Мәмлекетимиз басшысы Шолпаната қаласында Қырғызстан делегациясы менен тар шеңберде ҳәм рәсмий делегациялардың қатнасыўында сөйлесиў өткерди. Кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, саўда, санаат кооперациясы, транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты, суў-энергетика ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Саммиттиң ең әҳмийетли нәтийжеси еки тәреплеме бирге ислесиўдиң жоқары дәрежеге шыққанынан дәрек беретуғын Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылыўы болды. Мәмлекетлераралық кеңести шөлкемлестириўге келисип алынды.

Сондай-ақ, мәмлекетлик шегара, социаллық қорғаў ҳәм пенсия тәмийнаты, жоқары билимлендириў, пуқаралардың өз-ара қатнаўлары, мәденият, туризм ҳәм агросанаат тараўлары бойынша салмақлы ҳүжжетлер алмасылды.

Өз-ара товар алмасыў көлемин 3 миллиард долларға жеткериў, санаат кооперациясы бойынша жаңа жойбарларды әмелге асырыў, "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолы бойында инфраструктураны раўажландырыў ҳәм Қамбарата ГЭС-1 қурылысы жойбарын жеделлестириў бойынша анық илажлар белгилеп алынды.

Сапар шеңберинде Президент Шавкат Мирзиёевқа Қырғызстан Республикасының жоқары мәмлекетлик сыйлығы - I дәрежели "Манас" орденин тапсырыў мәресими болды.

Мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан жетекшилериниң рәсмий емес ушырасыўында да қатнасты. Өзбекстан Президенти регионаллық бирге ислесиўдиң институционаллық тийкарларын беккемлеў, саўда ҳәм транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты раўажландырыў, санлы хызметлер, билимлендириў, илим ҳәм инновациялар, климат қәўиплерине қарсы биргеликте гүресиў ҳәм гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиўди нәзерде тутатуғын тийкарғы бағдарлар бойынша көзқарасын билдирди.

Сапардың бағдарламасы шеңберинде жетекшилер Қырғызстанда биринши халықаралық гольф клубы, бес жулдызлы "Баку" мийманханасының ашылыўы ҳәм Ыссықкөлде суў-мотор спорты бойынша чемпионаттың ашылыўында қатнасты.

Илажлар жуўмағында мәмлекетимиз басшысы өмирлик жолдасы менен Ташкентке жөнеп кетти.