Мәмлекетимиз басшысының басшылығында 27-июль күни жанылғы-энергетика тараўының тийкарғы мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди. Онда тараўды басқарыў, орынларда электр ҳәм газ тәмийнатының турақлылығын тәмийинлеў, авария ҳәм энергия шығынларын азайтыў бағдарындағы жумыслар сын көзқарастан талланды.

Атап айтқанда, электр ҳәм газ тәмийнаты тараўындағы жумысларды район ҳәм мәҳәлле кесиминде шөлкемлестириў, аймақлардың энергия балансын қәлиплестириў, тармақ ҳәм үскенелерди хатлаўдан өткериў, гүзги-қысқы мәўсимге пуқта таярлық көриў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти кеңнен енгизиў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Презентацияда Энергетика министрлиги, "Аймақлық электр тармақлары" акционерлик жәмийети ҳәм "Өзэнергоинспекция"ның жаңа басшылығында бул тапсырмалардың орынланыўын шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келеси режелер көрип шығылды.

Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта Янгийўл районында электр ҳәм газ тәмийнатын жақсылаў бойынша арнаўлы штаб жумыс алып бармақта. Онда исбилерменлер ҳәм халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиўлер өткерилип, үзилислер, қуўатлылық жетиспеўшилиги, газ басымының төменлеўи, техникалық шәртнама алыў ҳәм қарыздарлық бойынша мүрәжатлар тиккелей үйренилмекте.

Янгийўл районы тәжирийбеси тийкарында бундай үлгили системаны және 13 районда шөлкемлестириў, кейин ала басқа аймақларда да енгизиў режелестирилген.

Исбилерменлик субъектлерин электр ҳәм газ тармақларына жалғаў ушын техникалық шәртнамаларды рәсмийлестириўде нызамлылық ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, коррупциялық жағдайлардың алдын алыў илажлары күшейтилмекте.

Гүз-қыс мәўсимине таярлық шеңберинде машқалалы тармақлар ҳәм үскенелерди жаңалаў, энергия ресурсларының шығынларын азайтыў, энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм авариялық өшириўлердиң себеплерин сапластырыў бойынша жумыслар алып барылмақта. Сондай-ақ, тараў хызметкерлерине тапсырмаларды электрон система арқалы жеткериў, орынланыўын қадағалаў, жумыс нәтийжелилигин анық көрсеткишлер тийкарында баҳалаў механизмлери ислеп шығылмақта.

Энергетика министрлигине тараўды басқарыўдың бирден-бир ҳәм нәтийжели системасын қәлиплестириў, тармақ кәрханаларының жумысын муўапықластырыў, инвестициялық жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлықты системалы шөлкемлестириў ўазыйпалары жүкленди.

"Аймақлық электр тармақлары" акционерлик жәмийетине орынларда электр тәмийнатының турақлылығын арттырыў, инфраструктураны басқышпа-басқыш модернизациялаў, авариялық өшириўлерди қысқартыў ҳәм хызмет сапасын жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди.

"Өзэнергоинспекция"ға энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў үстинен қадағалаўды күшейтиў, техникалық талапларға әмел етилиўин тәмийинлеў, жоғалтыўларды азайтыў ҳәм ири тутыныўшылардың энергия аудитин жеделлестириў бойынша ўазыйпалар қойылды.

Газ жеткерип бериў имканияты шекленген мәҳәллелерди гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў, суйылтырылған газ тәмийнаты тараўына жеке меншик секторды кеңнен тартыў, тараўдағы процесслерди мониторинг етиўде жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы барлық илажларды мәнзилли қатнас ҳәм анық есап-санақлар тийкарында әмелге асырыў, халық ҳәм экономика тармақларын турақлы электр энергиясы ҳәм газ бенен тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.