Елимизде былғары шийки затын терең қайта ислеў, экспортқа жарамлы таяр
өнимлер ислеп шығарыў, ишки базарды сапалы ҳәм арзан аяқ кийим менен
тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Мәмлекетимиз басшысының "Былғары аяқ кийим ҳәм тери ислеп шығарыў
тараўларын раўажландырыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыўды буннан былай да
хошаметлеў илажлары ҳаққында"ғы қарары бул бағдарда әҳмийетли ҳуқықый
тийкар болып хызмет етпекте.
Алтынкөл районындағы киши санаат зонасы Ферғана ойпатындағы былғары ҳәм
аяқ кийим ислеп шығарыўға қәнигелескен исбилерменлер, өнерментлер ҳәм
кластерлерди бирлестирген бирден-бир санаат комплекси болып есапланады. Бул жерде шийки затты қайта ислеўден баслап таяр
өним шығарыў ҳәм сатыўға шекемги толық өндирислик цикл жаратылады.
Комплекстиң
улыўма майданы 10,1 гектар болып, әмелге асырылатуғын жойбарлардың баҳасы 28
миллион доллар. 5,5 гектар майданда заманагөй өндирислик имаратлар, дуал
билимлендириў орайы ҳәм саўда объектлери қурылған.
Санаат зонасында
улыўма қуўатлылығы 150 миллиард сум болған 17 жойбар әмелге асырылмақта.
Олардың 10ы аяқ кийим ҳәм аяқ кийим асты, 2 еўи жасалма былғары, және 2 еўи аяқ
кийим желими ислеп шығарыўға қәнигелескен. Қалған жойбарлар шеңберинде резина
аяқ кийим, арнаўлы аяқ кийим ушын үстиңги бөлеклер, былғары ислеп шығарыў жолға
қойылады.
Бүгинги күнде
комплексте 2 мың 500 жаңа жумыс орны жаратылған.
Бул жерде
таярланып атырған өнимлер Россия, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан,
Түркменстан ҳәм Аўғанстанға экспорт етилмекте. Өндириске Түркия, Қытай ҳәм
Италияда тәжирийбе арттырған қәнигелер тартылған. Олардың тәжирийбеси
өнимлердиң сапасын ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет етеди.
Тараўдың
раўажланыўын қоллап-қуўатлаў мақсетинде исбилерменлерге бир қатар жеңиллик ҳәм
имканиятлар берилди. Атап айтқанда, олардың буйыртпасы тийкарында қурылған
өндирислик имарат ҳәм объектлер 7 жылға шекемги мүддетке бөлип-бөлип сатылады.
Мәмлекетимиз
басшысы өнимлердиң үлгилерин көзден өткерип, жойбарлардың экономикалық
нәтийжелилиги ҳәм экспорт потенциалына айрықша итибар қаратты.
Исбилерменлер
менен сәўбетте өнимлердиң сапасын арттырыў, заманагөй модельлерди өзлестириў, экспорт
географиясын кеңейтиў бойынша усыныслар берилди. Соның менен бирге,
жуўапкерлерге жергиликли аяқ кийим өнерментшилиги дәстүрлерин заманагөй санаат
усыллары менен үйлестириўди тәмийинлеў, тараў хызметкерлери ушын шараятларды
және де жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди.