Кейинги жылларда бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжесинде Өзбекстан жасалма интеллектти енгизиўге таярлық бойынша халықаралық рейтингте 25 текшеге көтерилип, 62-орынды ийеледи. 2030-жылға шекем бул көрсеткиш бойынша дүньяның 50 жетекши мәмлекетлери қатарына кириў мақсет етилген.

Буннан тысқары, жасалма интеллект тийкарында жаратылған программалық өнимлер ҳәм хызметлер көлемин 1,5 миллиард долларға жеткериў, инфраструктураны кеңейтиў, 200 ден аслам жаңа жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы жасалма интеллект тараўындағы технологиялар жедел пәтлер менен раўажланып атырғанын атап өтип, дүнья ҳәм регионаллық тенденцияларды турақлы таллап барыў, алдынғы қолланбаларды жедел өзлестириў ҳәм жаңа басламаларды алға қойыў зәрүрлигин атап өтти.

Презентацияда, бәринен бурын, заманагөй есаплаў инфраструктурасын раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Өткен айда "Санлы ҳүкимет" дата-орайында АҚШтың «NVIDIA» компаниясының технологиялары тийкарында суперкомпьютер иске қосылды. Қуўатлылық дәрежеси бойынша дүнья рейтингинде 321-орынды ийеледи. Тек ғана бир айда кластердиң жүклемеси 90 процентке жеткени елимизде есаплаў қуўатлылығына талап жоқары екенинен дәрек береди.

Бүгинги күнде 24 миллион долларлық заманагөй есаплаў инфраструктурасы иске қосылған. Әмелдеги компьютер кластерин кеңейтиўге және 70 миллион доллар қаратыў усыныс етилди. Қаржыландырыў дәреклери, зәрүр үскенелерди жеткерип бериў мүддетлери, сырт елли инвесторлар менен бирге Қарақалпақстанда дата-орайлар шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди.

ЖИ тийкарындағы шешимлердиң нәтийжелилиги мағлыўматлар базасының сапасына тиккелей байланыслы екенлиги атап өтилди. Сонлықтан министрликлер ҳәм уйымлардағы бар мағлыўматларды хатлаўдан өткерип, олардың толықлығы, исенимлилиги ҳәм өз-ара интеграциясын тәмийинлеў, тармақлар кесиминде сапалы мағлыўматлар топламын қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.

Экономика ҳәм социаллық тараўлардағы ЖИ жойбарларды усы жылдың өзинде 100 ден асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Денсаўлықты сақлаў, энергетика, транспорт, бажыхана ҳәкимшилиги, юридикалық хызметлер, жәмийетлик қәўипсизлик, экология ҳәм геология тараўлары ушын ислеп шығылып атырған шешимлер таныстырылды.

Оның ушын IТ-парк резидентлери, стартаплар ҳәм 20 дан аслам жасалма интеллект лабораториялары менен системалы бирге ислесиўди жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Усы жылы бул тараўда жумыс ислейтуғын резидентлердиң саны 300 ге, олар тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер көлеми 2 триллион сумға, експорт көлеми 160 миллион долларға жетиўи күтилмекте.

Кадрлар таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бүгинги күнде 1 миллион 500 мыңнан аслам пайдаланыўшылар жасалма интеллект бойынша арнаўлы сертификатларға ийе болды. Буннан тысқары, 900 басшы, 3 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметкер, 1 мың банк хызметкери ҳәм 200 мәсләҳәтшилер арнаўлы курсларда оқытылды.

Келеси еки жылда "Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери" жойбарын толық әмелге асырыў, мектеп оқыўшылары, студентлер, оқытыўшылар ҳәм халықтың кең қатламы ушын заманагөй оқыў-методикалық қолланбалар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Нөкис, Самарқанд, Термиз, Бухара, Ферғана, Әндижан, Гүлистан ҳәм Жиззақ қалаларында тармақ хакатонлары ҳәм таңлаўлар өткерилди. "Жасалма интеллект тараўындағы ең жақсы стартап" таңлаўына старт берилди. Бундай хакатонларды барлық аймақларда өткериў бойынша тапсырма берилди.

Сондай-ақ, ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлериниң жасалма интеллект мәселелери бойынша кеңесгөйлериниң жумысы додаланды. 500 талабан арасынан 222 мәсләҳәтшилер таңлап алынды. Бул лаўазымларға сырт елде билим алған, заманагөй технологияларды пуқта ийелеген жас қәнигелерди кеңнен тартыў, олардың жумысын анық нәтийжелилик көрсеткишлери тийкарында баҳалаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәсләҳәтшилердиң жумысы, олар тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбар ҳәм басламаларды мониторинг етиў ҳәм қоллап-қуўатлаўға мөлшерленген айрықша санлы платформаны иске қосыў ўазыйпасы қойылды.

Презентацияда ЖИ тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары да көрип шығылды. Бизге белгили, Өзбекстан “WAICO” - Жәҳән жасалма интеллект бирге ислесиў шөлкемине ағза болды.

Бул шөлкемде қатнасыў арқалы мәмлекетимизде алдынғы технологиялар, ири тил модельлери ҳәм санлы трансформация шешимлерин енгизиў, сырт ел технология компаниялары ҳәм илимий мәкемелери менен қоспа жойбарларды әмелге асырыў, жоқары маман кадрлар таярлаў бойынша жаңа басламаларды алға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президентимиз санаат қуўатлықларын избе-из арттырыў, тармақларда әмелий жойбарларды кеңейтиў, сапалы мағлыўматлар базасын жаратыў, қәбилетли жаслар ҳәм стартапларды қоллап-қуўатлаў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.