бойынша жумыслар даўам
еттирилмекте.
Мине, усындай ийгиликли ҳәм саўаплы ислердиң үзликсиз
даўамы сыпатында ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллық байрамы қарсаңында жоқары
билимлендириў тараўында және бир әҳмийетли ҳәм тарийхый ўақыя жүз берди.
2026-жыл 24-август күни елимиз бойлап жаңадан қурылған ҳәм капитал оңлаўдан
шығарылған, 6200 орынға мөлшерленген 13 студентлер турақ жайы ҳәм 4000 орынға ийе
оқыў имаратларын пайдаланыўға тапсырыў процесине старт берилди. Бул оқыў
тилегиндеги жигит-қызлардың жасаў шараятын жақсылаў, билим алыўы ушын қолайлы
орталық жаратыў ҳәм жоқары билимлендириў инфраструктурасын раўажландырыўда
үлкен әҳмийетке ийе.
Студенттиң билимлендириўден тысқары турмысы, социаллық
орталығы ҳәм жасаў шараяты да билимлендириўдиң сапасына тиккелей тәсир етиўши
фактор болып табылады. Сонлықтан, студентлер турақ жайлары менен байланыслы
реформалар жоқары билимлендириўди инсанға бағдарланған системаға айландырыўда
әҳмийетли қәдем болмақта. Кейинги жылларда студентлер турақ жайлары тармағын
кеңейтиў бойынша системалы жумыслардың исленгени нәтийжесинде қамтып алыў
дәрежеси 2017-жылдағы 28 проценттен 2026-жылы 58 процентке жеткерилгени
пикиримизди дәлиллейди.
2026/2027-оқыў жылында 209,1 мың абитуриент жоқары
билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етилди. Ташкент қаласындағы жоқары оқыў
орынларына усыныс етилген 65876 абитуриенттиң 56457си басқа аймақлардан келип
билим алады. Оларды турақ жай менен тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпалардан бири.
2026-жыл 1-август ҳалатына бола, мәмлекетлик жоқары
билимлендириў шөлкемлеринде 394 студентлер турақ жайы бар. 2026/2027-оқыў
жылында оларға 161 мыңға шамалас студент орналастырылыўы режелестирилген.
Соннан 52 мың орын Ташкент қаласындағы студентлер турақ жайларына туўра келеди.
Жаңа объектлерди қурыўда жеке меншик сектор, соның
ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлеринен нәтийжели
пайдаланылмақта. Бул болса билимлендириў инфраструктурасына жеке меншик
капиталды тартыў тек ғана социаллық миннетлеме емес, ал экономикалық жақтан
тартымлы бағдарға айланып атырғанынан дәрек береди.
Студентлер турақ жайлары енди тек жатақхана емес, ал
билимлендириў орталығының ажыралмас бөлеги, студенттиң жеке раўажланыўы, еркин
пикирлеўи ҳәм социалласыўы ушын әҳмийетли мәканға айланбақта. Усы арқалы жоқары
билимлендириў системасы "аудитория - жатақхана - жәмийет" үшлигинде
тутас экосистема сыпатында қәлиплесип бармақта.
Кейинги жылларда студентлер турақ жайлары бағдарында
исленип атырған жумыслар жоқары билимлендириў реформаларының тек ғана
академиялық емес, ал социаллық ҳәм инфраструктуралық өлшемге де ийе екенин
көрсетти. Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жаратылған бул
имканиятлар билимлендириў сапасына тиккелей емес, бирақ турақлы тәсир
көрсететуғын әҳмийетли фактор сыпатында көзге тасланбақта.
Әҳмийетлилик нормалары анық белгиленген
Студентлерди студентлер турақ жайына жайластырыў
Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 14-августтағы "Жоқары билимлендириў
мәкемелери студентлерин турақ жай менен тәмийинлеў системасын жетилистириў
илажлары ҳаққында"ғы қарары менен тастыйықланған ҳәкимшилик регламент
талаплары тийкарында әмелге асырылады. 2024/2025-оқыў жылынан баслап
мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери студентлер турақ жайына барлық курс
студентлерин жайластырыў онлайн тәризде өтпекте. Турақ жайға орналасыў ушын
арза бериў 1-августтан басланып, оқыў жылы жуўмағына шекем даўам етеди.
Турақ жайға жайластырыўда белгиленген үстинлик
нормалары есапқа алынады. Соның ишинде, "Меҳрибанлық үйлери"
тәрбияланыўшылары, жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған студентлер,
"Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри," "Темир дәптер"
ҳәм "Ҳаял-қызлар дәптери"не киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж
шаңарақлардың перзентлери, "Жаслар дәптери"нде турыўшы және I ҳәм II
топар майыплығы болған студентлер, бир шаңарақтан бакалавриат басқышының
күндизги тәлим формасында еки ямаса оннан аслам төлемли-контракт тийкарында
оқып атырған перзентлерге үстинлик бериледи. Сондай-ақ, халықаралық пән
олимпиадалары, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги
тәрепинен өткерилетуғын республикалық пән олимпиадаларының жеңимпазлары,
"Жыл студенти" ҳәм "Студентлер театр студиялары"
таңлаўларының республикалық басқышының жеңимпазлары, жоқары билимлендириў
мәкемелери студентлери арасында өткерилетуғын "Заковат"
интеллектуаллық ойынының республикалық басқышының жеңимпазлары, студентлер
турақ жайында студентлер кеңесиниң баслығы ҳәм қабат сәрдары болған студентлер
үстинлик тәртипте қабыл етиледи.
Бакалавриат басқышында билим алып атырған, турақ
жайға мүтәжлиги бар студентлер турақ жайына толық жайластырылмастан турып
магистратура ҳәм докторантура басқышында билим алып атырған студентлерди турақ
жайға жайластырыўға жол қойылмайтуғыны белгиленген. Сонлықтан, белгиленген
критериялар избе-излиги тийкарында, бәринен бурын, турақ жайға мүтәжлиги бар
бакалавриат студентлери жайластырылады. Бакалавриат басқышындағы жәрдемге мүтәж
студентлер жайластырылып болынғаннан соң студентлер турақ жайларында бос
орынлар бар болса, кейинги үстинлик тийкарында магистратура ҳәм докторантура
басқышындағы студентлерге орын ажыратылыўы мүмкин.
Жаңа оқыў жылында студентлерди турақ жайларға
жайластырыў процеси 25-августтан басланды. Бул студентлерди оқыў процеси
басланғанға шекем басқышпа-басқыш жайластырыў имканиятын жаратпақта.
- Оқыў басланыўынан алдын турақ жай мәселесин шешиў
мақсетинде келдим, - дейди Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң екинши
басқыш студенти Одилбек Аллақулов. - Жатақханаға арза тапсырдым. Өткен жылы
жатақханада турдым ҳәм барлық шараятлардан қанаатланаман. Университетке
жақынлығы ҳәм сабақ өтиў ушын өз алдына оқыў бөлмелери ажыратылғаны,
студентлердиң бос ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде спорт дөгереклериниң бар
екенлиги, барлық шараятқа ийе спорт заллары жаслардың ықтыярында екенин айрықша
атап өтиўди қәлер едим.
Жатақханадан орын алмаған студентлер ушын
ижара механизми
Студентлердиң турақ жайға болған талабын қанаатландырыўда
ижара турақ жайлардан пайдаланыў имканиятлары да кеңейтилмекте.
Дәслепки есап-санақларға бола, 124758 студенттиң
ижара үйлерде жасаў зәрүрлиги бар. Оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде ижара
төлеминиң бир бөлеги компенсация етиледи: Ташкент қаласында - 1 БЕМге шекем,
яғный 440 мың сумға шекем; басқа аймақларда - 0,5 БЕМге шекем, яғный 220 мың
сумға шекем.
Усы тәризде турақ жайға мүтәж студентлер ушын
жатақханадан тысқары ижара турақ жайлардан пайдаланыў ҳәм ижара қәрежетлериниң
бир бөлегин қаплаў имканияты жаратылмақта.
Студентлерге ижара турақ жайлар табыў ҳәм жайласыўда
әмелий жәрдем көрсетиў мақсетинде 2026-жыл август-октябрь айларында
студентлерди турақ жайларға жайластырыўға жәрдемлесетуғын 169 орай жумыс алып
барады. Оларға 767 волонтёр бириктирилген. Олар студентлерге ижара турақ жайлар
ҳаққында мәнзилли мағлыўматлар береди, талап ҳәм имканиятларына сәйкес турақ
жай таңлаў ҳәм жайласыўында әмелий жәрдем көрсетиледи. Сондай-ақ, студентлерди
жайластырыў процесине тьюторлар ҳәм волонтёрлардан ибарат "оператив
топарлар" ҳәм "Қалқан" топарлары тартылады. Мүрәжатларды жедел
қабыл етиў мақсетинде Call-орайлардың жумысы жолға қойылмақта.
Тийкарғы мақсет - мүнәсип шараят жаратыў
Студентлер турақ жайларының санын арттырыў менен
бирге, олардағы шараятларды жақсылаўға да айрықша итибар қаратылмақта.
- Быйыл университетимиз аймағында 350 орынлық
студентлер турақ жайының қурылысы жуўмақланды, - дейди Ташкент мәмлекетлик
экономика университетиниң ректоры Тўлқин Тешабоев. - Сондай-ақ,
университетимиздиң Қарақалпақстандағы Төрткүл факультети ушын 600 орынлық
студентлер турақ жайының қурылысын жуўмақладық. Имаратларда илим талабында
болған жигит-қызлар ушын барлық шараятлар жаратылған. Майыплығы болған
студентлер ушын пандуслар, кириў есиклери, жуўыныў бөлмелери айрықша
көрсетилген нормаларда исленди.
Тийкарғы мақсет студентлерди тек ғана турақ жай менен
тәмийинлеў емес, ал олардың оқыўы, жасаўы ҳәм дем алыўы ушын мүнәсип шараят
жаратыў, социаллық қорғаўға мүтәж студентлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм турақ жай мәселесин
шешиўдиң бир неше нәтийжели механизмлерин бир ўақыттың өзинде иске қосыўдан
ибарат.
Келешекте де студентлер турақ жайларының санын
арттырыў, олардағы шараятларды жақсылаў, жайластырыў процесслерин санластырыў,
социаллық қорғаўға мүтәж студентлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм ижара турақ жайлар
механизмлерин жетилистириўге айрықша итибар қаратылады.
Әҳмийетлиси, студентлердиң турақ жай мәселеси олардың
билим алыўына тосқынлық етпеўи, ҳәр бир студент ушын қәўипсиз, қолайлы ҳәм
мүнәсип жасаў шараяты жаратылыўы ҳәм жаңа оқыў жылын шөлкемлескенлик пенен
баслаўы ушын зәрүр имканиятларды тәмийинлеў болып табылады.
Рисолат МАДИЕВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы