Қус гөши диета қәсийетлери ҳәм арзан баҳасы менен халықтың аўқатланыўында
әҳмийетли орын ийелейди. Соның ушын мәмлекетимизде ири қусшылық комплекслерин
шөлкемлестириў, өндиристи локализациялаў ҳәм базарларды сапалы өним менен
турақлы тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.
"Сокин савдо сервис" кластери 2010-жылы шөлкемлестирилген.
Бүгинги күнде оның қурамында Әндижан ўәлаятында бес, Наманган ўәлаятында үш
қусшылық хожалығы бар. Ташкент ўәлаятындағы кәрханада қусларға азықлық ислеп
шығарылады.
Кластерде азықлық
ислеп шығарыў, қус жетистириў, гөшти қайта ислеў ҳәм қадақлаў және
тутыныўшыларға жеткерип бериўди өз ишине алған толық өндирислик цикли
жаратылған. Гөшти қайта ислеў комплекси толық автоматластырылған ҳәм жоқары
гигиеналық талапларға жуўап береди.
Жойбардың улыўма
баҳасы 29 миллион долларды қурайды. Кластерде 417 адам мийнет етпекте.
Ҳәзирги ўақытта
комплексте 1 миллион 500 мың бройлер шөже бағылады. Ислеп шығарыў қуўатлылығы
жылына 8,2 миллион бройлер бағыў ҳәм 20,6 мың тонна қус гөшин жетистириў
имканиятын береди.
Комплексте жылына
55 мың тонна таўық гөши ҳәм ярым таяр өнимлерди қайта ислеў қуўатлылығы
жаратылған. Өнимлер «Ҳалал», HACCP ҳәм ISO стандартларына муўапық ислеп
шығарылмақта.
Усы жылдың
басынан кластерде нәсилшилик бағдары да жолға қойылды. Ҳәзир бул жерде 25 мың
нәсилли таўық бағылып, 9 миллион мәйектен жылына 7,6 миллион бройлер таўық алыў
мөлшерленген.
2027-жылдың
ақырына шекем қусшылық шығындыларын қайта ислеў бойынша рендерлеў линиясы иске
түсириледи, сондай-ақ, қусларды сақлаўдың көп қабатлы кетекшели системасы
енгизиледи. Бул еки жойбарға 10 миллион доллар қаратылады.
Буннан тысқары,
тоқтап турған ямаса финанслық қыйыншылықларды бастан өткерип атырған қусшылық
хожалықларын кластер менен кооперациялаўдың бирден-бир системасына бирлестириў
усыныс етилмекте. Бул 350-400 жумыс орнын тиклеў, қосымша 1 миллион 700 мың бас
қус бағыў имканиятын береди.
Мәмлекетимиз
басшысына кластердеги өндирис процесслери, таяр өнимлер ҳәм перспективалы жаңа
жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.