Дүнья жеделлик пенен өзгерип атырған, геосиясий процесслер қыйынласып атырған бүгинги дәўирде мәмлекетлердиң қүдирети экономикалық көрсеткишлери ямаса дәстүрий армиясы менен бирге сол елде камалға келип атырған жас әўладтың руўхый дүньясы ҳәм интеллектуаллық потенциалы менен де белгиленбекте.

Жаңа Өзбекстанда жаслар сиясаты тек ғана үгит-нәсиятлаў емес, ал мәмлекет стратегиясының ең әҳмийетли бағдарына айланды. Мине, тоғыз жылдан берли, елимизде 30-июнь - Жаслар күни кеңнен белгиленип, өсип киятырған әўладтың умтылыслары қоллап-қуўатланбақта ҳәм хошаметленбекте. Бул сәне миллетимиздиң ертеңги күнине жоқары исениминиң тымсалы болыўы менен бирге, жаңа Өзбекстанның тәғдирин белгилеўде жаслардың орны қаншелли әҳмийетли екенин және бир мәрте тастыйықлайды. Итибарлы тәрепи, бүгин армия, улыўма Қураллы Күшлер системасы жаслар ушын өзин ҳәр тәреплеме көрсететуғын ең тартымлы ҳәм абырайлы тараўға айланды.

Жаўынгерлик таярлықтан "проактив армия"ға қарай

Армия бүгин тек ғана аймақлық қол қатылмаслықты тәмийинлеўши күш емес, ал мәмлекет турақлылығы, жәмийет тынышлығы ҳәм келешектеги раўажланыўдың тийкарғы таянышына айланып бармақта. Президентимиз, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев бийбаҳа байлық болған тынышлық ҳәм татыўлықты қәстерлеп сақлаў ушын ҳәр бир тараў ҳәм тармақ, әсиресе, миллий армия қәўип-қәтерлерге алдыннан жуўап қайтарыў бойынша "проактив жумыс режими"не өтиўи шәрт екенлигин қатаң көрсетип өтти.

Проактив армияда инсан капиталы үлкен орын тутады. Буның айқын мысалын "Әскер тек жаўынгер емес, келешек қәнигеси" деген принциптиң турмысқа избе-из енгизилиўинде көремиз. Мәмлекетимиз басшысының ең әҳмийетли басламаларынан бири мүддетли әскерий хызметке жаңаша, кең социаллық ўазыйпа сыпатында қатнас белгилеп берилгени болды. Президентимиз мүддетли хызмет тек ғана физикалық, идеялық ҳәм әскерий таярлық емес, ал жасларды мийнет базарына, еркин кәсипке таярлайтуғын турмыслық басқышқа айланыўы керек екенлигин атап өтти. Усы мәнисте, мүддетли әскерий хызметтиң социаллық функциясын түп-тийкарынан өзгертиў - дәўир талабы.

"Бир әскер бир кәсип" принципи

Жаңа системаға бола, ҳәр бир әскер хызметти өтеў даўамында ўатанды қорғаў менен бирге, турмыста зәрүр болған кеминде бир кәсипти ийелеўи шәрт. Буның ушын әскерий бөлимлерде 3-6 айлық арнаўлы оқыў курслары шөлкемлестирилди. Бағдарлама жуўмағында берилетуғын маманлық сертификаты жигитлер ушын мийнет базарына кириў ҳүжжети ўазыйпасын атқарады. Бул, сөзсиз, "Бир әскер бир кәсип" принципиниң әмелий нәтийжеси болып есапланады.

Бүгинги саўаш майданларында физикалық күштен тысқары интеллект ҳәм алгоритмлер соқлығыспақта. Соны аңлаған ҳалда Қорғаныў министрлиги системасында жасларды санлы технологияларға оқытыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Ҳәр жылы ең қәбилетли 5000 әскер таңлап алынып, "Бир миллион программист" ҳәм "Бес миллион жасалма интеллект жетекшиси" бағдарламалары шеңберинде билим алыўы жолға қойылды. Бул енди әскерлер мүддетли әскерий хызметти тамамлап, үйине заманагөй IТ қәнигеси, программист ямаса мағлыўматлар аналитиклери болып қайтады, дегени. Бул болса армияның мәмлекеттиң экономикалық ҳәм технологиялық раўажланыўына, санлы экосистеманың қәлиплесиўине үлкен үлес қосыўға кирискенин аңлатады.

 Интеллектуаллық капиталға инвестиция: жеңилликлер ҳәм кепилликлер

Кейинги жыллары мәмлекетимиз жаслардың пуқта билим алыўы ушын барлық имканиятларды жаратып бермекте. Армияда хызмет етип атырған жасларға жаратылған шараятлар, берилип атырған жеңилликлер пикиримиздиң айқын дәлили. Бүгин әскер жигитлик миннетин атқарыў ўақтында жоқары оқыў орнына кириў ушын тест тапсырыў имканиятына ийе. Тесттен табыслы өткеннен соң, хызмети жуўмақланыўы менен тиккелей студентликке қабыл етиледи.

Шет тиллерин үйрениў ҳәм халықаралық сертификатлар (IELTS, TOEFL ҳәм басқалар) алыў қәрежетиниң мәмлекет тәрепинен қапланыўы, сондай-ақ, контракт тийкарында оқыўға киргенлерге процентсиз тәлим кредити ажыратылыўы жас әскерлердиң келешегине ең үлкен инвестиция, деп баҳаланбақта.

Жаңа Өзбекстанда мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек деген принцип үстин. Ол қорғаныў системасында да беккем орнатылды. Ҳәр пийшемби күни министрлик, уйым ҳәм әскерий бөлимлерде "Жаслар күни" сыпатында өткерилип атырғаны армия ҳәм жәмийет арасындағы исеним көпирин және де беккемледи.

Қорғаныў министриниң арнаўлы буйрығы менен шөлкемлестирилген бул система шеңберинде "Әскерий бөлим жетилиги" ҳәр бир жас әскерий хызметкердиң, ҳәр бир әскердиң машқаласын индивидуал үйренбекте. Тартынбай айтыў керек, машқалаларды жасыратуғын, кемшиликлерди көзден таса ететуғын дәўирлер өтти. Бүгинги ашық-айдынлық сиясаты ҳәр бир шағым ҳәм усыныстың тыңланыўын, ҳәр бир машқаланың конструктивлик шешим табылыўын кепиллейди.

Жәмийеттиң жана элита қатламы

Армиядан қайтқан жаслардың жәмийетке социаллық-экономикалық бейимлесиўи ҳәм жумыс пенен тәмийинлениўи Қорғаныў министрлиги ҳәм басқа да тийисли министрликлердиң турақлы итибарында. Қабыл етилген ҳуқықый ҳүжжетлердиң талапларына муўапық, исбилерменлик етиў тилегиндеги әскерий хызметти өтеген жаслар ушын кредит процентлериниң бир бөлеги мәмлекет тәрепинен қапланыўы, мәмлекетлик шөлкемлерге жумысқа кириўде берилетуғын 10 процентлик жеңиллетилген баллар армия хызметин өтеген жигитлердиң жәмийеттиң элита қатламына айланыўы ушын хызмет етпекте.

Жеке меншик секторда жумыс ислеўди қәлеген жасларға болса кәсиплик сертификатлар алыў қәрежетлериниң төлеп берилиўи олардың тезирек аяққа турып алыўына жәрдем береди. Бул ҳәрекетлердиң нәтийжесинде "Мүддетли әскерий хызмет - жаслар ушын табыслы жол" деген сүрен ҳақыйқый ўақыяға айланды.

"Мәнаўият қалқаны" ҳәм интеллектуаллық раўажланыў

Президентимиздиң "Қураллы Күшлер системасында республикалық китапқумарлық таңлаўын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарарына бола, 2026-жылдан баслап, ҳәр жылы "Руўхыйлық қалқаны" республикалық китапқумарлық таңлаўы мүддетли әскерий хызметкерлер, контракт бойынша әскерий хызметкерлер, жоқары әскерий ҳәм жоқары әскерийлестирилген билимлендириў мәкемелериниң курсантлары, әскерий академиялық лицейлердиң оқыўшылары арасында 4 басқышта өткериледи.

Китапқумарлық таңлаўының республикалық басқышында министрликлер ҳәм уйымлардың мүддетли әскерий хызметкерлери, контракт бойынша әскерий хызметкерлери, курсантлары ҳәм оқыўшылары арасынан 1-орынды ийелеген 4 жеңимпаздың ҳәр бирине Жоқары Бас Сәркарданның бас сыйлығы - электромобиль ҳәм диплом тапсырылады. 2-орынды ийелеген 4 жеңимпаздың ҳәр бири БЕМниң 100 есеси муғдарында бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлық ҳәм диплом менен сыйлықланады, 3-орынды ийелеген 4 жеңимпаздың ҳәр бири болса БЕМниң 70 есеси муғдарында бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлық ҳәм диплом менен сыйлықланады.

Ең әҳмийетли хошаметлеўлерден бири: китапқумарлық таңлаўының республикалық басқышында 1-, 2- ҳәм 3-орынлардан бирин ийелеген мүддетли әскерий хызметкерлердиң хызмет мүддети хошаметлеў түринде 1 айға қысқартылады.

Соның менен бирге, әскерий бөлимлер ҳәм мәкемелердиң китапхана фонды кескин байытылмақта. Усы жылы жәми 1 миллион нусқадағы дүнья ҳәм өзбек әдебиятының дүрданалары әскерлердиң ықтыярына тапсырылады.

Киберспорттан дрон басқарыўға шекем: жоқары технологиялар полигоны

Қураллы Күшлеримизде физикалық таярлық бәрқулла биринши орында болып келген. Көп гүрес, қол урысы ҳәм аўыр атлетика сыяқлы дәстүрий спорт түрлери әллеқашан әскерий турмыстың ажыралмас бөлегине айланған. Бирақ заман тезлиги армия алдына пүткиллей жаңа ҳәм инновациялық талапларды қоймақта.

Усы жылдан баслап әскерий спорт жарыслары дизимине заманагөй ҳәм жоқары технологиялық бағдарлар қосылды. Булар - стратегиялық пикирлеў ҳәм оператив қарар қабыл етиў көнликпелерин арттыратуғын киберспорт, келешек саўаш майданының тийкарғы факторы болған дрон басқарыўы (UAV) ҳәм инженерлик ҳәм инновациялық потенциалды жоқарылататуғын робот технологиялары бойынша арнаўлы жарыслар болып есапланады.

Қысқаша айтқанда, бүгинги өзбек әскери қолында китап, қәлбинде Ўатан, санасында болса жоқары технологиялар жәмленген пүткиллей жаңа әўлад ўәкили.

Ўатансүйиўшилик кимлер ушын тек ғана сулыў сөз болыўы мүмкин, бирақ ҳақыйқый ер жигитлер ушын бул - қәлбиндеги муқаддес сезим ҳәм әмелдеги пидайылық. Мине, усындай нәўқыран әўлад ўәкиллери "Мәртлик мектеплери", "Темурбеклер мектеби" ҳәм Жалаладдин Мангуберди атындағы академиялық лицейлерде ата-бабаларымыздың даңқлы тарийхына ҳүрмет, ана ўатанға садықлық руўхында тәрбияланбақта.

Санлар ҳәм рейтинглер: жүзекиликтен нәтийжелиликке

Тан алыў керек, жақын өтмиште жаслар менен ислесиўде гейде жүзеки қатнаслар, рәсмийлик ямаса есабат ушын өткерилетуғын илажлар да болған. Бирақ бүгин Қорғаныў министрлигиниң орайлық аппараты ҳәм билимлендириў мәкемелери арасындағы бирге ислесиў пүткиллей жаңа басқышқа шықты. Таллаўларға бола, бурын жаслар менен ислесиў илажларының тийкарғы бөлеги тек студент ҳәм оқыўшыларға қаратылған болса, енди жас әскерий хызметкерлер ҳәм әскерлер менен мәнзилли, индивидуал ислесиў көрсеткиши сезилерли дәрежеде артты.

Әскерий бөлимлерде өткерилип атырған илажлардың нәтийжелилиги айлық рейтинглер ҳәм терең таллаўлар тийкарында баҳаланып барылады. Бунда тийкарғы өлшем шешилген реал машқалалар ҳәм жаслардың дүньяқарасындағы унамлы өзгерислер етип белгиленген. Әсиресе, "Әскер ата-аналарын ҳүрметлеймиз" жойбары армияның жоқары адамгершилик көринисин ашып берди. Ҳәр бир әскердиң артында оны дуўалар менен күтип турған ата-анасы бар екенин сезиўи, хызмет процесинде шаңарағы менен турақлы байланыста болыўы оның руўхый-психологиялық үстинлигин беккемлейди. Шаңарағы тыныш, жақынлары ҳүрметте болған әскерий хызметкер өз ўазыйпасын еки есе жуўапкершилик ҳәм жоқары мақтаныш пенен орынлайтуғыны сөзсиз.

"Әскердиң шаңарағы әскерий бөлимде" ҳәм "Әскерлик дәўиримди еслеп..." жойбарлары

Президентимиздиң "Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 35 жыллығын кеңнен белгилеўге таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында"ғы қарарындағы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў және "Халық ҳәм армия - бир тән, бир жан" принципин жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде Қорғаныў министрлиги системасында "Әскердиң шаңарағы әскерий бөлимде" атамасындағы инновациялық социаллық бағдарламаны енгизиў усынысы толық қоллап-қуўатланды.

Министрдиң көрсетпесине муўапық, бул бағдарлама шеңберинде жаўынгерлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлықта жоқары нәтийжелерге ерисип, қатарласларына өрнек болған ең алдынғы мүддетли әскерий хызметкердиң шаңарақ ағзалары (ата-анасы, аға-ини, апа-сиңлиси) әскерий округ әскерлери сәркардасы атынан рәсмий мирәт етиледи. Олар бир сутка әскерий бөлимде болып, әскерлердиң күнделикли хызмет процеси ҳәм басқа да таярлық илажларында қатнасады, әскерий бөлимлердеги ҳақыйқый заманагөй шараятлар менен жақыннан танысады.

Буннан тысқары, Қорғаныў министрлиги системасында байрам илажлары шеңберинде елимиздеги белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери және белгили спортшылардың қатнасыўында "Әскерлик дәўиримди еслеп..." атамасындағы социаллық-ўатансүйиўшилик жойбары әмелге асырылатуғыны белгиленди. Белгили шахслардың әскерий бөлимлерге әпиўайы мийман сыпатында емес, ал бир күнлик әскерий хызметкер сыпатында келиўин шөлкемлестириў, олардың әскер кийиминде, жеке қурам менен бир қатарда турыўы, бирге аўқатланыўы ҳәм сәўбетлесиўи армияның халыққа қаншелли жақынлығын көрсетеди.

Қатнасыўшылар жойбар шеңберинде өзлери хызмет еткен жыллардағы шараятларды жаңа Өзбекстан армиясының бүгинги заманагөй келбети менен салыстырыў имканиятына ийе болады және бул өзгерислер ҳәм имканиятлар ҳаққында өзлериниң еске түсириўлери ҳәм жуўмақлары менен ортақласады. Процессте әскерлердиң заманагөй қурал-жарақ ҳәм техникалар менен тәмийинленгени, әскерлердиң профессионаллық таярлығы ҳәм интеллектуаллық потенциалын тиккелей бақлайды.

Бул арқалы ғәрезсизлик жылларында Қураллы Күшлеримиздиң қәлиплесиў жолы, материаллық-техникалық базаның түп-тийкарынан жаңаланғаны ҳәм әскерий хызметкерлер ушын жаратылған жоқары социаллық қорғаў системасы анық ҳәм турмыслық мысаллар жәрдеминде кең жәмийетшиликке жеткериледи. Бундай илажлар әскерий хызметти жабық система сыпатында емес, ал ашық ҳәм исенимли социаллық институт сыпатында көрсетиў, жәмийетте миллий армиямыз ҳаққында қалыс ҳәм унамлы түсиник қәлиплестириўге хызмет етпекте.

Миллий қәўипсизликтиң стратегиялық кепиллиги

Армия системасындағы реформалар тек әскерий шеңбер менен шекленип қалмайды. Техникум ҳәм колледж студентлери, мектеп оқыўшылары менен турақлы өткерилип атырған "Командир ҳәм жаслар", "Ашық есиклер күнлери", "Чемпион ҳәм жаслар" сыяқлы жанлы сөйлесиўлер пүткил жәмийетте саламат ўатансүйиўшилик орталығын қәлиплестирмекте. Жаслар әскерий бөлимлерге келип, заман менен тең қәдем таслап атырған армияны өз көзи менен көрмекте. Бул болса оларда әскерий хызметке болған жоқары ҳүрмет ҳәм қатаң қызығыўшылық оятпақта.

Биз көбинесе "жаслар - келешегимиз", деймиз. Бирақ бүгинги жедел Өзбекстанда жаслар тек ғана келешек емес, ал бүгинимиз ҳәм турмысымыздың тийкарғы күш-қуўаты, ҳәрекетлендириўши моторы болып есапланады. Мәмлекеттиң ертеңги келбети әйне бүгин тәрбияланып атырған, армия қатарларында шынығып атырған мәрт ҳәм пидайы жаслар арқалы қәлиплеседи.

Жаслар менен ислесиў мәселеси бүгин тек педагогикалық ямаса тәрбиялық емес, ал стратегиялық ҳәм миллий қәўипсизлик дәрежесиндеги ең әҳмийетли ўазыйпа. Күшли ҳәм жеңилмес мәмлекетти тек ғана мәнаўияты жоқары, билимли, заманагөй кәсип-өнерли ҳәм ең әҳмийетлиси, өз Ўатанын жанынан артық сүйетуғын жаслар менен қурыў мүмкин.

Қорғаныў министрлиги әскерлеринде өткерилип атырған "Жаслар күни" илажлары, жаратылып атырған системалы жеңилликлер ҳәм ашықтан-ашық сөйлесиўлер жаслар арасында миллий армиямыздың абырайын және де жоқары шыңға алып шықпақта. Бүгинги өзбек әскери тек ғана қолында қурал услап шегараны қорғап атырған, мәмлекеттиң тынышлығын сақлап атырған жаўынгер емес, ал ертеңги күнниң шебер қәнигеси, жоқары әдеп-икрамлы пуқара ҳәм өз шаңарағының беккем таянышы болып есапланады.

Армия қатарларында қәлиплесип атырған бул нәўқыран ҳәм интеллектуаллық әўлад жаңа Өзбекстанның уллы келешегин қурыўда бәрқулла алдынғы қатарларда болатуғынына исенемиз. Себеби Ўатан тәғдирине бийпәрўа болмаған, оның ҳәр бир қарыс жерин көзине сүрткен ҳәм келешекке жоқары мақсетлер менен қарап атырған жаслар бар жерде мәмлекет бәрқулла қүдиретли, миллет болса жеңилмес болады.

Олимжон ЎСАРОВ,

қорғаныў министриниң ўатансүйиўшилик үгит-нәсияты,

руўхый-ағартыўшылық жумыслар ҳәм жаслар мәселелери

бойынша мәсләҳәтшиси