Елимизде спортты раўажландырыў, тараўға жеке меншик секторды кеңнен тартыў ҳәм жергиликли өндирис көлемин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул процессте халықаралық стандартларға сәйкес, импорт өнимлердиң орнын басатуғын сапалы спорт инвентарьларын таярлаў үлкен әҳмийетке ийе.

«LB Sport» спорт инвентарьларын ислеп шығарыў бойынша жетекши жергиликли кәрханалардан бири. Кәрхана 20 дан аслам спорт федерациялары менен бирге ислеседи.

Бул жойбар мәмлекетимиз басшысының усы жыл 24-марттағы спорт тараўында исбилерменлердиң қатнасын кеңейтиўге байланыслы қарарына муўапық әмелге асырылды.

Толық исбилерменниң өз қаржылары есабынан әмелге асырылған жойбардың улыўма баҳасы 25 миллиард сумды қурайды. Кәрханада 18 спорт түри бойынша 65 түрдеги өним ислеп шығарылмақта. Жылына улыўма баҳасы 75 миллиард сумлық 500 мың дана спорт инвентары ислеп шығарылмақта.

Өнимлер сапасы бойынша сырт елден қалыспайды, баҳасы да арзан. Қазақстан, Қырғызстан ҳәм ҒМДА мәмлекетлерине жеткерип берилмекте. Жыллық экспорт көлеми 3 миллион долларды қурайды.

Кәрхана жумысында халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге де айрықша итибар қаратылмақта. Бул жерде Балықшы районындағы 800 кем тәмийинленген шаңарақ пенен кестешилик тийкарында бирге ислесиў жолға қойылған.

Жумысты үйге алып ислеўшилердиң 90 процентин ҳаял-қызлар, 65 процентин 30 жасқа шекемги жаслар қурайды. Бундай система адамларға үйинде жумыс ислеп, турақлы дәрамат алыў имканиятын береди.

Кәрханада билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясы жолға қойылған. 1- ҳәм 2-санлы районлық техникумлардың 100 оқыўшысы дуал билимлендириў системасы бойынша билим алмақта. Олар өзлестирген теориялық билимлерин тиккелей өндирис процесинде беккемлейди.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги өндирис процеси ҳәм таяр өнимлердиң үлгилерин көзден өткерди.

Кәрхананың келешектеги режелери ҳаққында мағлыўмат берилди. 2027-жылы өндирис бағдарларын кеңейтиў ушын сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм спорт велосипедлерин ислеп шығарыў жойбарын әмелге асырыў режелестирилген.

Усы жерде қәбилетли жаслар ҳәм кәрхана жумысшылары менен сәўбетлести.