Орай мәмлекетимиз басшысының санластырыў тараўындағы хызметлер экспортын раўажландырыўға қаратылған 2024-жыл 26-февральдағы қарарына муўапық «Akademiya IT Star» кәрханасы тәрепинен шөлкемлестирилген.

Мәлимлеме технологиялары жаслар арасында ең талапшаң бағдарлардан бирине айланбақта. Соның ушын аймақларда заманагөй IT кәсиплерди иелеў, әмелий көнликпелерди қәлиплестириў ҳәм бәсекиге шыдамлы программалық өнимлер жаратыў ушын шараятларды кеңейтиў әҳмийетли.

Жойбардың улыўма баҳасы 15 миллиард сумды қурайды. Орайда 100 жумыс орны жаратылған.

Орай аўыл ҳәм район жасларына өз үйинен узаққа бармастан, заманагөй өнер ҳәм кәсип-өнерлерди ийелеў имканиятын береди. Бул жерде маркетинг, программаластырыў ҳәм робототехника бағдарлары бойынша билим берилип, олар әмелий жойбарларда қолланылмақта.

Орайдың имканиятларынан жергиликли исбилерменлер де нәтийжели пайдаланбақта. Оларға IT хызметлер көрсетилип, жасалма интеллект тийкарында бизнести раўажландырыў бойынша мәсләҳәтлер берилмекте. Ҳәзирги күнге шекем 500 ден аслам исбилерменлик субъектине 8,5 миллиард сумлық хызметлер көрсетилген.

Ҳәзирги ўақытта ўәлаяттағы 65 мың исбилерменлик субъекти ушын 129 мыңнан аслам қәниге - SMM-менеджерлер, мобилографлар, график дизайнерлер, маркетологлар, мағлыўматлар аналитиклери ҳәм жасалма интеллект бойынша қәнигелер зәрүр. Орайдың билимлендириў бағдарламалары усы талапты есапқа алған ҳалда ислеп шығылған.

Мәмлекетимиз басшысы жаслар жаратқан стартаплар менен ҳәр тәреплеме танысып, олардың билим ҳәм интеллектуаллық потенциалына жоқары баҳа берди. Қызғын сәўбетте жигит-қызлар мәмлекетимизде стартап экосистемасын буннан былай да раўажландырыўға қаратылған жаңа баслама ҳәм усыныслары менен бөлисти.