Президенттиң 2025-жыл 24-декабрьдеги "2026-жылы рәсмий сәнелерди
белгилеў дәўиринде қосымша исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс
күнлерин көшириў ҳаққында"ғы пәрманына муўапық, 2026-жылы қосымша дем алыс
күнлери белгиленди.
Ҳүжжетке муўапық, 31-август, дүйшемби күни барлық хызметкерлер ушын -
жумыс ҳәптесиниң белгиленген даўамлылығына қарамастан, қосымша дем алыс күни
деп жәрияланды.
Сондай-ақ,
1-сентябрь - Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлиги күни байрам ҳәм дем алыс күни
есапланады.
Солай етип, дем
алыстың даўамлылығы жумыс кестесине байланыслы болады:
Бес күнлик жумыс
ҳәптесинде избе-из төрт күн - 29-август (шемби) - 1-сентябрь (сийшемби) дем
алыс күни болады;
алты күнлик жумыс
ҳәптесинде дем алыс күнлери үш күн - 30-август (екшемби) ден 1-сентябрь
(сийшемби) ге шекем даўам етеди.
2-сентябрь,
сәршемби күнинен баслап барлық хызметкерлер ушын әдеттеги жумыс ҳәптеси
басланады.