Жойбардың улыўма баҳасы 300 миллион доллар болып, еки басқышта әмелге асырылады, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Биринши басқышта 45 миллион доллар инвестиция есабынан Жаңа Әндижанда халық ҳәм туристлер ушын заманагөй бағ, халықаралық талапларға жуўап беретуғын аквапарк қурылады.

Объектлерди 2028-жыл 21-март - Наўрыз байрамында пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Олардың иске қосылыўы Әндижан ўәлаятының туризм потенциалын арттырыў, ишки ҳәм сырт ел туристлериниң ағымын көбейтиў, халық ушын жаңа дем алыў орынларын жаратыў ҳәм хызметлер тараўын раўажландырыўға хызмет етеди.

Екинши басқышта улыўма майданы 750 мың квадрат метр болған ири заманагөй турақ жай комплексин қурыў, онда заманагөй қала қурылысы принциплерине, қолайлық, қәўипсизлик ҳәм сапалы жасаў орталығына айрықша итибар қаратыў, халықтың күнделикли турмысы ушын зәрүр инфраструктураны жайластырыў режелестирилген.

Бул басқыш Жаңа Әндижанды заманагөй, қолайлы ҳәм тартымлы қала аймағына айландырыў, ўәлаяттың инвестициялық тартымлылығын арттырыў, қурылыс ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.