Кәрханаларда өндирис процесинде пайда болып атырған шығындылардың көлеми үлкен. Олардың арасында қайта ислеў мүмкин болған материаллар менен бирге инсан саламатлығы ҳәм тәбият ушын қәўипли елементлер де бар. Оларды жыллар даўамында сақлаў машқаланы шешпейди. Қәўипли бөлимин зыянсызландырыў, пайдалы қурамын ажыратып алыў ҳәм экономикалық айланысқа қайтарыў зәрүр.
Мәмлекетимиз басшысының "Қәўипли шығындыларды басқарыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары тараўда топланып қалған мәселелерди системалы шешиўге қаратылғаны менен әҳмийетли. Ҳүжжетте қәўипли шығындыларды қайта ислеў дәрежесин арттырыў, олардың нызамсыз айланысына жол қоймаў, мәмлекетлик қадағалаўды күшейтиў, заманагөй технологияларды енгизиў бойынша анық ўазыйпалар белгиленген.
Мәселениң мәниси тек ғана шығындыларды зыянсызландырыў менен шекленбейди. Өндиристен қалған ҳәр бир ресурстың кейинги тәғдирин белгилеў, оннан инсан ҳәм тәбиятқа зыян жеткермеген ҳалда пайда алыў имканиятын излеў әҳмийетли. Қәўипсизлик ҳәм экономикалық нәтийжени бир ноқатта үйлестириў тараў алдындағы тийкарғы ўазыйпалардан бирине айланбақта.
Ҳүжжетте таў-кән металлургиясы, химия санааты, нефть-газ ҳәм энергетика сыяқлы тараўларда пайда болып атырған қәўипли, соның ишинде, радиоактив шығындыларды қайта ислеў дәрежесин 20 процентке жеткериў, олар үстинен мәмлекетлик қадағалаўды тәмийинлеў ҳәм нызамсыз айланысының алдын алыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленген.
Кәрханадан шыққан қәўипли шығындыны "алып кеттик, қайта иследик" деген бир ғана гәп пенен ис питпейди. Оның қай жерде пайда болғаны, қурамында не бар екенлиги, қайсы заттың қаншелли қәўипли екенлиги анықланбаса, кейинги қәдемди белгилеп болмайды. Шығындыны сортлаў, арнаўлы транспортта тасыў, қәўипсиз сақлаў, зыянсызландырыў ҳәм қайта ислеў - бир-бирине байланысқан бирден-бир шынжыр. Усы шынжырдың бир буўыны ислемесе, машқала және басқа жерде пайда болады.
Буның және бир әпиўайы себеби бар: шығынды жоғалып кетпейди. Бүгин кәрхана аймағының бир шетинде үйилип атырған шығынды ертең жер мәселесине, экологиялық қәўипсизликке, кейин болса және қосымша қәрежетке айланыўы мүмкин. Усы мәнисте жыллар даўамында жыйналған қәўипли шығындыларға енди тек ғана "ески қалдық" деп қараўдың өзи жетерли емес.
- Қәўипли шығындылар көп жыллардан берли қараўсыз ҳалда жер майданларын ийелеп жатырған еди. Қарарда усы шығындыларды алып, дурыс пайдаланған ҳалда экономикаға киргизиў бойынша анық тапсырмалар белгилеп берилди. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет - келешек әўладқа ҳәм халыққа таза экология қалдырыў, - дейди Шығындыларды басқарыў ҳәм айланбалы экономиканы раўажландырыў агентлигиниң директоры Шарифбек Ҳасанов.
Санаатта да нәтийжелилик тек көбирек өним ислеп шығарыў менен өлшенбейди. Шийки заттың қанша бөлеги өнимге айланды, қанша бөлеги шығынды болды, шығындының қанша бөлегин қайта экономикалық айланысқа киргизиў мүмкин - бул сораўлар да кәрхана жумысының нәтийжелилигине тийисли. Қәўипли шығындыларды басқарыў системасындағы жаңа қатнастың экономикалық әҳмийетин де усы көзқарастан баҳалаў керек. Егер шығындының қәўипли бөлеги ажыратып алынып, қалған материалдан қайта пайдаланыў имканияты болса, қәрежеттиң бир бөлеги экономикалық қунға айланыўы мүмкин. Мәселен, қәўипли санаат шығындыларды қайта ислеў процесинде зәҳәрли затлар химиялық усылда ажыратып алынып, қалган топырақ ҳәм басқа материаллар қайта ислениўи мүмкин. Олардан екилемши қурылыс материалларын алыў имканияты пайда болады. Бул көзқараста шығындыға өндирис процесиниң ақырында таслап қойылатуғын қалдық емес, ал кейинги өндирис ушын шийки затқа айланыўы мүмкин болған ресурс сыпатында қаралады.
Радиоактив шығындылар бүгин көплеген мәмлекетлер ушын аңсат шешилетуғын мәселе емес. Атом энергетикасы, уран қазып алыў, медицина ҳәм илимий изертлеўлер раўажланған сайын бундай шығындыларды қәўипсиз басқарыўға талап та артып бармақта. Сол себепли мәмлекетлер радиоактив шығындыларды тек ғана сақлап қалыў емес, ал оның пүткил турмыс циклин қадағалаўға қаратылған ҳәр қыйлы шешимлерди ислеп шықпақта.
Айырым мәмлекетлерде қайта ислеў технологиялары раўажланып, радиоактив материаллардың қайта пайдаланыў мүмкин болған бөлеклери ажыратып алынбақта. Айырым орынларда болса шығындының пайда болыўынан баслап, оны сақлаў ямаса жуўмақлаўшы орналастырыўға шекемги ҳәр бир басқыш санлы системалар арқалы бақлап барылады.
Қарарға тийкарланып, Өзбекстанда да радиоактив шығындылар менен ислесиў системасын усы талаплар тийкарында жетилистириўге қаратылған ўазыйпалар белгиленген. Илимлер академиясының Ядро физикасы институты жанындағы Республикалық радиоактив шығындыларды сақлаў орайының Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлиги системасына өткерилиўи, қәўипли шығындыларды басқарыў ҳәм оларды қайта ислеў дирекциясының шөлкемлестирилиўи тараўда илимий ҳәм әмелий қатнасты күшейтиў ушын тийкар жаратады. Енди радиоактив шығындыларды сақлаў менен бир қатарда оларды үйрениў, сайлап алыў, қайта ислеў ҳәм қәўипсиз утилизациялаў имканиятларын кеңейтиў мәселеси де күн тәртибине шықпақта.
- Бүгинги күнге шекем радиоактив шығындылар бойынша илимий жумыслар дерлик исленбеген. Буған тийкарғы себеп илимпазларды материаллық хошаметлеў болмағанлығында. Енди қарар нәтийжесинде келешекте радиоактив шығындылар бойынша илимий изертлеўлер өткеремиз ҳәм бул процесске илимпазлар ҳәм жасларды тартамыз. Бул экономикамыздың раўажланыўы ушын үлкен түртки болады. Себеби, бул - жаңа тараў. Жумысты жолға қойып алсақ, келешекте радиоактив шығындыларды қайта ислеў, сайлап алыў, утилизациялаў бойынша машқала болмайды, - дейди Республикалық радиоактив шығындыларды сақлаў орайының директоры Азизбек Балтабаев.
Радиоактив материалларды саралаў, қайта ислеў ҳәм зыянсызландырыў технологиялары таяр ҳалда келе бермейди. Олардың бир бөлеги жергиликли шараятқа бейимлестирилиўи, айырымлары болса өзимизде ислеп шығарылыўы керек. Бул болса илимий изертлеўлер, жаңа қәнигелер ҳәм жаслардың бул тараўға кирип келиўин талап етеди.
- Илимпаз сыпатында бул қарар мени мақтанышқа бөледи. Халықаралық илажларға тәжирийбе алмасыўға барғанымызда биз раўажланған мәмлекетлерде радиоактив шығындыларды қайта ислеў, сайлап алыў, утилизациялаў кеңнен әмелге енгизилгенин көретуғын едик. Бизде де бул процесс жолға қойылыўын әрман еткен едик. Қарарды оқып, жүдә қуўандық. Себеби, арзыў-нийетлеримиз әмелге асатуғын болды. Себеби, бул қарарда бизде де радиоактив шығындыларды сайлап алыў, утилизациялаў жолға қойылады, - дейди Азизбек Балтабаев.
Негизинде, бүгин дүньяда экологиялық қәўипсизлик пенен экономикалық мәпти бир-биринен ажыратып қараў барған сайын қыйынласып бармақта. Себеби шығындыны қадағалаўсыз қалдырыўдың өзи де экономикалық зыян. Жер майданынан нәтийжесиз пайдаланыў, оны сақлаў, мониторинг етиў, кейин ала зыянлы тәсирлерди сапластырыў ушын жумсалатуғын қаржы - булардың ҳәммеси есапқа алыныўы керек. Соның ушын шығындыны қайта ислеўге жумсалған қаржыны тек ғана бүгинги қәрежет сыпатында баҳалаў бир тәреплеме қатнас болады.
Гейде экономикалық нәтийже ислеп табылған пулда емес, кейин сарпланыўы мүмкин болған қаржыны үнемлеўде көринеди. Гейде болса ол екилемши шийки зат, жана өним, жана технология яки жаңа жумыс орны көринисинде пайда болады. Қәўипли шығындыларды қайта ислеў тараўының раўажланыўы да мине усындай көп қырлы нәтийже бериўи мүмкин.
Бул процессте қадағалаў мәселеси де шетте қалмаўы керек. Қәўипли шығынды қай жерде пайда болды, қанша муғдарда пайда болды, қай жерге алып кетилди, ким қабыл етти, қандай усылда қайта исленди ямаса зыянсызландырылды - бул сораўлардың ҳәр бири анық жуўапқа ийе болыўы керек. Болмаса, ең заманагөй технология да толық нәтийже бермейди.
Сонлықтан, 2027-жыл 1-январьға шекем қәўипли шығындылардың санлы паспорты ҳәм биринши-үшинши қәўиплилик классына тийисли шығындылардың ҳәр бир тоннасы пайда болған объекттен баслап утилизация етилетуғын орынға шекем реал ўақыт режиминде мониторинг етиў имканиятын беретуғын мәлимлеме системасын ислеп шығыў белгиленген. Әпиўайы етип айтқанда, қәўипли шығындының "қайдан шыққаны ҳәм қай жерге кеткени" белгисиз болып қалмаўы керек.
2026-жыл 1-октябрьден қәўипли шығындыларды пайда етиўши шөлкемлердиң статистикалық есабатларын жыл жуўмағы бойынша қәлиплестирип барыўы ҳәм оларда нәзерде тутылған көрсеткишлердиң орынланыўы үстинен қадағалаў Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң мәмлекетлик экологиялық қадағалаў инспекциясы - "эко-полиция" тәрепинен әмелге асырылады.
Әлбетте, санаат шығындысы менен турмыслық темир-терсекти бир қатарға қойып болмайды. Әсиресе, қәўипли ҳәм радиоактив шығындыларда ҳәр бир қәдем есап-санақ, технология ҳәм қатаң қадағалаўды талап етеди. Оны бир орыннан екинши орынға көшириў машқаланы шешпейди. Шығынды қай жерде пайда болғанынан баслап, қалай сақланғаны ҳәм ақырында қалай зыянсызландырылғанына шекемги процесс қадағалаўда турыўы керек.
Соның менен бирге, шығындыға тек ғана қәўип дәреги сыпатында қараў да мәселениң бир тәрепин көриў болып есапланады. Оның қурамында қайта ислеў арқалы экономикалық айланысқа қайтарыў мүмкин болған материаллар болыўы мүмкин. Оның ушын болса илим, заманагөй технология, ең әҳмийетлиси, өндирис мәденияты өзгериўи керек.
Қабыл етилген қарардың әҳмийети де әне усы жерде көринеди. Қәўипли шығындыларды есапқа алыў, олардың ҳәрекетин бақлаў, радиоактив шығындылар менен ислесиў бойынша илимий потенциалды күшейтиў, қайта ислеў ҳәм утилизация системасын раўажландырыўға қаратылған ўазыйпалар бир-биринен өз алдына илажлар емес. Олар қәўипли шығындылар менен ислесиўдиң бирден-бир системасын қәлиплестириўге хызмет етеди.
Бул система дурыс ислесе, нәтийже тек ғана таза аймақ ямаса азайған шығынды менен өлшенбейди. Азырақ шийки зат ысырап болады, екилемши ресурс пайда болады, кәрхананың кейинги экологиялық қәрежетлери қысқарады, жаңа технология ҳәм қәнигелерге зәрүрлик туўылады. Яғный экологиялық ўазыйпа экономикалық процестиң өзине кирип барады.
Тәбиятқа жеткерилген зыянды кейин сапластырыўдан гөре, алдын алыў арзан ҳәм ақылға уғрас қарар. Шығындыны көзден узақластырыў менен машқала жоқ болмайды. Оны қадағалаў, қәўипсиз басқарыў ҳәм имканияты болған жерде баҳасын тиклеў тәбиятқа да, экономикаға да хызмет етеди.
Соның ушын, бүгин шығындыны азайтыў менен шекленип қалыўға болмайды. Гәп оған мүнәсибетти өзгертиўде. Кеше шығынды деп шетке шығарылған нәрсеге бүгин ресурс сыпатында қараў, қәўипли бөлегин болса жуўапкершилик пенен басқарыў керек. Мине усы көзқарас қарарда белгиленген ўазыйпаларды әмелиятқа айландырса, экологиялық қәўипсизлик экономикалық нәтийжениң бәсекишиси емес, оның жаңа таянышына айланады.
Сардар ТОЛЛИБОЕВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы